"Ел хызметинде" газетасы
6.32K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
⚡️Бизнес тараўында жүргенлер ушын жақсы жаңалық.

17-апрель саат 14:00 де Дослық мийманханасында "KUSHMAG" бренди тийкаршысы Көмеков Марат "Бизнесте маркетинг арқалы саўданы асырыў" атлы темада тренинг өтеди.

Тренингде сиз өнимди базарға киргизип, сатыламан дегенге шекемги болған қәдемлерди көрсетеди.

-Таза қарыйдарлар әкелиў, барларын услап қалыў, кетип қалғанларын қайтарыў;
-Базар ҳәм конкурентлерди анализлеп жаңалық киргизиў;
-Дурыс реклама бериў сырлары;
-Күшли бренд шөлкемлестириў киби көплеген билимлерди бийпул алыўыңыз мүмкин.

Төмендеги силтеме арқалы дизимнен өтиң:

https://forms.gle/faDAkK6A22u8Fjdp8
Тел: +998975263003

👉 @Billion_Business_Consulting
Қарақалпақстан тарийхында биринши мәрте, олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис спорт шеберлери мектеби көркем гимнастика дөгереги оқыўшысы Ибрагимова Шахзада жәҳән кубогында биринши орынды жеңип алып алтын медал ийеси болды.

Оны устазы тренер Нигара Палўанова жарысқа таярлады.
Бул қолға киргизилген нәтийже Қарақалпақстан спорты тарийхында үлкен жетискенлик екенлигин айтып өтиў орынлы.

@el_xizmetinde
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис. "Саранча" автовокзалы. Жаўында адам жүрип болмайды.

👉👉@el_xizmetinde
Forwarded from ForReklama
"QULAY IMKONIYAT" aksiyasi — siz uchun juda hamyonbop taklif!

👉🏻 Barcha obunachilar uchun qulay taklifimiz bor: endi siz Telecard uchun 40 000 so‘mlik dastlabki to'lovni amalga oshirib, keyin esa 11 oy ichida 36 000 so‘m (+ abonent to‘lovi)ni to'lashingiz mumkin.

🌟Shuningdek, siz tyuner uchun 40 000 so‘mlik dastlabki to'lovni amalga oshirib, keyin esa 11 oy ichida 63 500 so‘m (+ abonent to‘lovi)ni to'lashingiz mumkin.

Aksiya shartlari:
▪️tyuner yoki TeleCard uchun to‘lov xizmatlarga ulangandan boshlab 11 oy davomida oyning 1-sanasida teng qismlarda amalga oshiriladi;
▪️ulanish vaqtida abonent ulanish uchun toʻlovni, joriy oyning oxirigacha telekanal paketining narxini va agar kerak bo'lsa, qo'shimcha ish va sarflangan materiallar uchun to'lovlarni amalga oshiradi.

Ya'ni👇🏼
☑️ Ulanish vaqtidagi dastlabki to'lov;
☑️ 11 oy davomida Telekard yoki Tyuner uchun keyingi oylik toʻlovlar.

Aksiya haqida batafsil ma'lumotni saytimiz: uzdtv.uz yoki 1065 qisqa raqami orqali olishingiz mumkin.
Forwarded from Р У
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"EcoFiltr" – Суў фильтрлери

🏠🚰 Суўдағы хлорды, шорды, дузды тазалап береди

🕳Жер кранының ашшы суўын душшы етип, адам организмине керек болған минералларды қосып береди!

🇨🇳 🇷🇺 🇺🇸 🇹🇷 🇺🇦 🇮🇹 6 мәмлекеттен келген фильтрлер

🛠Хызмет көрсетиў 5 жыл бийпул!

🚚 Бизде Акция!!! Март айында қала ҳәм районларға жеткерип ҳәм орнатып бериў бийпул, асығың!!!

