"Ел хызметинде" газетасы
6.39K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Кеўил_айтыў

Қарақалпақ журналистикасында озине тән айрықша орны бар жерлесимиз, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Измурат Қурбанбаевтың қайтыс болыўына байланыслы оның шаңарағына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
И.Қурбанбаев жигирма жылдан аслам ўақыт "Тахтакөпир таңы" газетасында дәслеп хабаршы, соң жуўаплы хаткер болып мийнет етти. 2004-жылдан ата мәканы- Қазақстан Республикасы Қызылорда областында жасады ҳәм журналистлик кәсибин даўам етти.
Қәниге журналист жерлесимиз Измурат Қурбанбаевтың жарқын естелиги, оның мийнетлери мәңги жүреклеримизде сақланып қалады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

👉👉👉 @el_xizmetinde