Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.33K subscribers
8.86K photos
862 videos
10 files
957 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
“I.Yusupov izbasarları” “Tólepbergen Qayıpbergenov shıǵarmalarınıń bilimdanı” tańlawınıń rayonlıq basqıshı ótkerildi.

Búgin Xojeli rayonı Málimleme-kitapxana orayında “I.Yusupov izbasarları” “Tólepbergen Qayıpbergenov shıǵarmalarınıń bilimdanı” atamasındaǵı tańlawdıń rayonlıq basqıshı ótkerildi.

Tańlawda 3-orındı 6-sanlı mektep oqıwshısı, 2-orındı 39-sanlı mektep oqıwshısı, hám 1-orındı 4-sanlı mektep oqıwshısı jeńimpaz bolıp Respublikalıq basqıshqa jollama aldı. Jeńimpazlar Respublika Ruwxıylıq hám aǵartıwshılıq orayı Xojeli rayonı bólimi tárepinen diplom hám kitaplar sawǵa etildi.


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
Тахтакөпир районында Қәнигелестирилген мектепте «Әмир Темур избасарлары» атамасында илаж шөлкемлестирилди

Бүгин Тахтакөпир районы қәнигелестирилген мектебинде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминиң басламасы менен «Ўатан уллы, миннет муқәддес» сүрени тийкарында «Әмир Темур избасарлары» атамасында «Закаўат» интеллектуаллық ойыны шөлкемлестирилди.

Оған райондағы мектеплерден жәми 10 команда қатнасып, ойын жуўмағына көре, 10-санлы мектеп 3-орынды, Қәнигелестирилген мектеп командасы 2-орынды, 3-санлы мектеп командасы сыйлы 1-орынды ийелеп, «Әмир Темур избасарлары» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлық ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq