Өмир сабақлары.
17K subscribers
7.29K photos
973 videos
9 files
569 links
@omir_sabaqlari

Байланыс ушын

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Download Telegram
#ҚАЙЫРЛЫ_ТАҢ

🌺АССАЛАМУ ӘЛЕЙКУМ!!!

🌺БҮГИН ТАҢДА САЎ-САЛАМАТ ОЯНҒАНЫ УШЫН ЖАРАТҚАНҒА ШҮКИРЛИК ЕТИП

🌺ЖАҢА КҮНДИ БАСЛАП АТЫРҒАН ӘЗИЗ ИНСАНЛАР

🌺КҮНИҢИЗ ҚАЙЫРЛЫ ҲӘМ БЕРЕКЕТЛИ БОЛСЫН!!!

@omir_sabaqlari
Луқманы Ҳәкимнен сорады:

– Ең дана адам ким?
Айтты: – Турмыс қыйыншылықларына қапа болмаған адам..

Сорады: – Ен жақсы байлық не?
Айтты: – Ақыл.

Сорады: – Қайсы жалын өз жағыўшысын күйдиреди?
Айтты: – Ҳасад.

Сорады: – Қандай имарат ўайран болмайды?
Айтты: – Әдалат имараты.

Сорады: – Қайсы ашшы нәрсениң соңы шийрин?
Айтты: – Сабырдың.

Сорады: – Қайсы нәрсениң ақыры ашшы?
Айтты: – Асығыўдың.

Сорады: – Қайсы дәрттиң еми жоқ?
Айтты: – Тентекликтиң.
Ҳикметлер дәптеринен

@omir_sabaqlari
Жақсылық ет, жәҳән жақсылық алсын,
Жақсылар басына жақсылық салсын,
Мал дунья бәршеден, сеннен де қалар,
Жақсысы дунья емес, жақсылық қалсын!
Абдураҳман Жәмий.

@omir_sabaqlari
Шәкирт устазынан сорады:
— Устаз, мың машақат пенен уллылыққа жеткен инсан қандай себеп пенен пәске түсиўи мүмкин?
Устазы:
— Адам баласы қаншелли жоқары көтерилсе де, егер онда әдеп болмаса ол пәске қулаўы анық. Соның ушын удайына өзиңе ақылыңды баслық ет. Мудамы нәпсиңди тергеп тур. Жаман ислерден шетте бол.
Ҳикметлер дәптеринен.

@omir_sabaqlari
Рәўият етилиўинше бир сықымар бай өзиниң бар тапқанын алтынға айландырып, жерге көмип қоятуғын екен. Ол соншелли сықымарлығынан ҳәттеки үйине де тапқанынан ислетпейди. Көмген алтынларын айына бир мәрте барып көрип қайтады. Күнлердиң биринде көмип қойылған алтынларды сол байдың баласы билип қойып, көмилген жеринен қазып алады ҳәм орнына тасларды көмип кетеди, алтынларды үйине ислетеди.
Алтынларын көриўге барған бай, оның орнында тасларды көрип, өкирип жылап үйине келеди ҳәм алтынлары урланғанын, орнына тас көмилгенин айтады. Сонда баласы әкесине: "Аға, егер ол алтынлардың ҳеш кимге пайдасы тиймесе, жердиң астында алтын жатты не тас жатты не, не парқы бар", деген екен.

Айырым адамлар да көп китапларды топлайды, егер оны оқымайтуғын болса, шкафта китап турды не, тас турды не, парқы жоқ.

Ҳикметлер дәптеринен

@omir_sabaqari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Рәўият
📜 ОРАЗА ТУЎРАЛЫ
🎙Оқыған:
Баҳадыр Дәўлетниязов.
🖨 З. Ҳәмзеев
​​Егер сизде тек еки жолды таңлаў керек болса, ҳәр дайым машақатлырақ жолды таңлаң, ойлап қылынған тәўекел ис әдетте әжайып нәтийжелерге алып келеди.

@omir_sabaqlari
#ҳикмет

Мен дәртимди достыма да, душпаны ма да айтпайман. Себеби, достым қапа болса, душпаным сүйинеди. Мениң аўҳалымды ең жақсы билетуғын – Аллаҳым.

Умар ибн Хаттаб
@omir_sabaqlari
Көз - Аллаҳтың қүдирети ҳәм санаатын көриў ушын берилген. Яр-достың айыпларын ҳәм ҳарам нәрселерин көриў ушын емес!
©Жалолиддин Румий.
@omir_sabaqlari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌿Өмирди гүзетер екенсиз, қалайынша бүгин ҳақыйқый инсаныйлық, муҳаббат жоқ па дейсиз, сол себеп садықлық ҳәм ўапаға исенбей қаламыз, базыда...

Көриўди қәлер едик ҳақыйқый муҳаббатты, өзгелерде болсада...
Лекин өкинишли, ҳәзир инсанлар жанындағы бахытты арзымаған нәрселерге суўырып жиберип атыр...
Өкинишли...🍃


@omir_sabaqlari
Өзимнен кеширим сорағым келеди. Өзимди көп азапладым...!

Бийҳуўда күнлерим ушын...
Инсанлар ушын...
Жалғанлар ушын...
Сараплар ушын...

@omir_sabaqlari
Forwarded from AVANGARD - BASPA
Қуýанышлы хабар.

БЕЛГИЛИ АЙТЫСКЕРИМИЗ АБДИРАХМАН (ЗЕРГЕР) ҚОЙЛЫБАЕВ ЖАС ДӨРЕТИЎШИЛЕРДИҢ "ЗАМИН"ДЕ ӨТКЕРИЛЕТУҒЫН ӘНЖУМАНЫНЫҢ ХОРЕЗМ ЎӘЛАЯТЫНДАҒЫ ЗОНАЛЛЫҚ БАСҚЫШЫНЫҢ ЖОЛЛАМАСЫН ҚОЛҒА КИРИТТИ.
___________________________

Абдирахман инимизди каналымыз атынан қутлықлаймыз.
Хорезм ýалаятындағы зоналлық басқышта әýмет тилеп қаламыз.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Түскинлик - дене ҳәм қәлбтиң ҳақыйқый музлаўыдур.
©Виссарион Белинский

@omir_sabaqlari
​​#ПСИХОЛОГИК_ТЕСТ

Бул тест өзиңизди аңлаў ушын әжайып усыл. Өзиңиз ҳаққында қанша көп билсеңиз, сонша жақсы емеспе?
Сизиң ең улкен қорқыўыңыз не екен?

Сүўретке дыққат пенен қараң ҳәм биринши нени көргениңизди анықлаң?

1⃣Қуслар
2⃣Тамырлар
3⃣Жүз (Бет)
4⃣
Дарақ
АССАЛАМУ АЛЕЙКУМ!

ЖАҢА ТАҢ, ЖАҢА КҮН МҮБӘРЕК ӘЗИЗЛЕР!

КҮНИҢИЗ ҚАЙЫРЛЫ ҲӘМ БЕРЕКЕТЛИ БОЛСЫН!

@omir_sabaqlari
​​     ДУЎА

Аллаҳым, маған сондай көз бер, инсанлардың тек жақсылығын көрейин.

Маған сондай қәлб бер, бенделериңе тек жақсылық үлесейин.

Маған сондай сабыр бер, өмирдиң ҳәр қандай соққысына шыдайын.

Маған сондай зибан бер, ҳеш бир бендеңди ренжите алмайын.
Әмийн!

     ПИКИРЛЕП КӨРИҢ

Қыйыншылықлар менен ушыраспаған инсан күш не екенин билмейди.

Мүсийбет көрмегенге батырлық керек емес.

Инсанға тән ең жоқары пазыйлетлер тап қыйыншылықларға тойынған орталықта пайда болады.

Жутқаның өзиңдики, шайнағаның гүман.

Ең үлкен пикир шүкираналықта, жасырын нәпес алып атырғанлығың ушын мың мәрте шүкирлик етсең арзыйды.

Шәкиртлерди гәп пенен емес, өрнек пенен оқытыў тийис, өрнек көрмеген жас орнынан да қозғалмайды.

Үлесиң: @ahli_sunna_wal_jamaa