"Шахтемир" жаслары
101 subscribers
2.95K photos
319 videos
49 files
1.39K links
Download Telegram
Бүгин Шахтемир стадионында ДХХ кубогы шеңберинде өткерилип атырған мәхаллелер арасында футбол жарысы  2-турында "Шахтемир" МПЖ жигитлеринен дүзилген командамыз "Қостерек" АПЖ командасы менен ойынға түсип 4:0 есабында жеңип шықты. Жасларымызға кейинги басқышында әу'мет тилеп қаламыз...
Бүгин Шахтемир стадионында ДХХ кубогы шеңберинде өткерилип атырған мәхаллелер арасында футбол жарысы  3-турында "Шахтемир" МПЖ жигитлеринен дүзилген командамыз "Дослық" МПЖ командасы менен ойынға түсиу'и керек еди. Қарсылас команда ойынға келмей қалыу'ы себепли келесі 3 очконы қолға киргизди. Жасларымызға кейинги басқышында әу'мет тилеп қаламыз...
Бүгин Шахтемир стадионында ДХХ кубогы шеңберинде өткерилип атырған мәхаллелер арасында футбол жарысы  4-турында "Шахтемир" МПЖ жигитлеринен дүзилген командамыз "Қамысарық" АПЖ командасы менен ойынға түсип 1:0 есабында жеңип шықты. Жасларымызға кейинги басқышында әу'мет тилеп қаламыз...
Forwarded from Shimbay.uz
Шымбай районында барлық электр энергиясы тутыныӯшыларына 2024-жылы 21-апрель күни Тақыятас ЫЭС шығыӯшы жоқары кернеӯли 110 кВ «Орайлық» ҳаӯа узатыӯ тармағында реконструкция-модернизация жумыслары өткерлиӯине байланыслы Шымбай районында барлық АПЖ ҳәм МПЖ аймақларында гезекпе-гезек электр энергиясында шеклеӯлер болатуғынлығын ЕСКЕРТЕМИЗ.
Forwarded from А А Ж
↗️↗️↗️↗️↗️
⚡️1-майға шекем свет хәм газ ушын есап бетине алдын ала пул салып қойғанларға 2 ай даўамында қымбатлаған тарифлер қолланылмайды

Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

🔰Ҳәммеге белгили, Ҳүкиметтиң қарары менен 1-майдан баслап свет ҳәм газ ушын төлемлер қымбатлайды.

📝 Бирақ, Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған Электр энергиясы ҳәм Тәбийий газден пайдаланыў қағыйдаларына бола, пуқара өз қәлеўи менен 2 айдан көп болмаған мүддет ушын электр энергиясы ҳәм тәбийий газге пулын алдын ала төлеп қойыўы мүмкин.

❗️Бунда тариф өзгерген жағдайда қосымша пул өндирилмейди.

☝️Демек, пуқара 1-майға шекем 2 ай пайдаланатуғын свет хәм газы ушын пулды алдын ала төлеп қойса, усы 2 айдың пулы 1-майға шекемги, яғный хәзирги күнги тарифлер бойынша есапланады.

📄 Мағлыўмат ушын. Ҳәзирги тарифлер электр энергиясы ушын 1 кВт/саат=295 сум, тәбийий газ ушын 1 куб метр=380 сум.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
#МOTIVATSIYA

Kim bolg'anin' ahmiyetli emes, kim bolatug'inin' ahmiyetli! Аlg'a!!!
Бүгин Шахтемир стадионында ДХХ кубогы шеңберинде өткерилип атырған мәхаллелер арасында футбол жарысы  5-турында "Шахтемир" МПЖ жигитлеринен дүзилген командамыз "Қаракөл" МПЖ командасы менен ойынға түсип 3:1 есабында жеңип, группадан шығып кейинги басқышқа жол алды. Жасларымызға кейинги басқышында әу'мет тилеп қаламыз...
👭👬Balańızdıń inglis hám rus tillerin úyrenip, emin-erkin sóylewin qáleysiz be⁉️

📣📣📣Onda sizdi qalamız orayında jańadan ashılǵan NEW YORK SCHOOL oqıw orayımızǵa tómendegi kurslarǵa mirát etip qalamız❗️

🔸GENERAL ENGLISH
🔸RUS TILI
🔸MULTILEVEL
🔸IELTS
🔸KIDS
🔸DTM


Mánzil: Shımbay rayonı I.Yusupov gúzarı 74-úy.
Baǵdar: «Ájiniyaz Qaraqalpaq» dárixanası.

