ᗷᑌᒪᗷᑌᒪᘔIᗷᗩᑎ ᗪᗩᗯITᗷᗩY KᗩIYᑭOᐯ
240 subscribers
399 photos
129 videos
7 files
68 links
🔎Новости
📽Видео
🖼Фото
💡Фонда
Download Telegram
Forwarded from Жолмырза Хожамуратов
САЙРАЎДЫ САҒЫНДЫРҒАН БҮЛБИЛ
Д.ҚАЙЫПОВ (1947-1973)

Даўытбай Қайыпов дегенде көз алдымызға Қарақалпақтың мақтанышы, қосықшылық әлеминиң бүлбили, сыртқы пишими менен ишки дүньясы бирдей гөззал, 26 жыл өмир көрсе де халқы тән алған азамат жигит келеди. Оның бул дүньяны тәрк еткенине өткен жылы 50 жыл толды. Бул аз жыл емес. Бирақ, сол жыллар Даўытбай Қайыповты халықтан ҳасла узақластыра алмады. Халықы сүйген Даўытбайдың жаңға жағымлы ҳаўазы күн сайын қәдир-қымбатын асырып баратыр.
Буның себеби оның өзгеше таланты менен улы Баҳадырдың тынымсыз мийнетлери екенин усы мақаланы оқыў барысында билип аласыз.
Ҳүрметли китап оқыўшылары қәнекей, биргеликте усы уллы тулғаның басып өткен жолларына бир саяхат етиўди баслайық.
Д.Қайыпов ҳаққында кеңирек билиў ушын дәслепки нәзеримиз Шымбайдың Тазқара аўылына қаратылады.
Өтеўли бақсы өз дәўириниң ҳүрметке ылайық инсанларының бири еди. Ажар апа менен еки ул еки қызды тәрбиялап атырған, кеўиллери бай инсанларға аўылы ҳәўеслене қарасар еди. Себеби, үлкен улы Жиеналы да әке жолын қуўып, дуўтарды қолына алды. Қызлары Қызларгүл менен Әмийна шебер тигиўшилер болды.
Тиллерде дәстан болған қарақалпақ бүлбили Даўытбай Қайыпов 1947-жылы 11-сентябрь күни усы шаңарақта туўылады.
Әкесинен талант, бет-әлбеттиң усаслығы өткен болса, анасынан сабырлылық, салдаманлық, тазалық сыяқлы қәсийетлерди бойында жәмлеген Даўытбай кишкенелигинен-ақ басқалардан өзгешеленип туратуғын еди.
Қаннан өткен шығар, нама таныўы оны кем-кем қосықшылықтың әлўан түрли жолларына қарай бағдарланып баратырғаны өзине де жақты. Қосықшылықтың сыйқырлы әлеми оны жетеклеўи менен халықтың арасына жақынлата берди. Әкеси қайтыс болғаннан кейин шаңарағы менен Нөкиске көшип келеди.
Усы жерде билим алып өзи таңлаған жолларға қарай қәдем таслады. Ол 1965-жылы мектепти питкерип, Нөкис музыка, хореграфия оқыў дәргайына кирип, 1969-жылы питкереди. Аз ғана өмири даўамында Украина, Туркменстан, Тәжикстан Республикаларында өткерилген Қарақалпақстан көркем-өнер ҳәм мәденияты күнлерине қатнасады.
Қарақалпақ намаларының ырғақларына түсип, қосықты жан дүньясы менен тыңлаўшыға минсиз жеткериў ҳәммениң де қолынан келе бермейди.
Бет-пишими минсиз, хошрей, көрген көзге сүйкимли, сахнаны жарқыратып туратуғын жас жигит Даўытбай шыққанында, пүткил халық оны бирден қуўанысып қарсы алды. Ҳақыйқый талантты жасырып болмас екен. Жан дүньяңды сыйқырлайтуғын бундай таза даўысты еситкен сайын еситип, “Мен мындаман”–деп турғандай еди. Ол белгили композиторлардың көзине түсип, тез арада халыққа танылды. Сол жыллары Радиокомиттиң жанынан қосықшылар топары дүзиледи. Қ.Турдықуловтың басшылығындағы усы топарға талантлы он жети қосықшы жыйналады. Олардың ишинде Д.Қайыпов та бар еди. Сол дәўирдиң талантлы композиторы Ә.Султановтың да нәзерине усы жигит дәрҳәл илинеди. Себеби, композитор Әжинияз шайырдың қосықларына жан бағышлап, оны талантлы қосықшылардың репертуарына киргизиў үстинде изленисте еди. Даўытбайға арнап “Бир жәнан”, “Бармекен”, “Сәўдигим”, “Көзлериң” қосықларына нама жазып береди. Шайырдың қосық қатарларына композитордың жазған намасына ол ҳаўазы арқалы жан ендиреди. Халық Даўытбайды тыңлаған сайын тыңлағысы келетуғын дәрежеге жетеди.
