Өмир сабақлары.
17.1K subscribers
7.27K photos
971 videos
8 files
569 links
@omir_sabaqlari

Байланыс ушын

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Download Telegram
#Психологиялық_тест:

Өзиңизге унаған сүўрет арқалы минез-қулқыңызды анықлаңыз

Сиз таңлаған сүўрет ишки жан-дүньяңыздың айнасы. Шын мәнисинде минезиңиз қандай екенин анықлайды.
Бир-биримизден жақсы сөзлерди аямайық!

Бир күни адамның дене ағзалары бир-биринен қандай ўақытта дем алатуғынлары ҳаққында сорастыра баслайды.

Көз өзиниң шырайлы нәрсени көрип, қуўанған ўақытта, уйқлағанда дем алатуғынын айтады. Бас та, қулақ пенен аяқ, қол да уйқлаған ўақытта тынышланып, рәҳәтленетуғынын айтады.

Асқазан тек аўқатты сиңдирип болған ўақытта ғана дем алыўға ўақыт табатуғынын айтады. Ҳәр қайсысы өз пикирлерин ортаға таслайды. Тек жүрек ғана үндемейди.

Барлығы таңланып:

- Сиз күни-түни тоқтаўсыз жумыс ислейсиз. Сонда қайсы ўақытта дем аласыз? - деп сорайды.

Сонда жүрек:

- Мен кеўилге жағымлы, жыллы сөзлерди еситкенде, Қуран тыңлағанда ҳәм Аллаҳ тааланы зикр қылғанда ғана дем аламан, - деген екен...

Бир-биримизден жақсы сөзлерди аямайық! Қәлбимиз дем алсын!
Forwarded from JANA DAUS
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
“Лезюков көшесиндеги пышық” (СОЮЗМУЛЬТФИЛМ)
#Психологиялық_тест

Өзиңизге унаған сүўрет арқалы минез-қулқыңызды анықлаңыз

Сиз таңлаған сүўрет ишки жан-дуньяңыздың айнасы. Шын мәнисинде минезиңиз қандай екенлигин анықлайды.

1. Кәрўанбасшы. 

Сиз ҳәрдайым өз қәлеўиңизге қол жеткизесиз. Ҳешқашан ойыңызды жасырмайсыз және адамларға туўрысын айтқанды жаныңыз сүйеди. Сиз өтирик айтыўға үйренбегенсиз. Ашықлығыңыз бенен туўрашылығыңыздың арқасында айналаңыздағы адамлар сизди сыйлайды. Қандай басламаны қолға алсаңыз да сизге ҳақыйқый қоллаў билдиретин досларыңыз жүдә көп.

2. Қорғаўшы.

Сиз айналаңыздағы адамларға ҳәрдайым ғамқорлық ислеп жүресиз. Және жаныңыздағы жолдасыңызды ҳешқашан қыйын жағдайға қалдырып кетпейсиз. Мийримлилик пенен жақсылық ерте ме, кеш пе жеңиске жететуғынына исенесиз. Ал өзиңиздиң қәлеўиңизди ҳәрдайым соңғы орынға қоясыз. Қолыңыздағы соңғы асыңызды танымайтуғын адамға бериўге тайынсыз.

3. Данышпан.

Әлемниң сырын таныўға умтыласыз. Усы сүўретти таңлаған болсаңыз, сиз ҳәрдайым болған жағдайлардың ҳақыйқатын ашыўға тырысасыз. Тез шешим қабыллайсыз. Уақытыңыздың көп бөлегин өзиңизди раўажландырыўға жумсайсыз. Жаныңыз тынышлықты сүйеди. Тәбиятта қыдырыўды унатасыз. Қаланың шуўлы тиришилиги сизди тез жалықтырады.

4. Әрманшыл.

Сиз қыялға ерик бересиз. Соның менен қатар ишки сезимиңиз сизди алдамайды деп исенесиз. Шешим қабылларда ҳешқашан қәтелеспейсиз. Гейде айналада болып атырған ўақыяларға ҳақыйқый көзқарас пенен қараўды умытып кетесиз. Гейде өз әлемиңизге кирип, өзгелерди көзге илмейтуғын ўақытларыңыз болады. Сизди түсиниў жүдә қыйын.

5. Устаз. 

