Өмир сабақлары.
17K subscribers
7.29K photos
972 videos
9 files
569 links
@omir_sabaqlari

Байланыс ушын

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Download Telegram
Апа, сенің арқаң
Самал тобы
Апа сени аркан
Самал тобы
Ассаламу алайкум!

Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!
Тутып атырған оразаларыңыз аллаҳ дәргайында қабыл болғай!
Анаң менен әкеңниң арасында қандай парық бар екенин билесиз бе?
– Анаң сени дүньяға келтирди.
– Әкең саған дүньяны берди.
– Анаң саған өмирди үлести.
– Әкең саған усы өмирде қалай жасаўды үйретти.
– Анаң сени аш емессең бе, хабардар болды.
– Әке ашлықтың қәдирин үйретти.
– Анаң сендеги итибар сезимин оятты.
– Әкең сендеги жуўапкершилик сезимин оятты.
– Анаң сени жығылыўдан қорғады.
– Әкең саған жығылыўдан кейин қалай турыўды үйретти.
– Анаң саған аяқта қалай жүриўди үйретти.
– Әкең саған турмыс соқпақларында қалай жүриўди үйретти.
– Анаң меҳир ҳәм гөззаллықты сәўлелендиреди.
– Әкең ҳақыйқат ҳәм шынтлықты сәўлелендиреди.
– Анаңның меҳирин туўылғаннан баслап сезесең.
– Әкеңниң меҳирин өзиң әке болғанда сезесең.
Соның ушын мудамы ата-анаңды қәстерле ҳәм оларды жақсы көриўиңди оларға билдир.
АССАЛАМУ АЛЕЙКУМ ӘЗИЗЛЕР!

🌺Жаңа таң, жаңа күн бәршемизге мүбәрек, қайырлы болсын!

🌺Тәнимиз саламат

🌺Кеўлимиз қәтиржам

🌺Жүзимизде күлки,

🌺Шаңарағымыз берекетли,

🌺Қалтамыз дәраматлы,

🌺Қәлбимиз ийманлы,

🌺Жүрегимиз меҳирли болсын!

@omir_sabaqlari
#ҳикмет

ЖАҚСЫЛЫҚ ҚЫЛЫҢ...

Жақсылық қылыўда сондай илаҳий рәҳәт бар, мүтәждиң көзиндеги қуўаныштан кеўлиң жайнайды. Оның алдында, өзиңниң алдыңда, пүткил болмыстың алдында қәдириң артады.
Және де жақсы инсанға айланып атырғаныңды сезинесең.
Қәлбиңдеги бул сезим жүзиңде, көзиңде нур болып сәўлеленеди. Ал, болмыс сен қылған жақсылықларға айна мысалы жақсылықлар менен өз сәўлесин қайтарады.

Өмир жолыңызды ҳәр дайым жақсылықлар жарытсын!
paziylet.uz
#тәрбия

​​«Анам жаслығымда маған нәсият етип, «Балам, өмириңди тек илм үйрениўге бағышла, мал-дүньяға улыўма қызықпа! Егер сен тек илим үйрене берсең, мал-дүньяның өзи сениң артыңнан қуўып жүреди. Егер ҳәзир мал-дүньяға қызығып, оның изинен қуўсаң, өмириңниң ақырына шекем мал-дүньяның арқасынан қуўасаң, бирақ ҳеш қашан оған жете алмайсаң», – деген еди».

Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф
paziylet.uz
Қуўаныш ҳәм бахыттан журдай ететуғын үш дузақ: өтмиштеги ислер туўралы өкиниш, келешек тәшўиши ҳәм барына шүкиршилик етпеў.
Шекспир айтқан еди:

Мен ҳәмийше өзимди бахтияр сеземен.

Билесиз бе неге?
Себеби мен ҳешқашан, ҳешкимнен ҳешнәрсе күтпеймен
Күтиў - бул азап.

Өмир қысқа.
Сондай екен, өз өмириңди сүй. Ҳәмийше күлип қара.

Сөйлеўден алдын тыңла, жазыўдан алдын ойла.

Пулды сарыплаўдан алдын, ислеп тап.

Өкпелеўден алдын кешириўди бил.

Өзгениң кеўлине тийиўден алдын өзиң сол жағдайды сезинип көр.

Өлиўден алдын жасаўдың қәдирине жет!
Қыйыншылықлар өтмиш ушын жаза емес, бәлки келешек ушын имтихандур!!!

@omir_sabaqlari
Бир ҳикметти аңлап жеттим
Қурыдан-қуры кирмейди тикен
Тапқаным бул жоғалтқанымдур
Жоғалтканым тапқаным екен.
Ең қыйын үш нәрсе:
сыр сақлау, қорлықларды умытыу және уақытты дурыс пайдаланыу.
СААДИ ШИРАЗИ
Кеше бала едиң, келдиңғой талай жасқа,
Көз жетти бир қәлипте тура алмасқа,
Адамды сүй, Алланың ҳикметин сез,
Не қызық бар өмирде оннан басқа?!
©Абай

@omir_sabaqlari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Онангизга яхши кўришингизни айтсанг ва 30.000 сўм ютинг."
​Бүгин қәлеўиң жоқ, ертең кеўил хошың жоқ, және қашандур недур жоқ ҳәм жетиспейди, лекин сондай пурсат келиўи мүмкин барлығы болсада ўақтың болмайды.
Өмир мәңгилик емес, ўақтыңызды қәдирлең!


@omir_sabaqlari
Берилген бул өмир адамға бир рет


Берилген бул өмир адамға бир рет,
Биреў солып атыр ал биреў гүллеп,
Билмессең күниңди ертеңиң жумбақ,
Желкеңди жүретин үмитлер сүйреп.

Бир күниң жаўынлы, бир күниң жайнап,
Қыс күниң даўыллы, жаз күниң қайнап,
Жағымсыз жаңғырған гүлдирмалар,
Үркитер отырған қусларды сайрап.

Теңизлер тасқанда толқын жаратар,
Қуяш нур шашқанда жыллы таратар,
Қамшы сабынанда қысқа өмирде,
Түнде уйқы жығар турсаң таң атар.

Арзан кийим кийген қымбат туўысқан,
Баўыр бөлинбейди мүмкин суўысқан,
Басыңа ис түссе қаны жатқармай,
Излеп келер жаның сени тум-тустан.

Қуўанышлы күнлер дос-яран менен,
Досларсыз шадлығың жүз бурар сеннен,
Гейде қант жеп гейде достан пәнт жейсең,
Дослық жиби болмас кесилген теңнен.

Қанша дәрт берсе дер: даўасын берген,
Адасар нәпсиқаў жуўырып желген,
Кеўлинде Алласы болған бенделер,
Сабырды жаздырмай бәринде жеңген.


Жаңабай Анетеев.
17-апрель 2021-жыл.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Ижтимоий_сўровнома
«TIKTOK HOUSE»да аралаш яшаётган Йигит - Қизларга нима дейс
из?