Өмир сабақлары.
17K subscribers
7.29K photos
972 videos
9 files
569 links
@omir_sabaqlari

Байланыс ушын

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Download Telegram
Шәкирт устазынан сорады:
— Устаз, мың машақат пенен уллылыққа жеткен инсан қандай себеп пенен пәске түсиўи мүмкин?
Устазы:
— Адам баласы қаншелли жоқары көтерилсе де, егер онда әдеп болмаса ол пәске қулаўы анық. Соның ушын удайына өзиңе ақылыңды баслық ет. Мудамы нәпсиңди тергеп тур. Жаман ислерден шетте бол.
Ҳикметлер дәптеринен.

@omir_sabaqlari
Рәўият етилиўинше бир сықымар бай өзиниң бар тапқанын алтынға айландырып, жерге көмип қоятуғын екен. Ол соншелли сықымарлығынан ҳәттеки үйине де тапқанынан ислетпейди. Көмген алтынларын айына бир мәрте барып көрип қайтады. Күнлердиң биринде көмип қойылған алтынларды сол байдың баласы билип қойып, көмилген жеринен қазып алады ҳәм орнына тасларды көмип кетеди, алтынларды үйине ислетеди.
Алтынларын көриўге барған бай, оның орнында тасларды көрип, өкирип жылап үйине келеди ҳәм алтынлары урланғанын, орнына тас көмилгенин айтады. Сонда баласы әкесине: "Аға, егер ол алтынлардың ҳеш кимге пайдасы тиймесе, жердиң астында алтын жатты не тас жатты не, не парқы бар", деген екен.

Айырым адамлар да көп китапларды топлайды, егер оны оқымайтуғын болса, шкафта китап турды не, тас турды не, парқы жоқ.

Ҳикметлер дәптеринен

@omir_sabaqari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Рәўият
📜 ОРАЗА ТУЎРАЛЫ
🎙Оқыған:
Баҳадыр Дәўлетниязов.
🖨 З. Ҳәмзеев
​​Егер сизде тек еки жолды таңлаў керек болса, ҳәр дайым машақатлырақ жолды таңлаң, ойлап қылынған тәўекел ис әдетте әжайып нәтийжелерге алып келеди.

@omir_sabaqlari
#ҳикмет

Мен дәртимди достыма да, душпаны ма да айтпайман. Себеби, достым қапа болса, душпаным сүйинеди. Мениң аўҳалымды ең жақсы билетуғын – Аллаҳым.

Умар ибн Хаттаб
@omir_sabaqlari
Көз - Аллаҳтың қүдирети ҳәм санаатын көриў ушын берилген. Яр-достың айыпларын ҳәм ҳарам нәрселерин көриў ушын емес!
©Жалолиддин Румий.
@omir_sabaqlari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌿Өмирди гүзетер екенсиз, қалайынша бүгин ҳақыйқый инсаныйлық, муҳаббат жоқ па дейсиз, сол себеп садықлық ҳәм ўапаға исенбей қаламыз, базыда...

Көриўди қәлер едик ҳақыйқый муҳаббатты, өзгелерде болсада...
Лекин өкинишли, ҳәзир инсанлар жанындағы бахытты арзымаған нәрселерге суўырып жиберип атыр...
Өкинишли...🍃


@omir_sabaqlari
Өзимнен кеширим сорағым келеди. Өзимди көп азапладым...!

Бийҳуўда күнлерим ушын...
Инсанлар ушын...
Жалғанлар ушын...
Сараплар ушын...

@omir_sabaqlari
Forwarded from AVANGARD - BASPA
Қуýанышлы хабар.

