"Ел хызметинде" газетасы
6.3K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
"Талаплыға нур жаўар."

Ассалаўма әлийкум "Ел хызметинде" газетасы хызметкерлери. Бугин телеграмм каналыңыздағы жақсы хабарды оқып ҳақыйқатын айтсам жүда қатты қуўандым. Мен усы телеграмм каналының ықласбентимен. Күнине бир неше мәртебе қандай жаңалық болып атыр екен деп асығыслық пенен жазылған постларды оқып шығаман.Бизиң халқымызға Дәўлетмурат Тәжимуратовтай саўатлы жаслар оғада зәрүр. Қайсы елде нызам үстин болса,сол елде барлық тараўлар раўажланады,өседи. Коррупция ,ағайиншилик,,таныс билисшилик раўажланған ел ҳеш қашан алға илгерлемейди. Дәўлетмурат инимизге пүткил ҳақыйқат сүйиўши сап инсаплы инсанлар атынан талапларың оң болсын,барқулла Елдиң хызметинде саўаплы ислериң менен аман жүриўиңе тилеклеслик билдиремен.
Утепова Қурбангүл.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен У.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы медицина орайы ҳәм Нөкис қаласы, сондай-ақ, бир қатар районлардың медицина бирлеспелерине жәми 20 дана кислород концентраторы бийпул берилди.

@el_xizmetinde
Судлар ислеринде заманагѳй техналогиялардың әҳмийети.

Соңғы жылларда мәмлекетимиз судлары ислерине заманагѳй технологияларды кеңнен енгизиў бойынша изшил ис-илажлар әмелге асырылмақта. Бул пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине ѳз ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, судларға мүрәжәт етиўди еркинлестириўге имканият бермекте. Нәтийжеде әдил судлаўға ерисиў ҳәмде суд ислериниң ашықлығы тәмийинленбекте.
Республикамызда экономикалық судларда 2014 жыл 1 январдан баслап электрон ҳүжжетлер алмасыўы, суд статистикасын жүритиў, суд әмелиятын талықлап барыў ҳәм суд ислерин жүритиўде процессуал мүддетлерден үнемли пайдаланыў мақсетинде басқарыў платформасындағы электрон мағлыўматлар базасы иске түсирилди. Электрон мағлыўматлар базасы судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлерине мағлыўматларды сақлаў, суд ҳүжжетлерин дүзиў, шығарыў ҳәм процессуал мүддетлерден үнемли пайдаланыў менен бирге суд ислерин дурыс, тез ҳәм нызамлы жүритилиўин ҳәр дайым бақланыўын тәмийинлемекте.
Республикамыздың жынаят ислери бойынша, пуқаралық ислери бойынша ҳәм ҳәкимшилик судларына 2018 жылдан баслап электрон мағлыўматлар базасы енгизилди. Сондай-ақ судларды заманагѳй биналар менен тәмийинлеў, суд мәжилиси ханаларын зәрүрий техника қураллары, суд ислерин жарытып барыўшы монитор ҳәм таблолар менен жықазлаў ислери изшиллик пенен әмелге асырылмақда.
Президентимиздиң 2020 жыл 3 сентябрде қабыл қылған «Суд ҳәкимияты органлары искерлигин есапластырыӱ ис илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4818-санлы Қарары суд органлары ислерин санластырыў ҳәм бул тараўда заманагѳй ахбарат технологияларын енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың жаңа басқышын белгилеп берди.