☎️Толық мағлыўмат ушын:
+998889030008, +998889020008

Енди көшеден суў тасып ўақтыңызды кетирмейсиз ҳәм асқазан, бүйрекке таc жыйналыўынан қутыласыз!
ЭНЕРГИЯНЫҢ ТАЎСЫЛМАС ДЕРЕГИ
Ямаса  қус парўазына ҳәўес еткен алым менен сәўбет


   Буннан сәл алдын  Халықаралық пресс-клубта “Альтернатив энергия дереклери - раўажланыў тийкары” темасында баспасөз конференциясы өткерилди. Сөзге шыққан энергетика министри орынбасары Шерзод Хожаев 2050-жылға барып үлкемизде тәбийий газ, көмир ҳәм нефть өнимлеринен жанар май ретинде пайдаланыўдан басқышпа-басқыш ўаз кешип барылыўын хабарлады. Буны Өзбекстан дүньяның алдыңғы қатардағы мәмлекетлери тәрепинен қабыл етилген углеводород нейтраллығы программасына қосылғаны ҳәм миннетлеме алғаны менен түсиндирди.

 Министр орынбасары атап өтиўинше, қуяш ҳәм самал энергетикасына өтиў бойынша 2030-жылға шекем белгиленген мақсетли көрсеткишлер бар. Бул ўақыт аралығында үлкемизде жәми қуўаты кеминде 5 мың мегаватт (МВт) қа жақын самал электр станциялары ҳәм 7 мың МВтлы қуяш электр станциялары иске түсириледи.

 Қарақалпақстанда бул бағдарда дәслепки қәдемлер тасланды. Атап өтетуғын болсақ, Беруний районында 100 МВт қуўатлылыққа ийе болған жаңа самал электр станциясы қурылысына Президентимиз тәрепинен старт берилди. Биз бул жойбардың әҳмийети ҳаққында қәниге алым, ӨзИА Қарақалпақстан бөлиминиң тәбийий илимлер институты қайта тиклениўши энергия бөлими баслығы Юсуп КАМАЛОВ пенен сәўбетлестик.
 
- “Жасыл энергия”ның дәстүрий электр энергиясынан абзаллығы неде?

- Ҳәммемизге мәлим, дәстүрий усылда электр энергиясын ислеп шығарыў ушын газ, нефть сыяқлы тәбийий ресурслар керек болады. Дурыс, Өзбекстан тәбийий газ резервине ийе мәмлекет. Бирақ, ол таўсылмас байлық есапланбайды. Самал болса ҳеш қашан тоқтап ямаса таўсылып  қалмайды.

 Беруний районында қурылып атырған самал электр станциясы иске түсирилгеннен кейин 120 мың шаңарақ электр энергиясы менен тәмийинленеди. Бул, егер Қарақалпақстанда 360 мың әтирапында хожалық бар екенин есапқа алсақ, олардың үштен бир бөлегиниң электр тогына болған зәрүрлигин бир ғана усы қурылыс объекти қандырады дегени. Тақыятас ыссылық электр станциясында 100 МВт энергия ислеп шығарылыўы ушын 106 миллион куб метр тәбийий газ талап етиледи. Бунша муғдардағы баҳасыз байлық пенен 38 мың хожалықты бир жыл даўамында тәмийинлеў мүмкин. Беруний районында болса 33 мыңға жақын шаңарақ бар. Көрип турғаныңыздай, самал энергетикасы үлкен муғдардағы тәбийий ресурсларды тежеў имканиятын береди.

 Президентимиз бул станцияға тырнақ тасын қалаў мәресиминде Қарақалпақстанда әмелдеги бес жыллықта қуўаты дерлик 1800 МВт болған 3 самал электр станциясы иске түсирилиўи, 2026 жылға барып мәмлекетимиз көлеминде 4000 МВт электр энергиясы ислеп шығаратуғын станциялар қурылысын ескертип өтти. Буған қуяш электр станцияларын да қоссаңыз, жағдай және де айқынласады.
         
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы тутыныўшыларды электр энергиясы менен тәмийинлейтуғын Тақиятас ЫЭС 1190 МВт энергия ислеп шығарады. Буннан жуўмақ шығарыўымыз мүмкин, келешекте тәбийий ресурсларды талап ететуғын электр станциялары орнын қайта тиклениўши энергия дереклери ийелейди. Нәтийжеде тәбийий газымыз ҳәм басқа тәбийий байлықларымыз тежеледи. Раўажланған мәмлекетлер әллеқашан бул ислерди әмелге асырып болған. Атап айтқанда, Данияда көплеген аўыллар 100 процент самал электр энергиясы менен тәмийинленген.
 
- Не ушын дәслепки самал электр станциясы әйне Беруний районында қурылып атыр? Бул аймақты таңлаўда нелерге көбирек итибар берилген?

