"Ел хызметинде" газетасы
6.3K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
       Жүдә дурыс айтқан, мен бул медицина тараўындағы айырым шыпакерлердиң, наўқастың өлимин жасырыў ушын прокурор емлеўханаға  келемен дегенге шекем кеселлик тарийхларын бир неше мәрте өзгертиў имкани бар, себеби ол кеселлик тарийх бланкасы ҳеш жерден дизимнен өтпейди, ҳәр бир емлеўханада кеселлик тарийх бланкалары толып жатыр. Сол ушын кеселлик тарийхларының ҳәр бир бетин номерлеп, мәкеме мөри басылыўын дерлик үш жылдан берли усыныс етип келмектемен. Бирақ бул усыныс ден саўлықты сақлаў министрлигине жақпай келмекте, себебин өзлериңиз түсинип алабериң.
       Соныда билдирип өтемен ҳәзирги ўақытта тек Республикалық аймақлық перинатал орайында (туўыў үйинде) кеселлик тарийхтың ҳәр бир бети номерленип, мәкеме мөри басылып тарқатылмақта.
       Жақын арада усы кеселлик тарийх бойынша фактлерди усынаман.
 
 Даулетмурат Тажимуратов
"Ел хызметинде" газетасы Бас редакторы
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Архив

Қарақалпақстан Республикасы Денсаулықты сақлау министрлиги менен болып өткен пресс конференциядан узинди.

👉👉👉 @el_xizmetinde
#Районда

Жақында интернет тармақларында Қоңырат районы исбилерменлериниң райондағы банк хызметкерлери устинен наразылық видеолары тарқалған еди. Арадан коп ýақыт өтпей исбилерменлер "Ел хызметинде" газетасы журналистлерине муражат жоллаған еди.
Газета журналистлери усы мәселе бойынша Қоңырат районында журналистлик тексериý алып барды.
Уйрениýлер нәтийжесинде исбилерменлердиң муражаты толық,жергиликли уйымлар тарепинен қайта көрип шығылып,өз орнында унамлы шешимин тапты.

Алдынғы видео муражат пенен толық танысыу ушын 👇

https://youtu.be/euS1TAkiTSQ

"Ел хызметинде" газетасы бас редакторы Д.Тажимуратов.

Журналист С.Зияев

👉👉👉 @el_xizmetinde
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бугин Қоңырат районында пухаралар муражатын кун дауамында уйренип шықтық.
Редакторымыз Даулетмурат аға қол телефонына зор кадр алыпты.

Султанбек Зияев 🤫

👉👉👉 @el_xizmetinde
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Тахыятас районына сентябрь айында барғанымызда ҳәким тәрепинен кем тәмийнленген шаңарақларға жер ажыратып бергенлигин көрдик, мине усы жер ушын қурал сайманнан баслап, жерди сүрип бериў, мала басыў, тухым, минерал төгин барлығын бюджет есабынан ислеп бергенлигине гуўа болған едик. Мине кешеғана усы жерди және барып көрип көзимиз қуўанды.
       Келешекте кем тәмийнленген шаңарақларда үлкен фермер болыўына тилеклеслик билдиремиз.

"Ел хызметинде" газетасы Бас редакторы Д.Тажимуратов

👉👉👉 @el_xizmetinde
Бул пукара Ел хызметинде газетасына муражат етпеди. Биз бир неше пукаралардын муражаты бойынша банк, нотариал, суд, хакимият х.т.б макемелерге бардык. Егер муражат етсе далиллесин. Бул пукаранын нийетин билмедик.
       “Ел хызметинде газетасы” бас редакторы Д.Тәжимуратов бүгин ең жоқары (максимал) балл менен адвокатлық имтиханнан өтти.
        Көпшиликтиң хабары бар газетамызға жазылыў бийпул, тарқатылыў бийпул, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары бойынша журналистлик сорастырыў, тексериў бийпул. Өзбекстан бойлап мүрәжатлар бойынша сапарлар редакция есабынан.
         Енди және бир хызмет адвокат сыпатында сапалы юридикалық хызмет көрсетиў кем тәмийнленген шаңарақларға бийпул болады (физикалық үлгериўлерди есапқа алған ҳалда).
 
  Газета журналисти С.Зияев

👉👉👉 @el_xizmetinde
 
Салем жигитлер. Даулетмуратты адвокатлык имтиханнан табыслы отиуи менен шын кеуилден кутлыклайман. Беккем ден саулык, таусылмас куш жигер тилеймен. "Ел хызметинде" газетасы Республикадагы ен абыройлы интернет газета болып кетиуине тилеклеслик билдиремен. Тексерилмеген фактлерден, шантаждан абайлы болын. Ярым тунде уйинизге "алты машын" барып турмасын. Хакыйкатлык коррупционерлерге, амелдарларга жакпайды, олар коп мактауларга уйренип калган. Заманнын озгерисин онша хош кормей атыр. Коп окын. Хазир АКШта жасап атырган Жахонгир Мухаммад корсетиулерин корип барыН. ол аксакал огада кушли журналист, илимпаз, ол кисиден коп нарсе уйрениуге болады. Елимизде Сизлердей март, хак жигитлер кобейе берсин.
"Талаплыға нур жаўар."

Ассалаўма әлийкум "Ел хызметинде" газетасы хызметкерлери. Бугин телеграмм каналыңыздағы жақсы хабарды оқып ҳақыйқатын айтсам жүда қатты қуўандым. Мен усы телеграмм каналының ықласбентимен. Күнине бир неше мәртебе қандай жаңалық болып атыр екен деп асығыслық пенен жазылған постларды оқып шығаман.Бизиң халқымызға Дәўлетмурат Тәжимуратовтай саўатлы жаслар оғада зәрүр. Қайсы елде нызам үстин болса,сол елде барлық тараўлар раўажланады,өседи. Коррупция ,ағайиншилик,,таныс билисшилик раўажланған ел ҳеш қашан алға илгерлемейди. Дәўлетмурат инимизге пүткил ҳақыйқат сүйиўши сап инсаплы инсанлар атынан талапларың оң болсын,барқулла Елдиң хызметинде саўаплы ислериң менен аман жүриўиңе тилеклеслик билдиремен.
Утепова Қурбангүл.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен У.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы медицина орайы ҳәм Нөкис қаласы, сондай-ақ, бир қатар районлардың медицина бирлеспелерине жәми 20 дана кислород концентраторы бийпул берилди.

@el_xizmetinde
Судлар ислеринде заманагѳй техналогиялардың әҳмийети.

