Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.3K subscribers
9.32K photos
878 videos
10 files
1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Мамлакатимиз Мустақиллигининг 30 йиллиги муносабати билан "Янги Ўзбекистонда эркин ва фаровон яшайлик" шиори остида “Маънавият фестивали” ўтказилади.

Фестивалда фаол иштирок этинг!

Каналга аъзо бўлиш:👇
https://telegram.me/marifat_jamiyati
Ҳүрметли Республикамыздың турғынлары!

Дыққат! Дағаза!

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими мәлим етеди.

Толық 👇👇👇
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими, “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийиетиниң ағзалары және тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте 2021-жылдың 27-30-сентябрь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм барлық районларында «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық» сүрени астында «Мәнаўият фестивалы» шөлкемлестириледи.

Фестивал шеңберинде «Жаңа Өзбекстан – жаңа ренессансқа қарай» темасында Республикалық конференциясы, «Бир зыялы бир мәҳәллеге руўхый қәўендер», «Ҳәр бир нураный бес жасқа устаз» темаларында әмелий семинар ҳәм ушырасыўлар, «Мениң перзентим Өзбекстан мақтанышы» сүрени астында Республикалық конференция, «Ўатанымның раўажланыўына мениң үлесим» “Мәғрипет үлесип”, сондай-ақ, “Жаңа ояныў дәўири китап ҳәм китапханалардан басланады” темаларында акция ҳәм китап көргизбелери, “Үлгили пуқара деват клубы”, “Мәғрипет тур” жойбары, соның менен бирге, “Мақам, бақсышылық ҳәм жыраўшылық кешелери” және Миллий тағамлар көргизбелери, сондай-ақ, «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық» сүрени астындағы мәдений-руўхый ҳәм ағартыўшылық байрам илажлары ҳәм елимизге белгили кɵркем ɵнер ғайраткерлериниң қатнасындағы концерт-бағдарламалары Сиз әзизлерди күтпекте.

Фестивал бойынша толық мағлыўматларды Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм оның аймақлық структураларынан және “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң Қарақалпақстан бɵлиминен алыўыңызға болады.

Ҳүрметли Қарақалпақстан халқы!

Бәршеңизди Фестивалда белсене қатнасыўға шақырамыз!

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң Мәлимлеме хызмети

Мағлыўмат ушын телефонлар: 61 222 12 61

Бɵлимниң рәсмий телеграмм каналы https://t.me/QR_ruwxiyliq
#Тахтакɵпир

Президентимиздиң «Бес әҳмийетли басламасы»нда көрсетип өтилген, жасларды музыка, сүўретлеў өнери, әдебият ҳәм көркем-өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылығын арттырыўдағы тапсырмасы тийкарында 22-январь 30-апрель айлары аралығында район аймағындағы барлық мектеплер арасында ѳткерилген “Әжайып майдан” интеллеткуал ойыны жеңимпазларының финал басқышы өткерилди.

Финал басқышында 16 мектептен жеңимпазлар қатнасып, өз-ара билимлерин сынады. Интеллектуал ойын соңында 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы С.Мухтарова Гран при сыйлығы менен, 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы А.Караматдинова 1-дәрежели диплом менен, 17-санлы орта мектептиң 9-класс оқыўшысы Г.Таўбаева 2-дәрежели, 18-санлы орта мектептиң 9-класс оқыўшысы Ж.Таекеев 3-дәрежели диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. Ойын даўамында мәденият бѳлими ҳызметкелери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Бɵлимниң рәсмий телеграмм каналы https://t.me/QR_ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бозатаў районы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "15-май Халық аралық шаңарақ күни" мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти.

Қарақалпақстан телерадиоканалының "Хабар" информациялық бағдарламасынан арнаўлы репортаж

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Тақыятас районы "Әжинияз" балалар дем алыў бағында «Китапқумарлық» акциясы шеңбериндеги китаплар ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Өткерилген ярмарка Халық жазыўшыларының әдебий китаплары ҳәм шет ел жазыўшыларының белгили китапларының аўдармалары, соның менен бир қатарда көплеген мектеп оқыўлықлары сатылыўға қойылды.

Китап ярмаркасына улыўма билим бериў мектебиниң китапқумар оқыўшылары ҳəм жəмлеспегенен жаслар қамтып алынып, келген ықласпентлер ҳәм қарыйдарлар өзлериниң қǝлеўиндеги ҳәм кеўиллеринен шығатуғын ǝдебий китапларын алып, китап саўдасына белсене қатнасты.

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Усы жылдың 15-16-май күнлери Ташкент қаласында спорттың Шотокан каратэ-до түри бойынша болып өткен Өзбекстан Чемпионатына қатнасып, жеңимпаз болған споршыларымыз Нөкис темир жол вокзалында Бозатаў районы ҳәкимлиги, районлық Дене-тәрбия ҳәм спорт бөлими ҳәм райондағы БӨСМ ўәкиллериниң қатнасында салтанатлы түрде күтип алынды.

Спортшылары районға 4 алтын, 3 гүмис ҳәм 3 бронза медалларын алып киятыр.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Жасларымыздың китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм мектеп китапханаларын әдебий китаплар менен байытыў мақсетинде бүгин Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлими басламасы менен И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген дөретиўшилик мектебине «Үшинши Ренессансқа мениң үлесим» сүрени астында “Китаплар кәрўаны” акциясы шөлкемлестирилди.

Китапқумарлық акциясына Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов қатнасып, мектеп китапханаларына әдебий китаплар топламларын саўға етти.

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Нуранийлер ҳәм зыялылар Шымбайлы жаслар менен ушырасты

Шымбай районындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Бир зыялы бир мәҳәллеге руўхый қәўендер» ҳәм "Бир нураный бес жасқа устаз" принципи шеңбериндеги ушырасыў болып өтти.
👇👇👇
Ушырасыўда Ташкент мәмкелекетлик аграр университети Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары А.Джуманазарова, А.Мамбетназаров, Ж.Калимбетов, Н.Реймов, сондай-ақ, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими қәнигеси А.Сейтенов, мектеп директоры Т.Палваниязова және белсенди нуранийлер менен жаслар қатнасты.

Ушырасыўды шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин халкымызға кеңнен жеткериў, олардың кеўлинде келешекке беккем исеним пайда етип, пүткил халқымызды бир мақсет жолында бириктириўден ибарат болып табылады.

Илаж даўамында зыялыларымыз тәрепинен елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, раўажланған мәмлекетлер қатарына шығыў жолынан баратырған мәмлекетимизде миллий идеяның әҳмийети ҳәм мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди. Сондай-ақ, сɵзге шыққан нуранийлеримиз өзлериниң мийнет ҳәм турмыслық тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда жасларға даналық сөзлерин, әҳмийетли мәсләҳәтлерин ҳәм пикирлерин айтып өтти.

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Фото: Беруний тумани халқ таълими бўлимига карашли 41-сонли умумтаълим мактабида китоблар марафони ташкил этилди.

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq