ᗷᑌᒪᗷᑌᒪᘔIᗷᗩᑎ ᗪᗩᗯITᗷᗩY KᗩIYᑭOᐯ
241 subscribers
399 photos
129 videos
7 files
68 links
🔎Новости
📽Видео
🖼Фото
💡Фонда
Download Telegram
Дауытбай кайыпов фонд жамати жанажыл семкасында.
🔊 Дыққат, дағаза!!!

Ҳүрметли қарақалпақ қосықшылық өнериниӊ сөнбес жулдызы, әпсанаўий Даўытбай Қайыповтыӊ ықласбентлери!

Д.Қайыпов атындағы жәмийетлик фонд тәрепинен Д.Қайыповқа арналған еслеў китабын шығарыўды режелестирмекте. Яғный, бул китапта Д.Қайыпов ҳаққында усы күнге шекемги баспасөз бетлеринде жәрияланған мақалалар, қосықлар, сондай-ақ, халқымыз арасынан қосық ҳәм мақалаларды жыйнап бир китап ҳалына жәмлестириў нийетиндемиз.

Сонлықтан да, Д.Қайыповқа арнаў қосықлар ҳәм мақалаларды жыйнаў мақсетинде бәршени усы ийгиликли басламамызға белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.

Д.Қайыповқа арнаў қосық ҳәм материалларыӊызды +99891-393-51-91 телеграм номерине жибериўиӊизди соранамыз.

Д.Кайыпов атындағы жәмийетлик фонды.


👉 https://t.me/baxadirkaiypov