"Ел хызметинде" газетасы
6.38K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
Forwarded from Qaraqalpaqstan | Kun.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нукус туманидаги «Узр сўраш сессияси»да журналист ҳокимни аяб ўтирмади

Халқ депутатлари Нукус тумани кенгашининг 12 сессиясида «Ел хызметинде» газетаси бош муҳаррири ҳокимликни очиқ саволлар ёмғирида қолдирди.
Журналист Даулетмурат Тажимуратов Нукус тумани ҳокими Уснатдинов Омирбайга 4 та масала юзасидан аччиқ саволлар берди.

1️⃣ Туманда мурожаатлар билан ишлаш жуда ёмон аҳволда эканлиги айтилган. Жумладан, Aгробанк, Халқ банки, Aдлия бўлими, Ёшлар агентлиги, Ўрта мактаблар, туман ИИБ ва туман прокуратураси ҳам тилга олинди.

2️⃣ Тумандаги тадбиркорлардан ҳокимликка 91 мурожаат келиб тушган. Уларга икки ойдан бери жавоб берилган ёки берилмаганлигига изоҳ сўралди.

3️⃣ Туман мактабларига педагогларни ишга олишдаги камчиликлар тилга олинди.

4️⃣ Журналист тумандаги ерлар тадбиркорларга тендерсиз берилган ҳолатларни аниқлаган.

Ўз навбатида, Нукус тумани ҳокими Уснатдинов Омирбай юқоридаги камчиликларни тўлиқ тан олган.

👉 Қорақалпоғистон хабарлари
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_районы

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти.
Сессияда район ҳәкими, 1-сектор баслығы О.Уснатдиновқа ашықтан -ашық журналистлер сораýлар берди.

- Д.Тажимуратов "Ел хызметинде" газетасы Бас редакторы

👉👉👉 @el_xizmetinde
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_районы

- Д.Тажимуратов "Ел хызметинде" газетасы Бас редакторы сорауына
Нөкис район ҳәкими, 1-сектор баслығы О.Уснатдиновтың жуýабы

👉👉👉 @el_xizmetinde
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_районы

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының жаслар сыясаты,социаллық раýажландырыý ҳәм руýхый ағартыýшылық ислери бойынша орынбасары М.Жуманов райондағы айырым жағдайларды қатаң сынға алды.


👉👉👉 @el_xizmetinde
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_район_сессия

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти.
Сессияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Атаниязова Орал Аминовна қатнасып сын пикирлерди билдирди.

* Бизиң бизнесменлер каяқта ?

* Неге қарақалпақ жигитлерине кредит берилмейди ?

*Бизиң халыққа берсин жерди !

👉👉👉 @Ziyaevblogi
#Нөкис_Районы

Кеширим сораý

Нөкис район ҳәкими ҳәм сектор басшылары белгиленген жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў арқалы районның социаллық-экономикалық раўажланыўының баҳаланыўын жыл ақырына шекем «қызыл»дан «сары»ға, келеси жыл даўамында «жасыл» аймаққа айландырыўға исеним билдирип халықтан кеширим сорады.

👉👉👉 @Ziyaevblogi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Makan.uz ҳәм "Ел хызметинде" газетасы бас редакторы Даўлетмурат Тажимуратов (@el_xizmetinde) пенен биргеликте Мойнақ районына журналистлик тексериў өткериўге келди.
БАЛЫҚ БАСЫНАН ШИРИЙДИ ДЕГЕН РАС ЕКЕН

Айырым гәплер бар айтсаң геллең кетеди деген, тап сондай усы ҳақыйқатым ушын геллем кетсе разыман.
Сыр емес, СССР деген қүдиретли мәмлекетте басшылар халықты алдамас еди, халық ол мәмлекеттиң тек «репрессия» бойынша жаман тәрепин, зулымлығын еслейди.
Итибар бериң ол дәўирде Обком халықты алдамаған, оны көрген Совмин алдамаған, оны көрген министрлер, оны көрген ҳәкимлер (райком) алдамаған, ҳәким (райком) алдамаған соң мәкеме басшылар алдамаған, мәкеме басшылар алдамаған соң хызметкерлер алдамаған, солай етип, сол дәўирде усы ең жақсы қәсийет сақланып қалған.
Ал ҳәзир не, ҳәзир керисинше халықты басым көпшилик басшылар болды өйтемиз, болды бүйтемиз, - деп алдаў менен күн өткерип жүр, басшы алдаған соң оны көрген қозшы сирә алдайды, бир ғана мысал. Мына елимизге кирип келген ылаң деген бәле көп сырларды ашып берди.
Жоқарыдағы видеоға итибар бериң, онда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў инспекциясы баслығы Н.Отабеков халыққа мүрәжат пенен шығып онда мәмлекетимиз күши, қүдрети неше, қанша адам, наўқас болса да емлеўге күши жетеди, бирде - бир адам көшеде қалып кетпейди, оған ҳүкиметтиң қурбы жетеди, - деген болса, арадан бир айлар шамасы өтер - өтпестен, Өзбекстанда барлық коронавирус кеселлерин емлеўге имканы жоқ, - деп мүрәжат пенен шықты. Әне биз исенген басшылар.

