Өмир сабақлары.
17.1K subscribers
7.27K photos
971 videos
8 files
569 links
@omir_sabaqlari

Байланыс ушын

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Download Telegram
#ҳикмет

Инсанның Аллаҳ таалаға деген муҳаббатының белгиси үш пазыйлетинен билинеди:

1. Теңиз сыяқлы қолы ашықлығынан;

2. Қуяшқа уқсаған мийрим-шәпәәтлилигинен;

3. Жер сыяқлы кишипейиллигинен.

Баязид Бистамий раҳимаҳуллаҳ


paziylet.uz
"ӘКЕҢ КИЯТЫР!.."

Перзент ушын ўақты таўсылмайтуғын ең мықлы антивирус - ол анасы. Еркек - дүздиң адамы. Сонлықтан бала көбинесе анасына жақын болып өседи. Бала көп нәрсени өзи улыўмаластырып, шешим қабыллай алмағанлықтан, барлық исте анасының айтқанына жүгинеди. Анасы жақсы көретуғын адамларды ериксиз түрде ол да жақсы көреди. Анасы биреўге өкпелеп қалса, баланың жүрегинде де сол адамға деген ренжиў пайда болады.

*
Егер ҳаял үйинде отырып күйеўин жаманлай беретуғын болса ямаса балаларының көзинше оған ҳүрмет көрсетпесе, ертең балалары да тап сондай әкесин сыйламайтуғын болады. Оның сөзин зорға тыңлап, адам қурлы көрмейди.

Ал ақыллы ҳаял
🍃 "Әкең киятыр!"
🍃 "Ҳәзир әкең келеди!"
🍃 "Әкең ренжийди"
🍃 "Әкеңнен сора"

деген сөзлерди жийи-жийи айтыў арқалы бала санасына әкеге деген өз алдына ҳүрмет пенен сыйласықтың урығын егеди.

Бүгин әкесинен қаймығып, керек гезде оның көз-қарас, қабағынан тайсалып өскен бала ертең жәмийетке опалы, жас-үлкенди сыйлайтуғын тәрбиялы, салмақлы болып өседи ҳәм өзге биреўге емес, ең алды менен, өз әкесине еликлейтуғын болады!

Демек, бул - перзент тәрбиясындағы ең пайдалы тәсирлердиң бири.
ЕКИ АДАМДЫ ЖАРАСТЫРЫЎ ПАЗЫЙЛЕТИ

Имам Термизий рəўияты.

Инсанлар арасында қапаласыўлар, келиспеўшиликлер, түсинбеўшиликлер себебинен өкпелесиўлер ҳəр заманда болып турады. Соны дүзетиў, еки қапаласқан достын жарастырып қойыўдың саўабы соншелли үлкен екен ҳəттеки қыйналып тутылған нəпил ораза, намаз, садақа қылыўдан да саўабы үлкен болады екен. Əтирапымыздағы қапаласқанларды жарастырып бундай үлкен саўапларды қолға киритиўге асығыў керек.
Paziylet каналынан

@omir_sabaqlari
Paziylet kanalinan
Бүгин ислеген жақсылығың - ертең бахыт болып қайтып келеди.

@omir_sabaqlari
Арқадан сөйлейтуғынлар ҳардайым табылады, өйткени биз олардан алдындамыз.

@omir_sabaqlari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Келиншегин жүдә ҳүрметлейтуғын жигит😁
#қысқа

Шофёр сигарет тутатты ҳәм қанша жанылғы қалғанын билиў ушын машина багине үңилди. Марҳум не бары 23 жаста еди.

Ҳикметлер дәптеринен.
Инсaн өзин өзи бахытли деп есапламағанша ол бахыт нелигин билмейди!
Дәслеп өзиңизди жақсы көриң, сиз тәнҳасыз! Өзиңизге меҳир бериң, сиз керекли екенлигиңизди сезиниң!
@omir_sabaqlari
АССАЛАУМА АЛЕЙКУМ ӘЗИЗЛЕР!

🌺Жаңа таң, жаңа күн бәршемизге мүбәрек, қайырлы болсын!

