"Ел хызметинде" газетасы
6.39K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
БАЛЫҚ БАСЫНАН ШИРИЙДИ ДЕГЕН РАС ЕКЕН

Айырым гәплер бар айтсаң геллең кетеди деген, тап сондай усы ҳақыйқатым ушын геллем кетсе разыман.
Сыр емес, СССР деген қүдиретли мәмлекетте басшылар халықты алдамас еди, халық ол мәмлекеттиң тек «репрессия» бойынша жаман тәрепин, зулымлығын еслейди.
Итибар бериң ол дәўирде Обком халықты алдамаған, оны көрген Совмин алдамаған, оны көрген министрлер, оны көрген ҳәкимлер (райком) алдамаған, ҳәким (райком) алдамаған соң мәкеме басшылар алдамаған, мәкеме басшылар алдамаған соң хызметкерлер алдамаған, солай етип, сол дәўирде усы ең жақсы қәсийет сақланып қалған.
Ал ҳәзир не, ҳәзир керисинше халықты басым көпшилик басшылар болды өйтемиз, болды бүйтемиз, - деп алдаў менен күн өткерип жүр, басшы алдаған соң оны көрген қозшы сирә алдайды, бир ғана мысал. Мына елимизге кирип келген ылаң деген бәле көп сырларды ашып берди.
Жоқарыдағы видеоға итибар бериң, онда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў инспекциясы баслығы Н.Отабеков халыққа мүрәжат пенен шығып онда мәмлекетимиз күши, қүдрети неше, қанша адам, наўқас болса да емлеўге күши жетеди, бирде - бир адам көшеде қалып кетпейди, оған ҳүкиметтиң қурбы жетеди, - деген болса, арадан бир айлар шамасы өтер - өтпестен, Өзбекстанда барлық коронавирус кеселлерин емлеўге имканы жоқ, - деп мүрәжат пенен шықты. Әне биз исенген басшылар.

@el_xizmetinde
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин makan.uz информациялық парталы ҳәм "Ел хызметинде" газетасы редакторлары тәрепинен Мойнақ районы Медицина бирлеспесинде журналистлик тексериў өткерди.

Бүгинги күнде Мойнақта коронавирус пенен наўкасланып атырғанлардың денсаўлығы бойынша толық мағлыўматка ийе болыў мақсетинде бир емес бирнеше наўқаслар менен сәўбет өткерилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Forwarded from MAKAN.UZ
Биз тез арада буннан басқа факт усынамыз.

@makan_uz
@el_xizmetinde
Көз боямашылық видео екенлиги, яғный журналистлер кеткеннен соң, ҳәкимият ўәкиллериниң ҳәрекети.
Кеше дүньядан өткен ҳаял Мойнақ районында 50 жыл мийнет еткен ҳәм усы жыллар даўамында қаншадан-қанша балалардың дүньяға келиўин тәмийинлеген Қәлбийке Жиемуратова болады. Қ. Жиемуратова усы жылдың февраль айында "Oʻzbegim ayoli – 2020" миллий сыйлығының «Дәўжүрек ҳаял» номинациясында жеңимпаз болған еди.

Бул ҳаял Мойнақ районына сонша мийнет сиңдирсе де оның атына жазылған некролог @MuynakPress каналында көринбейди. Жүдә өкинишли…

Пидайы инсан Қәлбийке Жиемуратованың барлық жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.
Мойнақ районы ҳәкимлиги бүгин районлық емлеўханада журналистлик тексериў алып барған Makan.uz ҳәм «Ел хызметинде» газетасының бас редакторы Даулетмурат Тажимуратовтың кеткенинен соң өзлери сол жерде емленип атырған наўқаслардан интервью алып контр атакаға өтип атыр. Бул ҳәрекет не ушын исленип атырғанынан Makan.uz бийхабар, бирақ бизиң журналистлик тексериў өткергендеги мақсетимиз душпан арттырыў емес, коронавирус инфекциясынан қайтыс болған пуқаралардың тилек өтинишине бола – бул салада орын алып атырған қәте-кемшиликлерди буннан бийхабар отырған жоқары турыўшы органларға, халыққа жеткериў. Келешекте болыўы мүмкин болған аўыр жағдайлардың алдын алыў.