Қарар менен судлар ислерин санластырыў бойынша 2021 жылдың 1 январынан баслап, кейинги басқышларда әмелге асырылыўы лазым болған айрықша ўазыйпалар белгилеп берилди. Тийкарынан;
- судлар искерлигинде «Адолат» ахбарат тизимлери комплекси енгизиледи. Усы тизим арқалы бәрше мәмлекет ҳәкимияты органлары, хожалық басқарыў органлары ҳәм адвокатлар тәрепинен судларға даўа арза, арзалар ҳәм шағымлар менен судларда қағаз формасында ис жүритиўден басқышпа-басқыш уаз кешиледи. Сондай-ақ усы дүзим абзаллықлары арқалы мәпдар шахслар тәрепинен даўа арза ҳәм шағымларды кѳрип шығыў процессин онлайн тәризинде күзетип барыў, суд мәжилиси қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди электрон тәризде жибериў, суд ҳүжжетлерин автоматластырылған рәўиште қәлиплестириў имканияты жаратылады;
- бәрше судларда суд мәжилислери тәреплердиң илтимаснамалары ҳәм суд мәжилисинде басшылық етиӱшининң разылығы менен аудио жазыӱдан пайдаланған ҳалда белгилеп барыӱ ҳәмде суд мәжилиси баяннамаларын усы дизимнен пайдаланған ҳалда қәлиплестириӱ;
- апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислер судьялар ортасында автаматик рәӱиште бѳлистириӱ;
- суд мәжилиси бәрше қатнасыӱшыларын суд мәжилислериниң ӱақты ҳәм орны ҳаққында «СМС» хабар арқалы бийпул хабардар қылыӱ;
- суд қарарлары тәреплерге онлайн тәризинде, олардың илтимасына кѳре қағаз формасында бериӱ;
- судлар ислеринде пуқаралар ҳәм исбилерменлерге әдил судлаӱға ерисиӱде қолайлық жаратыӱ мақсетинде 10 ға жақын интерактив хызметлер кѳрсетиӱди жолға қойыӱ;
- суд ислерин мәмлекет архивине электрон формада тапсырыӱ ҳәм қабыл қылыӱ белгиленген;
- суд ахбарат дизимлери мәмлекет органлары ҳәм шѳлкемлери, Президент вертуал қабылханасы ҳәм Исбилерменлик мүрәжатларын кѳрип шығыў қабылханалары ахбарат дизими менен байланысады.
Жаратылып атырған бул имканиятлар суд мәжилисинде қатнасыўшы тәреплерге қосымша абзаллықлар жаратады. Суд кеңсесине келип кетиў ушын сарпланатуғын қәрежетлерди кемейтиреди. Сондай-ақ пуқаралардың ўақты тежеледи ҳәм судқа мүрәжәт қылыў тәртиби аңсатласады. Мүрәжәтши мүрәжәт қылыў ушын тәртиби аңсатласады. Мүрәжәтши мүрәжәт қылыў ушын нәўбетте турмайды, кимдидир күтип қалмайды, артықша әўерегершиликлерге ушрамайды.
Буннан тысқары мәлимлеме системасының енгизилиўи бәрше буўындағы судлар бойынша анық суд статистикасын жүритиў, объектив ҳалатды реал ўақыт режиминде үйрениў ҳәм тизимли анализди әмелге асырыў, соның менен бирге, кешиктирип болмайтуғын ҳәмде келешекте әмелге асырылыўы лазым болған ўазыйпаларды белгилеп алыў имканын береди.
Жуўмақлап айтқанда, бул қарарда белгилеп берилген ўазыйпалардың әмелге асырылыўы судлар ислеринде ашықлық ҳәм әдалатлылықты жәнеде тәмийинлеўге хызмет қылады.