БЕЛГИЛИ АЙТЫСКЕРИМИЗ АБДИРАХМАН (ЗЕРГЕР) ҚОЙЛЫБАЕВ ЖАС ДӨРЕТИЎШИЛЕРДИҢ "ЗАМИН"ДЕ ӨТКЕРИЛЕТУҒЫН ӘНЖУМАНЫНЫҢ ХОРЕЗМ ЎӘЛАЯТЫНДАҒЫ ЗОНАЛЛЫҚ БАСҚЫШЫНЫҢ ЖОЛЛАМАСЫН ҚОЛҒА КИРИТТИ.
___________________________

Абдирахман инимизди каналымыз атынан қутлықлаймыз.
Хорезм ýалаятындағы зоналлық басқышта әýмет тилеп қаламыз.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Түскинлик - дене ҳәм қәлбтиң ҳақыйқый музлаўыдур.
©Виссарион Белинский

@omir_sabaqlari
​​#ПСИХОЛОГИК_ТЕСТ

Бул тест өзиңизди аңлаў ушын әжайып усыл. Өзиңиз ҳаққында қанша көп билсеңиз, сонша жақсы емеспе?
Сизиң ең улкен қорқыўыңыз не екен?

Сүўретке дыққат пенен қараң ҳәм биринши нени көргениңизди анықлаң?

1⃣Қуслар
2⃣Тамырлар
3⃣Жүз (Бет)
4⃣
Дарақ
АССАЛАМУ АЛЕЙКУМ!

ЖАҢА ТАҢ, ЖАҢА КҮН МҮБӘРЕК ӘЗИЗЛЕР!

КҮНИҢИЗ ҚАЙЫРЛЫ ҲӘМ БЕРЕКЕТЛИ БОЛСЫН!

@omir_sabaqlari
​​     ДУЎА

Аллаҳым, маған сондай көз бер, инсанлардың тек жақсылығын көрейин.

Маған сондай қәлб бер, бенделериңе тек жақсылық үлесейин.

Маған сондай сабыр бер, өмирдиң ҳәр қандай соққысына шыдайын.

Маған сондай зибан бер, ҳеш бир бендеңди ренжите алмайын.
Әмийн!

     ПИКИРЛЕП КӨРИҢ

Қыйыншылықлар менен ушыраспаған инсан күш не екенин билмейди.

Мүсийбет көрмегенге батырлық керек емес.

Инсанға тән ең жоқары пазыйлетлер тап қыйыншылықларға тойынған орталықта пайда болады.

Жутқаның өзиңдики, шайнағаның гүман.

Ең үлкен пикир шүкираналықта, жасырын нәпес алып атырғанлығың ушын мың мәрте шүкирлик етсең арзыйды.

Шәкиртлерди гәп пенен емес, өрнек пенен оқытыў тийис, өрнек көрмеген жас орнынан да қозғалмайды.

Үлесиң: @ahli_sunna_wal_jamaa
     АНА

(Негизи бул сөзге көплеп тәрийплерди берсе болады, бирақ
үш ҳәрипли сөз ишинде бир дүнья мәни жасырын)

Ана баласын бул дүньяның жалынынан қутқарыўы мүмкин!

Дүньяда әне сондай ана бар, ол перзентин дозақ жалынынан қутқармақшы болады...

Ол - баласын таң намазына оятатуғын - Ана!

Баласына Қураны Кәрийм үйрететуғын - Ана!

Баласына Аллаҳты танытатуғын - Ана!

Баласына шәриятты түсиндиретуғын - Ана!

Өзи бул әмеллерди жақсылап ислей алмай атырған болса да, перзенти өзинен көре тақўалырақ, илимлирек, бахытлырақ болыўын қәлейтуғын -  Ана!
​​     ӨМИРБАЯН

     "Дат! деп жиберетуғын дәрежедеги қайсы китапты оқыўды усыныс қылған болар едиңиз?" - деп сораў берилсе, "Ҳәр ким өзиниң "Өмирбаянын оқысын", - дер едим".

Сәлим Айюбий

Үлесиң: @ahli_sunna_wal_jamaa
​Егер "Хош бол" деп айтыўға жүрек етсеңиз, өмир сизди жаңа "сәлем" менен хошеметлейди.
📓Пауло Коэло

@omir_sabaqlari