Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.32K subscribers
9.1K photos
867 videos
10 files
972 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Сулайман Бақырғаный (Ҳәким ата) ҳақкында билесиз бе?

Сизге жоқарыдағы видеоролик арқалы мағлыўматларды усынамыз.

Инфографикалық видеоролик Қоңырат районынан улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Ләззет Ɵтемуратова тәрепинен таярланған.

Каналға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
⚡️Бугин Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының мәжилислер залында 12-май күни Жас дөретиўшилердиң поэзия бойынша Республикалық семинар-кеңеси болып өтти.
Семинар-кеңести Поэзия кеңесиниң жуўаплы хаткери, Халық аралық "Туран бирлиги - Мықлы қәлемгер" медалының ийеси Әбдиқадир Қайыпов басқарып барды.
Семинар барысында жаңадан жарық көрген поэзиялық топламлар менен таныстырылды. Жас дөретиўшилер өзлериниң жаңа дөретпелерин оқып, қәнигелерден мәсләҳәтлер алды. Семинар-кеңеске Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамынын баслығы К.Каримов, жуўаплы хаткери Б.Ерназаров, проза кеңесиниң баслығы А.Султановлар қатнасты.
Руўхый-ағартыўшылық бағдарында алып барылып атырған жумыслар

Толық оқыў 👉http://nukusrk.uz/?p=5898

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болыў👉@QR_Ruwxiyliq
Бүгин Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 28-санлы орта билим бериў мектебинде жаслар арасында музейлеримизде сақланып атырған ата-бабаларымыздың миллий мийрасларын кең түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи хызметкерлери тәрепинен көшпели көргизбе шөлкемлестирилди.

Көргизбе даўамында музейдиң Халық қол өнери бөлими баслығы А.Пирназарова тәрепинен қарақалпақ ҳаял-қызларының миллий кийимлери ҳәм тағыншақлары экспонатлары ҳаққында оқыўшы жасларға кең түрде түсиниклер берилди.

Районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қараөзек районлық бөлими

Каналға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
Бүгин Тахтакөпир районлық Мәденият орайында 15-май «Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Илажға Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының биринши орынбасары А.Аллиярова, ПҲАЖ районлық бөлими А.Сағиндиқова ҳәм Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими баслығы Н.Азбергенов қатнасты.

Атап өтилгениндей, шаңарақ кишкене бир жǝмийет болып, ол адамлардың неке ямаса ағайын-туўысқанлық дǝрежеси, турмыс тǝризи тǝрбиялық жуўапкершилиги ҳǝм ɵз-ара жǝрдемге тийкарланған кишкене топар болып таьылады.

Илаж Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Бөлимниң рәсмий каналына ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қанлыкөл

Қанлыкɵл районлық 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шɵлкеминде 15 май «Халықаралық шаңарақ кўни» мүнәсибети менен «Үлгили шаңарақ» атамасында мектепке шекемги билимлендириў шɵлкеми хызметкерлери арасында жарыс шɵлкемлестирилди.

Жарысқа шɵлкем тǝрбияшылары шаңарақ ағзалары менен қатнасып, төрешилер тәрепинен олардың шаққанлығы, тапқырлығы ҳǝм билими сыннан ɵткерилди.

Таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен тийкарынан шаңарақларда ушырасатуғын түрли машқалалар сәўлеленген сахна кɵринислери таярланды.

Жарыс соңында жеңимпазлар анықланып, естелик саўғалары менен сыйлықланды

Республика руўхыйлық ҳǝм ағартыў орайы
Қанлыкɵл районлық бɵлими


Бөлимниң рәсмий каналына ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
https://kknews.uz/kk/80406.html
Қарақалпақ көркем өнери раўажланыўлар жолында

👉Агентликтиң телеграм каналына ағза болың - https://t.me/kknews_uz
Ўзбекистон халқига Рамазон ҳайити табриги

Поздравление народу Узбекистана с праздником Рамазан хайит

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы, Шамсуддин Баҳауддинов гүллән халқымызды мүбәрек рамазан ҳайыты менен қутлықлады.

Дерек: @paziyletuz

Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
Qaraózek rayonı Xaliq bilimlendirıiw bólimine qaraslı 6-sanlı uliwma orta bilim beriw mektebinde, Qaraqalpaq mámlemetlik jas tamashagóyler teatrı tárepinen shólkemlestirilgen, "Toǵaydaǵı sazendeler" atlı spektakl balalar názerine usınıldı.

Bul shiǵarmaniń maqseti jas tamashagóylerge jaqsılıq barqulla jeńip shıǵıwın, jamanlıq bolsa jazasız qalmaytuǵınlıǵın ańlatip, oqıwshı jaslardıń qálbinde jaqsılıq sezimlerin oyatttı.

@QR_Ruwxiyliq