Елди дүньяға танытатуғын қосықшылар, спортшылар. Олар арқалы халқыңның мәртлиги, қандай ел екени, мәденияты, әдебияты, бәри-бәри көринип турады. Даўытбай да қарақалпақ халқының мәдениятын қысқа өмири ишинде үлкен шоққыларға жеткере алды. Ол 1965-жылы жас композитор Марқабай Жиемуратов пенен танысады. Ширели даўысын еситип, композитор оған арнап “Сағыныш”, “Жаман баласаң”, “Алтын көл” қосықларына нама жазып береди. Оның бағдарлаўы менен 1969-жылы Ташкентке барып, консерваторияға ҳеш қандай имтихансыз оқыўға түседи. Сол ўақыттағы Өзбекстанның эстрада қосықшылары Саодат Қабулова, Максим Хошимовлар Даўытбайдың ҳаўазын еситип, тән береди. “Қарақалпақ елинде үлкен талант жетилисипти”–деп дәрҳал оқыўға қабыл етеди.
Студентлик дәўриниң 2 жылында (1971-73) әскерликке кетеди.
Forwarded from Жолмырза Хожамуратов
–“Мениң ҳайран қалатуғыным әкеме 1970-жылы Германияда ислеп шығарылған пианино саўға етиледи. Бул сол дәўирлери бир автомобильдиң пулы менен тең еди. Оның қосығының шайдасына айналған фонаты берген болса керек. Ким екенин билмеймиз. Ол қайтыс болған соң Марқабай Жиемуратов Баҳадыр үлкейгенше менде турсын–деп, үйине алып кетеди. Соның менен әкемнен қалған бул саўға Марқабай ағада қалды. Оннан тек ҳәзир дуўтар ғана мийрас болып қалған. Әкем ҳәттеки өзиниң турақлы жасайтуғын үйине де ийе болмаған. Сол ушын әкемнен мынандай затлар қалды деп көргизбеге қоятуғын басқа затлары жоқ”–деген еди оның баласы Баҳадыр менен сәўбетлескенимизде.
Даўытбай Қайыпов 1973-жыл 5-ноябрь күни ойламағанда 26 жасында бул дүньяны тәрк етти. Пүткил халық қыйналды оны таныған, танымаған бәри зар жыласып жүрип соңғы сапарға атландырды.
–Көз тийген, байғусқа. Ҳеш бир жеринде мин жоқ еди.
–Ҳаўазын айтпайсаң ба?
–Күшли талантқа душпан көп болады.
–Ўаҳ–ай, елге усындай уллы талантлылар керек еди.
–Жарқ етип, ерте сөнди.
–Енди қашан Даўытбайлар туўылады?– деген дебдиўлерди өз халқына салып кете берди...
–Өзи берди, өзи алды. Перзентим халықтың баласы болды–деп бул үлкен жоғалтыўға өзине–өзи басыў айтқан Ажар аналар барлығын Қумар аналықтың тымсалын көргендей боласаң.
Д.Қайыпов тек еки-үш жылда елиўге жақын қосықларын магнит ленталарына түсирген. Сол дәўирдеги радиокомитет жанындағы фонотиканың өртенгени ушын ҳәзир қырықлаған қосықлары ғана “Алтын фонд” та қәдирленип, сақланбақта.
Өз дәўиринде халықтың жүрегине орналасқан қосықшының еле халыққа берери көп еди. Жоқарыда айтып өтилгениндей Д.Қайыповтың екинши өмириниң мәңгилесиўинде әлбетте, оның улы Баҳадыр Қайыповтың үлкен орны бар.
Әкеси қайтыс болғанда Баҳадыр еле 3 жаста, қызы Гүлайым кишкене еди. Перзентлерин қәйтип еркелеткенлерин, шаңарағына жүдә қайырқом әке екенин олар еслей алмайды. Анасы Әмийна Есениязова, және кемпир апасы Ажар арқалы әкесиниң жарқын келбети, оның жүрис-турысы бәри-бәри олардың қәлбинде жетилисип бара берди.
–“Гейде анам әкеңе усамайсаң. Ол дым аз сөйлейтуғын еди–дейди. Қәдирданым ҳеш қашан мәсликке берилмеген, зәҳәрлерден (арақ, шегиў) алыс жүрген. Бир жерге қонаққа барса да көпшик дастанып отыра бермейтуғын болған. Қулласы, ҳеш кимге ҳазары жоқ, минсиз инсан болған. Есим ениўден сол инсанның ислей алмаған ислерин даўам еттириўди ойлар едим. Әкемниң дуўтарын алып, шертип, оның қосықларын айта басладым. Негизги мақсетим оның атын мәңгилестириў болды”.