Соңғы жылларда мәмлекетимиз судлары ислерине заманагѳй технологияларды кеңнен енгизиў бойынша изшил ис-илажлар әмелге асырылмақта. Бул пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине ѳз ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, судларға мүрәжәт етиўди еркинлестириўге имканият бермекте. Нәтийжеде әдил судлаўға ерисиў ҳәмде суд ислериниң ашықлығы тәмийинленбекте.
Республикамызда экономикалық судларда 2014 жыл 1 январдан баслап электрон ҳүжжетлер алмасыўы, суд статистикасын жүритиў, суд әмелиятын талықлап барыў ҳәм суд ислерин жүритиўде процессуал мүддетлерден үнемли пайдаланыў мақсетинде басқарыў платформасындағы электрон мағлыўматлар базасы иске түсирилди. Электрон мағлыўматлар базасы судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлерине мағлыўматларды сақлаў, суд ҳүжжетлерин дүзиў, шығарыў ҳәм процессуал мүддетлерден үнемли пайдаланыў менен бирге суд ислерин дурыс, тез ҳәм нызамлы жүритилиўин ҳәр дайым бақланыўын тәмийинлемекте.
Республикамыздың жынаят ислери бойынша, пуқаралық ислери бойынша ҳәм ҳәкимшилик судларына 2018 жылдан баслап электрон мағлыўматлар базасы енгизилди. Сондай-ақ судларды заманагѳй биналар менен тәмийинлеў, суд мәжилиси ханаларын зәрүрий техника қураллары, суд ислерин жарытып барыўшы монитор ҳәм таблолар менен жықазлаў ислери изшиллик пенен әмелге асырылмақда.
Президентимиздиң 2020 жыл 3 сентябрде қабыл қылған «Суд ҳәкимияты органлары искерлигин есапластырыӱ ис илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4818-санлы Қарары суд органлары ислерин санластырыў ҳәм бул тараўда заманагѳй ахбарат технологияларын енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың жаңа басқышын белгилеп берди.
Қарар менен судлар ислерин санластырыў бойынша 2021 жылдың 1 январынан баслап, кейинги басқышларда әмелге асырылыўы лазым болған айрықша ўазыйпалар белгилеп берилди. Тийкарынан;
- судлар искерлигинде «Адолат» ахбарат тизимлери комплекси енгизиледи. Усы тизим арқалы бәрше мәмлекет ҳәкимияты органлары, хожалық басқарыў органлары ҳәм адвокатлар тәрепинен судларға даўа арза, арзалар ҳәм шағымлар менен судларда қағаз формасында ис жүритиўден басқышпа-басқыш уаз кешиледи. Сондай-ақ усы дүзим абзаллықлары арқалы мәпдар шахслар тәрепинен даўа арза ҳәм шағымларды кѳрип шығыў процессин онлайн тәризинде күзетип барыў, суд мәжилиси қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди электрон тәризде жибериў, суд ҳүжжетлерин автоматластырылған рәўиште қәлиплестириў имканияты жаратылады;
- бәрше судларда суд мәжилислери тәреплердиң илтимаснамалары ҳәм суд мәжилисинде басшылық етиӱшининң разылығы менен аудио жазыӱдан пайдаланған ҳалда белгилеп барыӱ ҳәмде суд мәжилиси баяннамаларын усы дизимнен пайдаланған ҳалда қәлиплестириӱ;
- апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислер судьялар ортасында автаматик рәӱиште бѳлистириӱ;
- суд мәжилиси бәрше қатнасыӱшыларын суд мәжилислериниң ӱақты ҳәм орны ҳаққында «СМС» хабар арқалы бийпул хабардар қылыӱ;
- суд қарарлары тәреплерге онлайн тәризинде, олардың илтимасына кѳре қағаз формасында бериӱ;
- судлар ислеринде пуқаралар ҳәм исбилерменлерге әдил судлаӱға ерисиӱде қолайлық жаратыӱ мақсетинде 10 ға жақын интерактив хызметлер кѳрсетиӱди жолға қойыӱ;
- суд ислерин мәмлекет архивине электрон формада тапсырыӱ ҳәм қабыл қылыӱ белгиленген;
- суд ахбарат дизимлери мәмлекет органлары ҳәм шѳлкемлери, Президент вертуал қабылханасы ҳәм Исбилерменлик мүрәжатларын кѳрип шығыў қабылханалары ахбарат дизими менен байланысады.
Жаратылып атырған бул имканиятлар суд мәжилисинде қатнасыўшы тәреплерге қосымша абзаллықлар жаратады. Суд кеңсесине келип кетиў ушын сарпланатуғын қәрежетлерди кемейтиреди. Сондай-ақ пуқаралардың ўақты тежеледи ҳәм судқа мүрәжәт қылыў тәртиби аңсатласады. Мүрәжәтши мүрәжәт қылыў ушын тәртиби аңсатласады. Мүрәжәтши мүрәжәт қылыў ушын нәўбетте турмайды, кимдидир күтип қалмайды, артықша әўерегершиликлерге ушрамайды.
Буннан тысқары мәлимлеме системасының енгизилиўи бәрше буўындағы судлар бойынша анық суд статистикасын жүритиў, объектив ҳалатды реал ўақыт режиминде үйрениў ҳәм тизимли анализди әмелге асырыў, соның менен бирге, кешиктирип болмайтуғын ҳәмде келешекте әмелге асырылыўы лазым болған ўазыйпаларды белгилеп алыў имканын береди.
Жуўмақлап айтқанда, бул қарарда белгилеп берилген ўазыйпалардың әмелге асырылыўы судлар ислеринде ашықлық ҳәм әдалатлылықты жәнеде тәмийинлеўге хызмет қылады.


Қарақалпақстан Республикасы
жынаят ислери бойынша суды судьясы А.Бекманов

Жынаят ислери бойынша
Кегейли районы суды баслығы
А.Аметов.

https://t.me/qrjibsudixuquqiyaxborot
Өзбекстанда жоқ баслама
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Журналистлик_тексериý
#АНОНС

Нөкис районында нызамсыз салы еккен ҳәм суýдан нызамсыз пайдаланған шахслар анықланды.
Жақын арада сизлерди толық мағлыýмат пенен таныстырамыз.

⚡️Егерде сиз жасап атырған районларда лаýазымлы шахслар ҳәм басқада пухаралар усындай нызамсыз турде салы ҳәмде басқада егинлерди егип атырған болса бизге хат жолласаңыз болады.

Дауамы бар...

👉👉👉 @el_xizmetinde