Қарақалпақстан Республикасы
жынаят ислери бойынша суды судьясы А.Бекманов

Жынаят ислери бойынша
Кегейли районы суды баслығы
А.Аметов.

https://t.me/qrjibsudixuquqiyaxborot
Өзбекстанда жоқ баслама
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Журналистлик_тексериý
#АНОНС

Нөкис районында нызамсыз салы еккен ҳәм суýдан нызамсыз пайдаланған шахслар анықланды.
Жақын арада сизлерди толық мағлыýмат пенен таныстырамыз.

⚡️Егерде сиз жасап атырған районларда лаýазымлы шахслар ҳәм басқада пухаралар усындай нызамсыз турде салы ҳәмде басқада егинлерди егип атырған болса бизге хат жолласаңыз болады.

Дауамы бар...

👉👉👉 @el_xizmetinde
«Ел хызметинде» газетасы ҳәм «Makan.uz» сайты тәрепинен Мойнақ районлық медицина бирлеспесинде өткерилген журналистлик сорастырыў бойынша

Соңғы жыллары мәмлекетимиздиң түрли тараўларында алға илгерилеўлер көзге тасланбақта. Бул мәмлекетимиздиң үлкен раўажланыў жолында екенлигин билдиреди. Соның менен қатар, усы раўажланыў жолымызда орын алып атырған қәте-кемшиликлерди өз ўақтында сапластырып барыў да әҳмийетли. Бунда, әлбетте, ғалаба хабар қуралларының орны айрықша.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Қ.Ж. Қудайбергенов Мойнақ районлық медициналық бирлеспесинде жүз берген жағдайды район Ҳәкимиятының тийисли қәнигелери менен биргеликте үйренди ҳәм көтерилген мәселелерди сапластырыў бойынша жуўмақлар шығарылды.
Коронавирус пандемиясы дәўиринде халыққа медициналық жәрдем көрсетиўде жол қойған қәте-кемшиликлери ушын Мойнақ районлық медициналық бирлеспеси баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарып келген Дәўлетова Жәмийла лаўазымынан босатылып, Мойнақ районлық медицина бирлеспеси баслығы етип Бисенгалиев Қуўандық Абаевич тайынланды.
Мойнақ районында коронавирус пандемиясы дәўиринде халыққа медициналық хызмет көрсетиў ушын коронавирус инфекциясы ҳәм оның асқыныўлары менен мүрәжат еткен наўқасларға районлық медицина бирлеспесиниң жуқпалы кеселликлер бөлими негизинде 30 койкалы ийкемлестирилген бөлим шөлкемлестирилген.
Районлық медицина бирлеспеси бүгинги күнде 55 дана кислород баллоны, 17 дана кислород концентраторы, 45 дана пульсоксиметр, 4 дана юлайзер, 3 дана СРАР пенен тәмийинленген. Мүрәжаттан соң кислород баллонларды Қоңырат районынан толтырып алып келиў ушын айрықша транспорт пенен тәмийинленди. Кислород баллонларын сақлаў ушын арнаўлы қоршалған орын ажыратылды ҳәм қәнигели нәўбетшилик шөлкемлестирилди.
«Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиндеги мәкемелерде аутсорсинг хызметлерин көрсетиў тәртиби туўралы нызамды тастыйықлаў ҳаққында» Ҳүкимет қарары (16-сан, 10.01.2020 ж.)на муўапық, Мойнақ районлық орайлық емлеўханасында наўқасларды аўқат пенен тәмийинлеў Мойнақ районлық медициналық бирлеспесиниң жуўапкершилигинен алып тасланды ҳәм бул хызмет районда искерлик көрсетип атырған исбилерменлик субъектине бекитилди.
Пандемия дәўири басынан усы күнге дейин бөлимде жәми 175 наўқас емленген, соннан 21 наўқас реанимация бөлиминде емленген.
24.10.2020 жыл жағдайында жәми 8 наўқас емленип атыр, соннан реанимация бөлиминде 2 наўқас. Емлеў процесин шыпакерлер ӨзР ДССМ тәрепинен тастыйықланған 7-баянламаға тийкарланып алып бармақта.
Районда наўқаслар ушын қосымша резерв 40 орын таяр жағдайда, онда 13 кислород точкалары орналастырылған.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
💥 Ата-бабада “Елге бир нәўбет, жерге бир нәўбет” деген дана гәп бар, бирақ мен оны “Жерге бир нәўбет, елге күт нәўбет” дегим келеди.
Кеше ғана нызамға қайшы егилген салы атызлар бойынша айырым ҳәмелдарлардың көрмегенин көрсетип, еситпегенин еситтириўге ҳәрекет етемен деген едим.
Тап сондай бүгин, шәртнаманың “Ш” ҳәриби жоқ бирақ гектар, гектар жерге салы егип оны орып болған ҳәм орып атырған фактлерге гүўа болдым.
Биз Хорезм ўәлаятынан бийғәрез экспертлерди көмекке шақырдық, жақын арада ески ҳәмелдар ҳәм ҳәзирги ўақытта гүрсиде “лампашша” деп өзинше ақыллы болып отырған ҳәмелдарлардың ҳәрекетин сәўлелендиремиз.

"Ел хызметинде" газетасы бас редакторы Даулетмурат Тажимуратов.

👉👉👉 @el_xizmetinde
⚡️Хош хабар

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жол ҳәрекети қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ,жәмийетлик тәртипти сақлаӯ,жынаятшылыққа қарсы гүресиӯде өз хызмет ӯазыйпасын ҳүжданы менен атқарғаны ҳәм пидайлығы ушын Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри П.Бобажанов тәрепинен Қ.РИИМ ЖХҚБ инспекторы Аман Атаӯбаев Жалғасбаевич «Ички ишлар органларида бенуқсон хизматлари учун» көкирек нышаны менен сыйлықланды.

👉👉👉 @el_xizmetinde
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги сырт елге шығыўда талап етилетуғын коронавирусқа шалынбағанлығы бойынша медициналық мағлыўматты қай жерден алыў кереклигин мәлим етти.

Сырт елге шығыўшы шахсларға ПЦР усылында тексерилген анық нәтийжеси шыққанын көрсетиўши мағлыўматлар бериў барысын жәнеде жеңиллестириў мақсетинде бир қатар медицина бирлеспелерине, әсиресе, жеке меншик медицина шөлкемлерине Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң көрсетпе хаты тийкарында, сондай-ақ, Санитария эпидемиология тынышлық орайы ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң тийисли буйрығы менен жеке меншик медицина бирлеспелери тәрепинен берилип атырған мағлыўматнамалар бир тәртипке келтирилмекте.

Белгили мағлыўматнамалардан ўақтынша пайдаланылады. Олар шегара бақлаў пунктлерине төлеў квитанциясы менен бирге тапсырылғанда ғана ҳақыйқый есапланады. Бундай шаралар мағлыўматнамаларды қәлбекилестириўдиң алдын алыў менен де әхмийетли.