Баҳадыр 2006-жылы Даўытбай Қайыпов атындағы жәмийетлик фондын ашты. Ол 18 жылдан бери усы фонды басқарып, көплеген ислерди иследи. Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин қоллап-қуўатлаў қорының есабынан 4 мәрте грант жеңимпазы болды. Сол демеў тийкарында “Бүлбил зибан” таңлаўын шөлкемлестирди. Нөкис қаласындағы 50 ден артық мектеплердеги 14-18 жаслар әтирапындағы оқыўшылар қамтылып алынып, онлайн, офлайн бағдарында қосықшылар таңлаўын шөлкемлестирди. Грант тийкарында фондтың жумысларын раўажландырды. Фондтың алға қойған мақсети: халқымыздың бай мәдениятын қайта тиклеў, миллетлер аралық дослық байланысларын беккемлеў, қосықшылықты раўажландырыў, Даўытбай Қайыпов атқарған қосықларды кең жәмийетшиликке танытыў, жасларды Ўатанға садық перзентлер етип тәрбиялаўға үлес қосыў. Д.Қайыпов арқалы көплеген композитор менен шайырларды халық таныды. Белгили композиторлар оған арнап бир қанша намалар жазды. Ҳәр 2 жылдан “Бүлбил зибан”ы конкурс өткерилип келинбекте. Олардың онлаған жеңимпазлары бүгинги күни өз жолларын тапқан инсанлар.
–“Быйылда конкурс өткериў туўралы еле ойласық болып атыр. Мениң пикиримше конкурс өткериўди кейинге қалдырып, үлкен нота китабын шығарсақ–деймен. Республикамызда 27 музыка мектеплери бар. Енди өсип киятырған жас әўладларға қосықты дурыс, қәтесиз атқарыўы, жақсы өзлестириўи ушын оларға нота зәрүр. Бундай китаплардың саны аз. Сонлықтан, усы ойымды әмелге асырсам–деймен”–деген еди Баҳадыр Қайыпов.
Forwarded from Жолмырза Хожамуратов
Халықтың арасында жүдә сийрек ушырасатуғын бүлбил зибан, хош ҳаўаз ийеси, дүньяға бир келген. Даўытбай Қайыповты халқы ҳеш қашан умытпайды. Оның қүдиретке, үлкен сырға ийе, шадлық пенен дәртти өзинде жәмлеген миллий колоритке бай ҳаўазы жаңлағанда ҳеш ким кесент етпесе екен деп тыңлап отырасаң. Ол дүньядан өткен соң республикалық Жаслар шөлкеми лауреаты берилген. Бирақ, ол мәмлекетлик атақларды алыўға үлгермеди. Қәне, еле де оған мәмлекетлик сыйлық берилсе, көплик етпеген болар еди.
Өзи арамызда болғанда быйыл 77 жасын қарсы алып, 7 ақлық, 2 шаўлықтың қәдирдан атасы болып, миллий қосықшылығымыздың даңқын еле де көклерге жеткерген болар еди. Оған еки перзентти инам етип, өзинен соң оларды жақсы тәрбиялап, оқытқан, азы-кем қослас болса да қасында жүрип, оның меҳрин көрген өмирлик жолдасы Әмийна Есниязова 18 жыл телевидениеде, 18 жыл радиода диктор болды. Бүгинги күни ҳүрметли дем алыста.
Баҳадырдай улы арқалы екинши өмири даўам етип атырған Даўытбай Қайыпов ҳаққында айтылатуғын сулыў сөзлеримиз жүдә көп. Халықтың алғысына бөленип жасаўдың өзи де үлкен бахыт.
Алақанына салып, бахыт әткөншегинде тербеткен Ўатан оны еле де әсирлер даўамында қәдирлеп, әўладтан әўладқа жеткере беретуғынына исенемиз.
Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.
Forwarded from Jaslar Tv
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Siz súygen qosıqlar tárıyxı"
Dawıtbay Qayıpovtıń "Jánanım" qosıǵı haqqında.
https://t.me/Jaslar_Tv_efirleri
Forwarded from AXA_COM_NUKUS ИНША АЛЛАҺ бари жаксы болады сабырлы болыу керек
Халқымыздың сүйикли перзенти, қысқа өмириниң ишинде "Бүлбүл зибанлы қосықшы" атына миясар болған Даўытбай Қайыповтың атқарыўындағы қосықларды тыңлағаннан кейин  түрли  қыялларға берилиў тәбийий)


Даўытбайды тыңлағанда....

Өлгениң жоқ, өзиң еле тирисең,
Солғаның жоқ, мәденияттың  гүлисең,
Ҳаўазың өшпейди мәңгиге жасар,
Себеби, халқымның сен бүлбүлисең.

Өзиңди көрмедим, даўсың еситтим.
Хош ҳаўазың  менен хызметлер еттиң.
Мәңгиге сақланар  бүлбүлзибанлы
Жүреклерге уялаған ис еттиң,

Буншелли жағымлы ҳаўаз  қайлардан,
Келген екен, саҳрадан ба, сайлардан,
Еситкенде қосықларың жайласып,
Орын алған кеўил атлы жайлардан.

Аға, руўҳыныз шад  бола  берсин,
Косығың урпаққа яд бола берсин,
Шәкирт болып, даўам етип жолыңды,
Әўладларыңнан да ат қала берсин.

Ахмет Жугинисов