- Әдетте бундай станцияларды қурыўдан алдын жыл даўамында тәжирийбе өткериледи. Себеби, самалдың өзгешелиги арнаўлы өлшеў әсбаплары жәрдеминде ҳәр секундта үйренилип барылады ҳәм бир жылға баланс шығарылады. Беруний районында таңланған орын да усындай жол менен анықланған ҳәм шет елли инвесторларға да мақул болған.

 Бундай имаратларда ислеп шығарылған санаатқа мөлшерленген электр қуўаты мәмлекеттеги бирден-бир энергетика системасына толық жалғанады. Себеби, АҚШлы исбилермен Илон Масктың “Тесла” компаниясы тәрепинен Австралияда иске түсирилген 100 МВтлық аккумуляторын есапламағанда, дүньяда бундай үлкен муғдардағы қуўатты сақлай алатуғын аккумулятор жоқ.
Самал электр станцияларын Үстирт чинкларында да қурыўға болады. Себеби, ол жерлерде мудамы самал есип турады. Бирақ. санаат мүтәжлиги ушын ислеп шығарылатуғын электр қуўаты ушын арнаўлы үскенелерде жыл даўамында самал күшин өлшеп барыў зәрүр.
 
-  Самал есабынан ислейтуғын станциялардың унамсыз тәреплери де бар ма? Айтайық, “Олар көшпели қуслар ушын қәўипли. Әтирапқа 40 децибелден асатуғын, саламатлық ушын зыянлы даўыс толқынларын тарқатады” деген гәплер ҳақыйқатқа жақын ба?

- Қусларға қәўип туўдырыўы рас. Себеби бул станцияның пәриклери күтә үлкен болып, пәриклердиң ушы секундына 60 метр тезликте айланады. Солай екен, ушып өтип атырғанында өзине келип урылған қусларды набыт етиў мүмкиншилиги жоқары. Пәриклер арасынан қус ушып өтип үлгере алмайды. Сол себепли станциялар қурылатуғын орын дәслеп орнитологлар тәрепинен де үйренилип шығылады. Заманагөй самал электр станциялары пәриклери әсте айланатуғын ҳәм көп электр қуўатын жыйнай алатуғын дәрежеде раўажландырылмақта.

Көшпели қуслар жылына еки рет топарласып ушады ҳәм бир ҳәпте ишинде бул жерден толық өтип болады. Базы мәмлекетлерде қуслардың көшиў мәўсиминде станциялар искерлиги ўақтынша тоқтатылып турылады.

Даўыстың зыянлы тәрепи менен байланыслы болған мәселе болса, әллеқашан өзиниң унамлы шешимин тапқан. Яғный заманагөй самал электр станциялары инсан саламатлығына зыян жеткеретуғын дәрежеде шаўқым шығармайды.
 
- Дерлик ярым әсирден берли самал қуўаты мәселелери менен шуғылланады екенсиз, илимий изертлеўлериңиз нәтийжеси қандай болды?

- Санаатқа керекли энергия ислеп шығаратуғын станция ҳаққында мен де көп изленислер алып бардым, бул бойынша өзимниң жеке пикирим бар. Ҳәзирги ўақыттағы самал электр станциялары вертикал болып, пәриклериниң өзи 120 метрди қурайды. Мениң ойлап қойғаным болса горизонтал формаға ийе. Буннан тысқары, әмелдеги турбиналардың ең үлкени жылына 17 МВт, мениң усыныс етип отырған, ойлап тапқан турбина болса 70 МВтқа шекем электр қуўатын өндириўи мүмкин. Сол себепли идеяларымды бир неше мәрте тийисли шөлкем-мекемелерге усыныс етип келдим, бирақ маған исенбегенлиги себепли барлығы қағазда қалып кетти. Ҳәзир 71 жастаман. Усынысларым ҳеш болмағанда, сынақтан өткерилиўин көрсем еди, деп әрман етемен.
 
- Журналистлер сиз ҳаққыңызда дельтапланларда ушып, самалдың тәсирин үйренер екен, соның менен бирге, бул аппарат жәрдеминде Арал теңизи үстинде саяхат етиў мүмкинлигин тастыйықламақшы болған,-деп жазыпты. Бул қандай тәжирийбе екенлигин түсиндирип берсеңиз...

- Туўры, Шылпық қорғаны қасындағы төбеликлер үстинен дельтапланларда ушып тураман. Бирақ, бул жумыстың самал тәсирин сынап көриўге ямаса Арал теңизине саяхат етиўге улыўма байланысы жоқ. Мени балалығымнан бир зат қызықтырып келеди. Неге биз адамлар да қуслар сыяқлы уша алатуғын технологияны ойлап таба алмай атырмыз?
 
- Қайтадан велосипед ойлап табажақсыз ба? Самолёт ҳәм вертолётлар бар-ғой...

- Олар пүткиллей басқа мәселе. Салмағы тек 100 грамм келетуғын базы көшпели қуслар тынымсыз қанат қағып, 10 мың километрге шекем уша алады. Сол процесс даўамында, олар дәрриў артына ямаса қапталға қарай бурылыўы мүмкин. Сондай технология адамзат тәрепинен жаратылған ба? Яқ! Бул жумбақ сырын еле ҳеш бир алым таба алмаған. Атап айтқанда, мен де.

Вертолёт ҳәм самолётлар болса бундай уқыпқа ийе емес. Дельтапланда ушып тәжирийбе өткериўден мақсетим болса, қуслар қалайынша бул тәризде ҳәрекетлене алыўы ҳаққында анық ой саўлелендириў болып табылады.
 
- Бир ўақытлары, Леонардо да Винчи де соған уқсаған тәжирийбе өткерген екен...

- Әлбетте, Леонардо да Винчиге уқсаў, ол адамдай болыў қыйын. Бирақ бул мәселеде бас қатырғанлар жүдә көп.
 
- Самал электр станциясы туўралы идеяңызды әмелге асырыў ушын сизге не керек?

- Күтә үлкен муғдарда қаржы зәрүр! Шет елде қандай да бир зат ойлап табылса, исенеди ҳәм үлкен ақшаға сатып алады. Бизде, керисинше, негедур илимпазларымызға исенбейди. “Булардың қолынан не келер еди?”-деген сыяқлы, бийпарық мунәсибетте болады. Бизиң ең әззи ҳәм ашынарлы машқаламыз әне сонда.

 
 “ISHONCH” хабаршысы
 Есимқан ҚАНААТОВ сәўбетлести
ҚУШАҒЫ ҚУТ ҚЫЗЫЛҚУМ
(Наўайы ўәлаятындағы алтын кәнлери ҳаққында)

Бүгинги күнде Таўелибай (ҳәзирги Наўайы ўәлаяты) үлкесинен өндирилетуғын алтын кәниниң ең дәслеп қалай табылғанының тарийхы да кең жәмийетшиликке белгисиз болғаны менен сол әтирапты әййемнен мәкан еткен қарақалпақлар бул қупыяны ҳәмийше есинде сақлап келген.

Таўелибай үлкесиниң көп жерин алып атырған шөлистанлықты ата-бабалар ертеден-ақ «Қызылқум» деп атаған. Оның қәсийети жөнинде «Қыдыр дарыған Қызыл», «Уллы Қызыл» деп тәрийп етеди. Ески заманда алтынның өзин «қызыл » деп атаған екен. Халық нақылы «Қызыл көрсе периште жолдан шығар» деп келтиреди. Буны гейде «Алтын көрсе» деп те айтылатуғыны, екеўиниң бир мәниске ийе екениниң дәлийли.

Мақаланың даўамын төмендеги силтеме арқалы оқыйсыз

👇

https://elxizmetinde.uz/qq/4360.html

@el_xizmetinde
ҚЫРЫП ТАСЛАНҒАН ТУРАН ЖОЛБАРЫСЫ ҲАҚҚЫНДА НЕ БИЛЕМИЗ


Халқымыз арасында жүрген аңыз, әпсаналарға қарағанда Орта Азияда жасаған ең соңғы «Туран жолбарысы» 1956-57-жыллары атылған, ал жарақатланған жолбарыс бабамыз Ерназар Алакөздиң қәбири басына барып жан тапсырған екен. Не ушын бул ҳайўан түри қырылып кеткен. Кимлер ямаса нелер себепши болды екен? Усы мақсетте китапларды ақтарып, ески газета журналларды титкилеп, жасы үлкен аталарымызды сәўбетке тартып, оларды илимий жақтан сәйкеслигин тексере отырып төмендегилерди анықладық.