Усы бағдар менен параллел рәўиште тест нәтийжелери басқышпа-басқыш штрих-код (QR-код) арқалы оқылатуғын электрон дәстүрге өткерип барылады. Нәтийжелер бойынша мағлыўматлар базасы Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги менен биргеликте шөлкемлестириледи.

ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

👉👉👉 @el_xizmetinde
💐 МИННЕТДАРШЫЛЫҚ

Қанлыкөл районы “Соvid-19”кеселлиги менен наўқасланған ҳәм онда гүман етилип атырған пуқараларды қабыллаў ҳәм емлеў орайында емленип шыққан «Қанлыкөл» АПЖ турғыны Мəден Нурман улы, орайдың терапевт, хирург ҳәм реаниматолог шыпакерлери: У.Алламбергенова, Б.Оспанов ҳәм Б.Низаматдиновқа, сондай-ақ, мийрибийкелер: Р.Айтжанова менен А.Төребаеваларға айрықша миннетдаршылық билдиреди.

Елге келген бәле көринбес жаўды,
Мақсет – жоғалтыўдур, услап жылаўды,
Шыпа тапты көплер, көплер саўалды,
Миннетдармыз Сизге әзиз инсанлар!

Белли ылаң қылқындырып алқымнан,
Сизлер пана шықтыңыз дәл қарсымнан,
Шийрин сөзиң берген емиң қондырған,
Миннетдарман Сизге әзиз инсанлар!

Баладайман қайта туўған анамнан,
Қайтардыңыз мени әжел алдынан,
Дер едим, Сизлерди нағыз Қаҳарман,
Периште мысалы әзиз инсанлар!

Ол шыпакер ме, яки мийрибийке,
Ер-ҳаял ҳәммеси мийрим жүзинде,
Ырзашылық йош урады кеўлимде,
Бәрҳә аман болың әзиз инсанлар!!!

28-октябрь, 2020-жыл.

👉 Телеграм каналымызға ағза болың https://t.me/kanlikulnews
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мобил_репортаж

Қарақалпақстанда ең улкен көп қабатлы "IT PARK" ҳәм жайлардың қызғын қурылысы қалай болып атыр ?

👉👉👉 @el_xizmetinde
Қаракалпақстан Республикасы Денсаýлықты Сақлаý министри
А. Хамраев жумыстан кетти.
Толық мағлыýмат пенен кейинлеý таныстырамыз.

👉👉👉 @el_xizmetinde
А.ХАМРАЕВ НЕГЕ ЖУМЫСТАН КЕТТИ???
 
       Өзиңизге мәлим А.Хамраевтың жумыстан кетиў себеплерин билдиремиз деген едик.
       А.Хамраев бир ҳәпте алдын Қарақалпақстан Республикасы басшысы атына, Өзбекстан Республикасы Ден Саўлықты сақлаў министри атына, ден саўлығына байланыслы жумыстан шығыўды сорап арза менен мүрәжат еткен.
       А.Хамраевтың билдириўинше негизи Жоқарғы Кеңес баслығы орынбасары лаўазымынан кетиўден алдын илимпаз болғанлығы ушын илимий ислер менен шуғылланыўды режелестирген, бирақ ески Жоқарғы Кеңес баслығының талабы менен усы лаўазымға келген.
       Мағлыўмат ушын А.Хамраев медицина илимлери докторы илимий дәрежеге ийе.
 
 Д.Тәжимуратов
 
👉👉👉 @el_xizmetinde
 
 
Бул конференция Европа Аўқамы көмеги менен әмелге асырылған UzWaterAware жойбарының жуўмақлаўшы ҳәм есап илажы саналады.
UzWaterAware жойбары (толық аталыўы: “Өзбекстанда суў ҳәм экологияны турақлы раўажландырыў бойынша хабардарлықты асырыў ҳәм бирге ислесиў. 3-компонент”) Европа Аўқамының ири жойбары — “Өзбекстанның аўыллық жерлеринде суўды турақлы басқарыў" бағдарламасының 3-компоненти, яғный бир бөлими есапланады, оның миллий шериги — Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги.
Жойбар 2016-2020 жыллары Өзбекстанның 8 ўәлаяты, Қарақалпақстан ҳәм Ташкент қаласында әмелге асырылды.
Ташкент қаласында Хилтон мийманханасында Европа Аўқамының Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайы тәрепинен өткерилип атырған халықаралық конференцияға Қарақалпақстаннан "Ел хызметинде" газетасы қатнаспақта.

Газетамыз бөлим редакторы Е.Канаатов қатнаспақта.