+998954440098

+998905750098
🇰🇿 Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында 19-21-апрель күнлери спорттың Jiu-jitsu  гүреси түри бойынша AJP TOUR Миравой Турнири жарысында 69 кг салмақта "Шахтемир" МПЖдан жасымыз Абдиразақов Айбек Өмирзақ улы сыйлы 1-орынды ийелеп жеңимпаз болды. Тарбия берген ата-анасына, устазларына рахмет айтамыз. Изи дау'амлы болсын
🇰🇿 Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында 19-21-апрель күнлери спорттың Jiu-jitsu  гүреси түри бойынша AJP TOUR Миравой Турнири жарысында 69 кг салмақта "Шахтемир" МПЖдан жасымыз Абдиразақов Айбек Өмирзақ улы сыйлы 1-орынды ийелеп жеңимпаз болды. Усы жылдың 2-5-май күнлери Бирлескен Араб эмиратының Абу-Даби қаласында болып өтетуғын Азия чемпионатына жоллама алды. Тарбия берген ата-анасына, устазларына рахмет айтамыз. Изи дау'амлы болсын.
Бүгин Шахтемир стадионында ДХХ кубогы шеңберинде өткерилип атырған мәхаллелер арасында футбол жарысы  6-турында "Шахтемир" МПЖ жигитлеринен дүзилген командамыз "Таза жол" АПЖ командасы менен ойынға түсип 3:2 есабында жеңип, ярым финал басқышқа жол алды. Жасларымызға кейинги басқышында әу'мет тилеп қаламыз...
ДХХ кубогы шеңберинде өткерилип атырған мәхаллелер арасында футбол жарысында "Шахтемир" МПЖ жигитлеринен дүзилген командамыз сыйлы 3-орынды ийеледи. Жасларымызды бул жетиликенлиги менен шын жүректен қутлықлаймыз.
#диққат  #эслатма

☎️ Барча билиши зарур бўлган телефон рақамлари – рўйхат

▪️101 – ўт ўчириш хизмати
▪️102 – милиция
▪️103 – тез тиббий ёрдам хизмати
▪️104 – газ хизмати
▪️1050 – қутқарув хизмати
▪️1001 – об-ҳавони билиш учун алоқа хизмати.
▪️1004 – аниқ вақтни билиш учун алоқа хизмати.
▪️1054 – “Сувсоз” ДУК авария хизмати.
▪️1069 дорихона ва дори-дармонларни топиш учун алоқа хизмати.
▪️1009 – барча ташкилотлар манзили, телефон рақами, томошалар намойиши, кўргазмалар иш жадвали, халқаро ва шаҳарлараро телефон кодлари, шаҳарлар индекслари ва бошқа маълумотларни тақдим этувчи алоқа хизмати.