Даўамы

👇

https://elxizmetinde.uz/qq/4366.html

@el_xizmetinde
Монғолия пайтахты Улан-Баторда болып өтип атырған спорт гүреслери бойынша Азия чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да мүнәсип түрде қатнаспақта.
Атап айтқанда, командамыз ағзаларынан 87 кг салмақта Токио—2020 Олимпиада ойынларыныӊ қатнасыўшысы жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов гүмис медалды жеӊип алған болса, 55 кг салмақта Жасурбек Ортиқбоев қубла кореялы Хёк Жин Чонды, 130 кг салмақта Мўминжон Абдуллаев сингапурлик Тимоти Ю Лоҳди жеӊилиске ушыратып, чемпионаттыӊ қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

https://elxizmetinde.uz/qq/4369.html

@el_xizmetinde
«Права»ға оқыў баҳалары «әдеўир» қымбатламақта

Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, 2022-жылдың март айында айдаўшылыққа таярлаў бойынша курслардың баҳалары февраль айына салыстырғанда яғный бир айда орташа 13,3 процентке артқан.

Айдаўшылыққа таярлаў бойынша курслардың баҳалары жыл басынан берли орташа 13,9 процентке қымбатлаған.

Айдаўшылыққа таярлаў бойынша курслардың баҳалары өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда яғный бир жылда орташа 15,2 процентке қымбатлағаны бақланған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@el_xizmetinde
Бир-еки жыллықта «Бүгин республикамызда шығып турған көпшик жергиликли газеталар өлип болды, буннан былай олар стилин, формасын өзгертпесе жасай алмайды» деген магистрант қыздың дссертация жақлаўы пайытында шығып сөйлеўи мәмлекетлик комиссия ағзаларының арасында тартыслы пикирди келтирип шығарды: газеташылардың кеўлине келди, «олай демең, газеталар өлген жоқ, газеталар өлмейди, газеталар жасаўы тийис» деди; «Интернет оларды қатардан қысып шығарады, газеталардың кереги шамалы» деди тағы бири.

https://elxizmetinde.uz/qq/4373.html

@el_xizmetinde
Дәўлетмурат Тәжимуратов қаяқта?

Көшеде, жумыста, телефон арқалы бизден «Дәўлетмурат Тәжимуратов қаяқта, неге көринбей қалды?», «Не болды, аманлық па?» деген сораўлар көп болмақта.

Д. Тәжимуратов ҳәзир үйинде. Көринбей атырғаны себеби алдын да каналында ораза айы өткенше халықтан мүрәжат етпеўин сораған еди. Тап солай. Ораза айы өтемен дегенше пуқаралардың мүрәжатларын қабыллай алмайды, себеби түсиникли болса керек.

Солай болса да, көп санлы пуқаралар еле де үйине излеп барып атырған. «Азы-кем сабыр ете турың, пуқаралар менен әлбетте ислесиўди даўам етемен» деп билдирмекте өзи.

Редакция

@el_xizmetinde
Үй-жай ижара баҳалары 15 пайызға көтерилди

Россия ҒХҚлары малыўматына қарағанда, ақырғы бир ярым айда Өзбекстанға 5 мыңнын артық россияалылар келген.

Нәтийжеде февраль айының ақырынан март айының орталарына шекем Ташкетнтте квартира ижарасы орташа баҳасы 15 пайызға көтерилген.

Республикада соңғы үш айда ижәра баҳасы 0,9 пайыздан, яғный 2021-жылдың орташа дәўирине қарағанда еки есе қымбатлаған.

Дерек: @Militsiya_Uzb

@el_xizmetinde
🇺🇿 Енди қағаз сары реңде болады: А4 қағаз ислеп шығарыўшылары экоқағаз ислеп шығарыўға өтти

Енди офис қағазы бурынғыдай сары реңде болады. Буған Өзбекстанға баслы қағаз жеткерип бериүши Россияда ағартыўшы бирикпелер жетиспеўшилик себеп болмақта.
Айтып өтсек, сары реңли экоқағаз баҳасы бир ай даўамында бир неше мәрте көтерилген ақ қағазға қарағанда арзанырақ болады.

Дерек: @Militsya_Uzb

@el_xizmetinde
"Вашингтон Пост" басылымы журналистлери Бухараның бурынғы әмири, Әмир Алимханнан интервью алыўға келген.

Қабул, 1930-жыл

Дерек: https://t.me/olimjon_usarov

@el_xizmetinde