Сиз ушын тек ғана сизиң дурыс пикириңиз бенен өзгелердиң бурыс пикири ғана бар. Сиз өзиңиздиң ҳақыйқатыңызға ғана исенесиз. Өзгелердиң пикири сиз ушын әҳмийетли емес. Соның мене қатар өз ойыңызды өзгелерге жеткизиўге, оларды өзиңиздиң мақсетиңиз бойынша тәрбиялаўга қумарсыз. Гейде пикир таласларға араласып, олар сизиң ойыңыз бенен келиспесе өкпелеп те қаласыз.

6. Кеўилли адам.

Қандай ортада болмасын өзиңизди еркин услайсыз. Кеўилли минезиңиз барлығына да унайды. Гез келген адам менен аңсат тил табысып кетесиз. Жаныңыздағы адамның бойындағы шынайылығын жоқары баҳалайсыз. Сизиң жаныңыздың тазалығы менен өмирге деген қуштарлығыңыз ушын адамлар ҳәрдайым жаныңыздан табылады.
Aқыл қойдур, нәпси бөри, ийман болса шопан. Егер ийман күшли болмаса, нәпси ақылды жейди.

Жалалиддин Румий

Шопан күшли болмаса бөри қойды жейди...

@omir_sabaqlari
Қайсы халықтың диянатын билмекши болсаңыз, ҳаяллардың кийиниўине қара!

Тоҳир Малик

@omir_sabaqlari
Жетиспеўшилик сизиң ийманыңызда, қалтаңызда емес...
Ҳешкимнен, ҳеш қандай жақсылық күтпеймен, тек маған зыян бермесеңиз болды...

@omir_sabaqlari
​​ОПАДАР ИЙТ

Бир жуплықтың турмыс қурғанына көп ўақыт болғанына қарамай, бир неше жыллар даўамында перзентлери болмапты. Ерли - зайыплы өзлерин жалғыз сезинбеў ушын немис ийтин сатып алыпты. Олар, бул ийтке жүдә меҳир қояды ҳәм тап өзлериниң перзенти сыяқлы өсиреди. Ийт үлкейди ҳәм үлкен, шырайлы, ақыллы ийтке айланды. Бир неше рет хожайынының үйин урылардан сақлайды, садық ҳәм исенимли болады.
Ийтти бағып алғанларына жети жыл болғанда, ерли-зайыплы перзентли болыўға еристи. Олар жүдә бахытлы еди ҳәм перзентине дерлик бар ўақтын арнады. Бирақ ийтке итибар азайды. Ийт өзин керексиздей сезинди ҳәм хожайынын баладан қызғана баслады. Бир күни ерли-зайыплы баласын бөлмеге уйықлатып, өзлери ҳәўлиге шығып отырды. Баладан хабар алыўға ишке барғанда, алдынан аўзы қан болған ийт қуйрығын қыймылдатып шығып қалды.
Баланың әкеси әллеқандай жаман қыяллар менен сол ўақытта ийтти атып таслады. Кейининен жуўырып баласының уйықлап атырған бөлмесине кирди. Ол жерде үлкен жылан бассыз, қанға боялып жатар еди. Сол ўақытта, баланың әкеси асығыслық етип жаман қыялға барғанын аңлады ҳәм опалы ийтин өлтиргени ушын қатты жылады.

Биз гейде инсанларды нахақ айыплаймыз. Әдетте, кейни не боларын ойламастан сөйлеп қоямыз. Неге инсанлар бундай еткениниң себебин билиўге де урынбастан жуўмақ шығарамыз. Бизге олардың қандай сезимде екени, жағдайы не болғанының қызығы жоқ. Асығып, қандайдур қарар қабыл еткенимиздиң себебинен келешекте өкиниўимиз мүмкинлигин ойлап та көрмеймиз, гейде.


https://t.me/omir_sabaqlari
#Жақсы_хабар
📖
Нақылды бир айтпаса,
Ақылсыз айтпайды.
Ақыллы адам әңгимесин,
Нақылсыз айтпайды.

🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃

Қарақалпақ халқының бийбаҳа мийрасы болған, сөздиң қаймағы есапланған нақыл-мақалларға қызығыўшы ыкласбентлеримизди жаңадан ашылған "Қарақалпақ нақыл-мақаллары" каналына ағза болыўға шақырып қаламыз. Оның ушын төмендеги силтемени бассаңыз болды 👇

https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal
Пессимист инсан - ҳәр бир имканияттан қыйыншылық излейди. Оптимист инсан болса - ҳәр бир қыйыншылықтан имканият излейди".
Ўинстон Черчилл

- Қыйыншылықтың артында әлбетте, жақсылық бар.
- Ҳеш қашан дүньяға сын нәзери менен қарамаң.
- Мудамы қыйыншылықтан бир жақсылық излең.