@el_xizmetinde
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин makan.uz информациялық парталы ҳәм "Ел хызметинде" газетасы редакторлары тәрепинен Мойнақ районы Медицина бирлеспесинде журналистлик тексериў өткерди.

Бүгинги күнде Мойнақта коронавирус пенен наўкасланып атырғанлардың денсаўлығы бойынша толық мағлыўматка ийе болыў мақсетинде бир емес бирнеше наўқаслар менен сәўбет өткерилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Forwarded from MAKAN.UZ
Биз тез арада буннан басқа факт усынамыз.

@makan_uz
@el_xizmetinde
Көз боямашылық видео екенлиги, яғный журналистлер кеткеннен соң, ҳәкимият ўәкиллериниң ҳәрекети.
Кеше дүньядан өткен ҳаял Мойнақ районында 50 жыл мийнет еткен ҳәм усы жыллар даўамында қаншадан-қанша балалардың дүньяға келиўин тәмийинлеген Қәлбийке Жиемуратова болады. Қ. Жиемуратова усы жылдың февраль айында "Oʻzbegim ayoli – 2020" миллий сыйлығының «Дәўжүрек ҳаял» номинациясында жеңимпаз болған еди.

Бул ҳаял Мойнақ районына сонша мийнет сиңдирсе де оның атына жазылған некролог @MuynakPress каналында көринбейди. Жүдә өкинишли…

Пидайы инсан Қәлбийке Жиемуратованың барлық жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.
Мойнақ районы ҳәкимлиги бүгин районлық емлеўханада журналистлик тексериў алып барған Makan.uz ҳәм «Ел хызметинде» газетасының бас редакторы Даулетмурат Тажимуратовтың кеткенинен соң өзлери сол жерде емленип атырған наўқаслардан интервью алып контр атакаға өтип атыр. Бул ҳәрекет не ушын исленип атырғанынан Makan.uz бийхабар, бирақ бизиң журналистлик тексериў өткергендеги мақсетимиз душпан арттырыў емес, коронавирус инфекциясынан қайтыс болған пуқаралардың тилек өтинишине бола – бул салада орын алып атырған қәте-кемшиликлерди буннан бийхабар отырған жоқары турыўшы органларға, халыққа жеткериў. Келешекте болыўы мүмкин болған аўыр жағдайлардың алдын алыў.

Баслы ўазыйпамыз болса инсан өмирин сақлап қалыў, оның кеселликтен емлениўи ушын керекли шараят жаратып бериўин тәмийинлеў. Мойнақ районлық медицина бирлеспесинде қәте-кемшиликлер жетерли дәрежеде. Буны жоқ деп көрсетиў көз-көреки адам жанын қәтерге қойыў менен тең. Районлық емлеўхана минсиз, наўқасларға күтим жақсы болғанда Мойнақ районының 4-сектор баслығы усы жерде емленбес пе еди? Неге Нөкиске барып емленип атыр? Неге емлеўхананың бас шыпакери лаўазымы усы жылдың апрель айынан берли бос тур? Қулласы, биз емлеўханада топлаған барлық фактлеримизди тез арада итибарыңызға барынша усынамыз. Жуўмақты соң шығарасыз. Соған шекем алты машина келип үйимнен алып кетпесе болды. 🚙🚙🚗🚙🚙🚐

Лалагүл Қаллыханова,
журналист
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Анонс
Мойнақ районлық медицина бирлеспеси
12.10.2020
@makan_uz
@el_xizmetinde
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
АНОНС: Фермерге қарсы "үшлик" ҳәрекети яки журналистлик тексериўдиң жуўмағы қандай?

"Ел хызметинде" газтасының бас редакторы Д.Тажимуратов ҳәм журналистлери тәрепинен Хожели районындағы наразылықлар бойынша журналистлик сораўнама өткерди. Тез күнлер ишинде толық видеосы шығады.

@Kar24uz

👉👉👉 @el_xizmetinde