🌺Ҳәр биримиздиң кеўлимиз қәтиржамлықты,

🌺Жүзимиз күлкини,

🌺Шаңарағымыз берекетти,

🌺Қалтамыз дәраматты,

🌺Қәлбимиз ийманды,

🌺Тәнимиз саламатлықты,

🌺Жүрегимиз меҳирди жоғалтпасын!

@omir_sabaqlari
#МЕҲИР!

МЕҲИР - бул инсанның ең уллы туйғысы!

МЕХИР – бул қуяш, ол барлықты өз нуры менен жақтыртады, ысытады.

Ол жүректен жаралады.

Инсан меҳри инсанларга хәтиржамлық, бахтиярлык,, қуўаныш бағышлайди.

Алымлардың айтыўынша, инсаный меҳирдиң ең уллысы бул ананың перзентке болған меҳри!!!
Өмир бул, үйдиң бир есигинен кирип, екиншисинен шығып кетиў, қалас!.

©Нуҳ Алаиҳиссалом.

@omir_sabaqlari
Қапашылық, өкпе-гийнелер кишкене, майда тасларға уқсайды. Оларды ишиңизге алып сақлап жүрмең. Болмаса олар жыйналып, аўырласып бир күни қәддиңизди бүгип жибереди.

@omir_sabaqlari
Жақсылық ислеў ушын бай болыў шәрт емес, тек таза нийет пенен мийримли жүрегиң болса болғаны!

@omir_sabaqlari
BAXADIR.R - DUNYA +
<unknown>
"Dúnya"

Kóptiń arzıwların, urlaǵan dúnya,
Ant etip, wádede turmaǵan dúnya,
Dáme berip, baǵ-dáwletten, baxıttan,
Qıyalǵa qılıp más, aldaǵan dúnya.

Talayǵa baq berip, saray saldırǵan,
Birewdi ayralıq, dártten soldırǵan,
Sınap, geybirewdi haqtan jandırǵan,
Juwapsız sorawlı, biri kem dúnya.

Naqıratı

Dúnya, nege bunsha sırlısań dúnya,
Dúnya, sheksiz, mıńsan qırlısań dúnya.

Baylanıp baylıqtıń duzaq torına,
Adasqan birewler ómir jolınan,
Kezi kelse siltep, dostıń qolınan,
Ketkenlerge sabaq bergeyseń dúnya.

Júrekti jılatqan ashıqtıń zarı,
Úzilip kewilde úmittiń tarı,
Óziń ayt, bulardıń sınawma bári,
Ayralıq sharabın ishkizgen dúnya.

Avtor: Durdana Seytnazarova
28.10. 2020
@omir_sabaqlari
#ҚАЙЫРЛЫ_ТАҢ

🌺АССАЛАМУ ӘЛЕЙКУМ!!!

🌺БҮГИН ТАҢДА САЎ-САЛАМАТ ОЯНҒАНЫ УШЫН ЖАРАТҚАНҒА ШҮКИРЛИК ЕТИП

🌺ЖАҢА КҮНДИ БАСЛАП АТЫРҒАН ӘЗИЗ ИНСАНЛАР

🌺КҮНИҢИЗ ҚАЙЫРЛЫ ҲӘМ БЕРЕКЕТЛИ БОЛСЫН!!!

@omir_sabaqlari
Луқманы Ҳәкимнен сорады:

– Ең дана адам ким?
Айтты: – Турмыс қыйыншылықларына қапа болмаған адам..

Сорады: – Ен жақсы байлық не?
Айтты: – Ақыл.

Сорады: – Қайсы жалын өз жағыўшысын күйдиреди?
Айтты: – Ҳасад.

Сорады: – Қандай имарат ўайран болмайды?
Айтты: – Әдалат имараты.

Сорады: – Қайсы ашшы нәрсениң соңы шийрин?
Айтты: – Сабырдың.

Сорады: – Қайсы нәрсениң ақыры ашшы?
Айтты: – Асығыўдың.

Сорады: – Қайсы дәрттиң еми жоқ?
Айтты: – Тентекликтиң.
Ҳикметлер дәптеринен

@omir_sabaqlari