@omir_sabaqlari
Туўры жолды табыў ушын әўеле адасып қалыў керек. Устазы бар адамлар болса жолды адаспастан табады.

@omir_sabaqlari
#Жумбақ

Жаўрағанды күйдирер,
Аяғы жоқты жүрдирер,
Өз еркине жиберсең,
Дуйым журтты бүлдирер.
Гейде адам бәринен шаршаўы мүмкин. Өзи қәлейтуғын барлық нәрседен. сүйиўден де, жақсы көриўден де, күтиўден де, сағыныўдан да. Барлығына қол силтеўи де мумкин. Бул әпиуайы жағдай шығар. Бирақ хәмме нәрсениң пайдасыз екенин түсинип, әтирапқа қараған ўақыт жүрегиңнен бир нәрсени үзилип, бослықта қалғаныңды сезинген демлер өмирдеги ең қыйын сәт шығар ойымша. Мүмкин барлығы жақсылыққа шығар. Мумкин алдыда усы күнлердиң өкиниште өткенине қуўанатуғын мәўритлерде жақын шығар. Бирақ, өмир өтиўде, инсан кеўили қалып атыр, исеним жоғалып атыр, сезимлер өлмекте. Булар әпиуайи нәрселер емес. Ҳәр қашан алдымда еки жол турады. Биринши жол ойлағанымнанда зияда жақсы болатуғынын билсемде, мен бәрқулла екинши жолды таңлайман. Неге? Себеби? бул жолда қанша қыйыншылық болсада мен өзим қәлейтуғын қәдирли инсанларым бар еди. Бугинлигимде кимге исендим деген сөз жүрегимниң түп-түбинде жанымды жаралайды. Бәрқулла күшли болып көриниўден шаршайды екенсең. Гейде муңыңды еситетуғын қулақ, жәрдем созатын қол, түсинетуғын жүрек керек екен...

Телеграмнан

@omir_sabaqlari
Адамның жақсы өмир сүриўи ушын ол пүткил адамзатты сүйиўи шәрт емес, бир адамды шынтлап сүйиўи менен ҳәм жан сезимин қәнәәтлендиреди....

©Т.Қайыпбергенов
"Қарақалпақнама"
Сулайман алайҳиссәләм бир қумырысқаны көрип оннан:
- "Бир күнде қанша бийдай жейсең...?", деп сорапты.
Қумырысқа:
- "Бир дана", деп жуўап берипти.
Сулайман алайҳиссәләм оның алдына бир дана бийдайды қойыпты да, үстине бир кесени төңкерип:
- "Күнлик несийбеңди мен келтирип тураман..!", депти. Ертеңине келип, кесени көтерип қараса қумырысқа бир дана бийдайдың ярымын жеп, қалған ярымын услап отырған екен. Сулайман алайҳиссәләм қумырысқаға:
- "Маған бир дана бийдайды бир күнде жеймен, деген едиң! Ярымы аўысып қалғанғо?!" - депти.
Қумырысқа:
- "Ырысқым Аллаҳтың қолында екен, Ол маған күнлик ырысқымды жеткизиўди умытпайды. Бирақ күним саған қалғаннан кейин, есиңнен шығып кетсем не болады, деген уўайым менен ярымын алып қойдым.
Себеби бендеге исеним жоқ! Ырысқы тек Аллаҳтан" - деп жуўап берипти.
Өмир ҳақыйқаты сонда, аз билгенлер көп сөйлейди. Көп билгенлер болса үнсиз жүреди.

@omir_sabaqlari
#Жумбақ

Жаўрағанды күйдирер,
Аяғы жоқты жүрдирер,
Өз еркине жиберсең,
Дуйым журтты бүлдирер.

ОТ (Жалын)
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Инсанлардың ҳақыйқый жүзи қандай болады:

1. Адамлар мени бай деп ойласын деп, жарлылығын жасырады.

2. Адамлар мени ыразы деп ойласын деп, ғәзебин жасырады.

3. Адамлар мени тоқшылықта жасап атыр деп ойласын деп, қыйыншылығын жасырады.