Баслы ўазыйпамыз болса инсан өмирин сақлап қалыў, оның кеселликтен емлениўи ушын керекли шараят жаратып бериўин тәмийинлеў. Мойнақ районлық медицина бирлеспесинде қәте-кемшиликлер жетерли дәрежеде. Буны жоқ деп көрсетиў көз-көреки адам жанын қәтерге қойыў менен тең. Районлық емлеўхана минсиз, наўқасларға күтим жақсы болғанда Мойнақ районының 4-сектор баслығы усы жерде емленбес пе еди? Неге Нөкиске барып емленип атыр? Неге емлеўхананың бас шыпакери лаўазымы усы жылдың апрель айынан берли бос тур? Қулласы, биз емлеўханада топлаған барлық фактлеримизди тез арада итибарыңызға барынша усынамыз. Жуўмақты соң шығарасыз. Соған шекем алты машина келип үйимнен алып кетпесе болды. 🚙🚙🚗🚙🚙🚐

Лалагүл Қаллыханова,
журналист
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Анонс
Мойнақ районлық медицина бирлеспеси
12.10.2020
@makan_uz
@el_xizmetinde
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
АНОНС: Фермерге қарсы "үшлик" ҳәрекети яки журналистлик тексериўдиң жуўмағы қандай?

"Ел хызметинде" газтасының бас редакторы Д.Тажимуратов ҳәм журналистлери тәрепинен Хожели районындағы наразылықлар бойынша журналистлик сораўнама өткерди. Тез күнлер ишинде толық видеосы шығады.

@Kar24uz

👉👉👉 @el_xizmetinde
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ким ҳақ? Ашшы ҳақыйқатты тән алғаны рас па блогердиң? Биз излеген ҳақыйқат қай жерде екен?

"Ел хызметинде" газетасының бас редакторы Д.Тажимуратов ҳәм журналистлери тәрепинен Хожели районындағы наразылықлар бойынша журналистлик сораўнама өткерип, өзиниң нейтрал пикирин ҳәм ҳақыйқатлықты ашып берди.

Каналға ағза болыў: 👉 @el_xizmetinde
Жигит болсаң, болғыл жигит,
Жан күйдирген ел алдында.
Ярым мезгилдей жол жүрип,
Аяқларынды талдырма.

Болма оншама өзимшил,
Қуры лап ушын пысқырма.
Болсын сөйлеген сөзиң шын,
Парқына жет иш-тыстың да.

Сезингил ким дос, ким душпан,
Ерме жалатай гәпине.
Болма жасыңнан гөр тышқан
Тек жуўырған өз мәпине.

Аяқ-баспа алтақ-талтақ,
Түрли жерге апарар жол.
Болғың келсе қарақалпақ,
Ҳақыйқатлық қурбаны бол.

Өмирде көп ҳәсирет, қайғы,
Бәрҳа шадлық буйырмаған.
Етек пенен жаппа айды,
Болма аўзы жыйылмаған.

Ҳәр мурныңда батпан шамал
Ысқырса да даўыл болма.
Кемлик кем-кем табар камал,
Елден ерек аўыл болма.

Қайғырмағыл жас басыңнан
Күним қалай кешеди деп.
Қорқып жүрме ҳасла сыннан,
Батырлықтың шешери көп.

Жигит болсаң, болғыл жигит,
Халқы ушын жаны қурбан.
Майы шағылмаса жилик,
Өмир болмас урман-пурман…

К.Рахманов

👉👉👉 @el_xizmetinde
Это Ангела Меркель, канцлер Германии, в настоящее время самый уважаемый лидер в мире, физик и химик, ставший политиком. Она возглавляет самую сильную экономику в Европейском Союзе и самую важную в мире, которая экспортирует более 1,550 миллиардов долларов в год.