Бу маълумотларни сақлаб қўйинг ва яқинларингизга ҳам жўнатинг!
1991-yil — Alisher Navoiy yili
1992-yil — Hamshiralar yili
1993-yil — Ahmad Yassaviy yili
1994-yil — Mirzo Ulug‘bek yili
1995-yil — Ibn Sino yili
1996-yil — Amir Temur yili
1997-yil — Inson manfaatlari yili
1998-yil — Oila yili
1999-yil — Ayollar yili
2000-yil — Sog‘lom avlod yili
2001-yil — Onalar va bolalar yili
2002-yil — Qariyalarni qadrlash yili
2003-yil — Obod mahalla yili
2004-yil — Mehr-muruvvat yili
2005-yil — Sihat-salomatlik yili
2006-yil — Homiylar va shifokorlar yili
2007-yil — Ijtimoiy himoya yili
2008-yil — Yoshlar yili
2009-yil — Qishloq taraqqiyoti va farovonligi yili
2010-yil — Barkamol avlod yili
2011-yil — Kichik biznes va xususiy tadbirkorlik yili
2012-yil — Mustahkam oila yili
2013-yil — Obod turmush yili
2014-yil — Sog‘lom bola yili
2015-yil — Keksalarni e’zozlash yili
2016-yil — Sog‘lom ona va bola yili
2017-yil — Xalq bilan muloqot va inson manfaatlari yili
2018-yil — Faol tadbirkorlik, innovatsion g‘oyalar va texnologiyalarni qo‘llab-quvvatlash yili
2019-yil — Faol investitsiyalar va ijtimoiy rivojlanish yili
2020-yil — Ilm-ma’rifat va raqamli iqtisodiyotni rivojlantirish yili
2021-yil — Yoshlarni qo’llab-quvvatlash va aholi salomatligini mustahkamlash yili
2022-yil — Inson qadrini ulug‘lash va faol mahalla yili
2023-yil — Insonga e’tibor va sifatli ta’lim yili
2024-yil  Yoshlar va biznesni qo'llab-quvvatlash yili
Forwarded from "Шахтемир" жаслары (Тлеу'баев Бахтыбай Ережепбаевич)
Табысқа ерискен инсанлардың өзине тән 20 қәсийети:

1. Басқалар ислей алмаған жумыстың олар жолын излейди, қол силтеп кетпейди;

2. Басқалар әўметсизлик деп билген нәрселерди, олар өмир сабақлары деп есаплайды;

3. Олар анық ойланған режелерди қабыл етеди;

4. Басқалар әўметти күтип отырса, олар әўметти өзлери излейди;

5. Басқалар сыяқлы оларда да қорқыў бар. Бирақ қорқыў оларды басқарыўға жол қоймайды. Олар қорқыўды әпиўайы бир қәўетерлениў деп есаплайды;

6. Олар сондай сораўларды береди, жуўабы инсанды терең ойлаўға мәжбүр етеди;

7. Олар шағым етпейди – шағым етиў артықша күш жумсаў деп есаплайды;

8. Олар басқаларға айыпты аўдармайды. Керисинше бәрше қылған ҳәрекетлери ҳәм олардың нәтийжелери ушын толық жуўапкершиликти өз мойнына алады;

9. Оларда өзгеше бир талант болмаўы мүмкин, бирақ олар ҳәр дайым машқаланы шешиў ушын максимал шешим таба алады. Олар өзлеринен көбирек нәрсени талап етеди;

10. Олар жүдә бәнт, нәтийжели ҳәм пунктуал инсанлар. Қайжерде болмасын олар әтираптағылардың өзлерин тап ислеп атырғандай тутып ўақыт өткерип атырғанлығын додаламастан, шын кеўилден берилип ислейди;

11. Олар өз мақсетлерине жетисиўде әтирапына ең нәтийжели тәсир көрсететуғын бир пикирли инсанларды жыйнайды;

12. Олар өзлерине "неге енди мен емес" деген сораўды береди. Бул болса ағым бойынша жүзбеўге жәрдем береди;

13. Басқалар өз өмирин шеттен бақлап атырған бир ўақытта, олар өмириниң қандай болыўын анық көз алдына келтире алады ҳәм сондай болыўға ҳәрекет етеди;

14. Олар еликлемейди, ал өз жолларын жаратады;

15. Олар өз жумысларын артқа сүрмейди, яғный, олар өмирде қандайда бир нәрсени күтип жасамайды;

16. Олар өмир бойы үйрениўде шаршамайды. Ҳәр қандай турмыслық тәжирийбе олар ушын сабақ;

17. Олар оптимист адамлар, сол себепли ҳәр нәрсениң пайдалы тәрепин көре алады;

18. Олар өзлерин қалай сезиўине қарамастан, ислеўи керек болған жумысты орынлайды;

19. Олар финанслық, сезимлик, кәсиплик ҳәм руўхый тәреплерден тәўекел етиўден қорықпайды;

20. Олар машқалалардан қашпайды, керисинше оларға тик қарайды.
5 кала: ХОЖЕЛИ, КОНЫРАТ, ШЫМБАЙ, ШОРАХАН (ТОРТКУЛ), ШАББАЗ (БЕРУНИЙ)


#Сиз_билесизбе?

Қарақалпақстан Республикасындағы қала ҳәм районлар қашан дүзилген?

Нөкис қаласы: 1932-жыл.
Қоңырат: 1927-жыл, 22-июнь
Шымбай: 1927-жыл, 3-июль
Хожели: 1927-жыл, 3-июль
Беруний: 1927-жыл, 3-июль
Төрткүл: 1927-жыл, 13-июль
Кегейли: 1928-жыл, 3-сентябрь
Мойнақ: 1931-жыл, 15-сентябрь
Тақиятас: 1953-жыл, (қайта 2017-жыл август)
Тақтакөпир: 1965-жыл, 29-декабрь
Шоманай: 1967-жыл, 9-январь
Нөкис р\н: 1968-жыл, 25-декабрь
Қанлыкөл: 1970-жыл, 7-декабрь
Қараөзек: 1975-жыл, 26-сентябрь
Елликқала: 1977-жыл, 23-февраль
Бозатаў: 1979-жыл, 10-апрель (қайта 2019-жыл, сентябрь)




🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢

#ЖЕТИ УРПАҚ:

1) белбала;
2) ақлық;
3) шаўлық;
4) қуўлық;
5) туўлық;
6) баўлық;
7) жатлық. Билемиз бирақ умытамыз.
💙💙💙💙💙💙💙💙💙💙







❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️
#7_ģáziyne

🔔 JETI ĞÁZIYNE


1. Sıyır- xojalıqtıń qassabı hám baqqalı
2. Pal hárre- shańaraqtıń táwibi
3. Jipek qurtı-qızlardıń sebi
4. Mayjuwaz-qazannıń mayı
5. Digirman-qarınnıń belbewi
6. Toģay- imarat súyegi, qazan otı
7. Tawıq- hám gósh, hám dárman

🍒🍒🍒🍒🍒🍒🍒🍒
#Bilip_qoyģan_jaqsı

📚📚📚Musılman ay atlarıniń kelip shıģıw tarıyxı

1.Dáliw - (Yanvar) Rim ápsanalarındaģı Yanus húrmetine "yanvarius" dep atalģan.

2. Hút - (Fevral) Latınsha "fevruarius" "tazalanıw, pákleniw" mánisin ańlatqan;

3.Hámal - (Mart) Diyqanlar hám shopanlardıń qáwenderi Mars húrmetine "martius" sózinen alınģan;

4. Sáwir - (Aprel) Átiraptı gúllerge bezewshi bul gózzal ay atı "Apfire" sózinen kelip shıqqan bolıp, óz gózzallıqların inam etiwshi degen mánisti ańlatqan;

5. Jawza - (May) Mayya "Mayus" atınan alınģan bolıp "gózzallıq, shadıqorramlıq" ayı esaplanadı;

6. Saratan - (Iyun) Yupiterdiń ómirlik joldası Yunona húrmetine qoyılģan;

7. Áset - (Iyul) Rim mámleketlik ģayratkeri hám láshkerbasısı Yuliy Cezar húrmetine atalģan;

8. Súmbile - (Avgust) Rim imperatorı Oktavian Avgust húrmeti ushın qoyılģan;

9. Miyzan - (Sentyabr) - "September" (jeti) degen sózlerden alınģan;

10. Aqırap - (Oktyabr) - "Oktober" (segiz) degen sózlerden alınģan;

11. Qawıs - (Noyabr) - "November" (toģız) degen sózlerden alınģan;

12. Jeddi - (Dekabr) - "Desember" (on) degen sózlerden alınģan.
Aқыл қойдур, нәпси бөри, ийман болса шопан. Егер ийман күшли болмаса, нәпси ақылды жейди.

Жалалиддин Румий

Шопан күшли болмаса бөри қойды жейди...
Егер көлдиң суўы тасыса қумырсқалар балықларға жем болады, ал тартылып кетсе балықлар қумырсқаларға жем болады. Өмир алма гезек...