Тем не менее, она не получает ни бесплатного государственного обслуживания, ни жилья, ни электричества, ни газа, ни расходов на развлечения, ни личного повара, ни воды, ни бесплатного телефона из бюджета Федеративной Республики Германии, и живет своей скромной жизнью, как любой другой гражданин Германии. Она сама делает покупки (на фото, в Берлинском супермаркете), носит свои сумки с покупками, оплачивает свои покупки и, если она получает парковочный талон, оплачивает их из собственного кармана.

Репортер недавно спросил ее: «Помните, я сфотографировал Вас в этом же платье десять лет назад? Она сказала ему: «Моя миссия - служить своим собратьям - немцам, а не быть образцом моды».

https://t.me/manu_blog
Бизлерде бундай басшылар кашан пайда болар екен?
💥Ертең Хожели районында ПРЕСС-КОНФЕРЕНЦИЯ 💻

Еслетип өтемиз " Ел хызметинде " газетасы бас редакторы ҳәм газета журналистлери пресс конференцияға қатнасып туýрыдан-туýры Трансляция алып бериýге ҳәрекет кыламыз.

Оқыýшыларымыздан Хожели районы бойынша сораýларды қабыллаýды баслаймыз !

👉👉👉 @Sultanbek_Ziyaev
☎️ +998995409798

👉👉👉 @el_xizmetinde
БАСЫМ БӘЛЕГЕ ҚАЛДЫ ...


Көпшиликке мәлим интернет тармақларда, 20 кислород балоным бар, мүтәжлерге бийпул берип тураман, - деген дағаза жалын тезликте тарқалған еди. Мине усы балон ийеси Қоңырат районы турғыны 1996-жылы туўылған Еламан Рустемов деген жигит болады, ол усы рекламаны берди, бирақ кейин басы бәлеге қалды, яғный ол рекламаны берип болғаннан кейин көп узамай Еламаннан балоныңды маған берип тур, тис клиникам бар еди, соған керек болып тур есесине пул беремен десе, биреўлери сварка ушын, балық ушын, исбилерменлик ушын деп есесине пул беремен деген усыныслар менен бир неше районлардан, ҳәттеки қоңсылас Хорезм ўалаятынан, Ташкент ўалаятынан да усыныслар болған. Ойланып көриң, наўқасларға жан қайғы болып атырған бир дәўирде айырым адамлар кисесин ойлап атырғанлығы ашынарлы жағдай.
Еламанның үйине қоңсылас районлардан кем тәмийинленген шаңарақпан, маған балон керек, неге басқаларға бересең, неге сен адамларды алдайсаң, - деп даў шығарғанлары да болған. Еламанның үйиниң алды базардан бетер адамлар жыйналған, қоңсыларының айналарын жети түнде қағып мазаларын алған.
Бул да ҳеш гәп, айырым адамлар Еламанның ата-анасына барып: "Неге балаң жалған реклама береди, бизге балонды таўып берсин, болмаса жазаман, - деп те доқ еткенлери де, ҳәттеки шағым еткенлери де болған.
Ата-бабада гәп қалмағанындай: «жорға минген менен жолдас болма, ладан менен сырлас болма» дегендей, Еламан балонларды исбилерменлерге емес, ал 10 данасын Шымбай районына, және 10 данасын Нөкис районына мүтәж шанарақларға тарқатқан, бирақ ол бул ҳәрекетинен рахмет еситпеди, керисинше оған Қоңырат районынан бир мәкеме басшысы шығып: "Неге балонды өзимиздиң районға бермей басқа районға бересең, - деп кейигени де болды.
Жақсы адам ай менен күнге тең, жарығы ортақ әлемге, - дегениндей, қайсы районға болса да бәри-бир жерлеслеримизге бергени ушын бундай мәрт жигитке орден - медаль берсең де аз екенлигин еслеткен болар едик.

Дәўлетмурат Тәжимуратов

👉👉👉👉👉 @el_xizmetinde
Hu'rmetli kanalimiz ag'zalari, Xojeli rayoni boyinsha sorawlarin'iz ha'm usinislarin'iz bolsa bizge jollay bersen'iz boladi !