Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.3K subscribers
9.32K photos
878 videos
10 files
1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Нөкис қала ҳәкмлигиниң мәжилислер залында ЖОО, орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери, қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими,қаладағы барлық мәкеме,шөлкем ҳәм кәрханалардың руўхый-ағартыўшылық жумыслары бойынша жуўапкер қәнигелер қатнасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров кирис сөз сөйлеп, елимизде руўхый-ағартыўшылық саласында әмелге асырылып атырған унамлы ҳәм нәтийжели жумыслар, сондай-ақ, бул бағдарда қаламыздағы айырым мәкеме, кәрханаларда ҳәм оқыў орынларында жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сынға алды ҳәм сапластырыў илажлары бойынша тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге, жаслар мәселесине де айрықша итибар қаратылып, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм ҳәр қыйлы руўхыйлық илажларын өткериў бойынша тийисли қәнигилерге жаңа ўазыйпалар жүкленди.


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан телерадиокампаниясының таңғы “Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!” тиккелей эфири

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў кеңеси тәрепинен жәрияланған үш басқыштан ибарат “Ең үлгили көше бийлери” таңлаўының мазмун-мәниси ҳаққында сөз етилди.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис “Темурбеклер мектеби” әскерий-академик лицейинде “Ўатан – уллы, миннет – муқаддес” идеясы тийкарында өткерилген руўхый-ағартыўшылық илажы.


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
Forwarded from ZIYA NURÍ
#ҚАРАҚАЛПАҚСТАННЫҢ_ДАҢҚЛЫ_ПЕРЗЕНТЛЕРИ

ҚАСЫМ ƏЎЕЗОВ (1897-1938)

1897-жыл Шымбай уездиниң Шымбай болыслығына қараслы тоғызыншы аўылда “Бессарыжан” бойынша дуньяға келген.

1921-жыл Шораханға барып, муғәллимлер таярлайтуғын курсты питкерип келеди.

1924-жыл областьлық халық билимлендириў бөлиминиң баслығы лаўазымына тайынланады. Сол жылдың өзинде Қарақалпақстан Автономиялы областын дүзиў мәселеси қаралып атыр еди. ВКП(б) Орта Азия бюросы оны Қарақалпақстан Автономиялы областын дүзиў бойынша ВКП(б) шөлкемлестириў бюросының ағзалығына, усы бюроның Ревкомағзалығына сайланады.

1925-1929-жыллары Қарақалпақстан областьлық Атқарыў Комитетиниң баслығы (ҳәзирги Министрлер Кеңесиниң баслығы) лаўазымында ислейди. Сол жыллары “Еркин Қарақалпақ” газетасы шөлкемлесип атыр еди. Шайыр ҳәм драматург сыпатында елге танылып киятырған Қасым Əўезовқа усы газетаныңжуўаплы редакторлық ўазыйпасыда қоса тапсырылады.

1932-жылы ҚарақалпақстанАвтономиялы Республикасы дүзилгеннен кейин оның Москвадағы турақлы ўәкили, СССР пролетар жазыўшылары Ассоциациясының Қарақалпақстан бөлиминиң, соң, усы тийкарда дүзилген Жазыўшылар Аўқамының баслығы лаўазымында хызмет атқарады.

Қасым Əўезов А.С.Пушкинниң “Евгений Онегин” романын, Мольердиң “Скапенниң ҳийлеси”, Островскийдиң “Жарлылық айып емес” комедияларын қарақалпақ тилине аўдарған.

Мине, усындай гә сиясый, гә әдебият, мәденият майданында күнди-күн, түнди-түн демей мийнет етип атырған Қасым Əўезов қас пенен көздиң арасында “халық душпаны” болып шыға келеди. Оны Кеңес ҳүкиметин қулатып, “Орта Азия буржуазиялық мәмлекет дүзиў ушын ат салысып жүрген төртлик”тиң бири деп тапты.

Солай етип, халқымыздың пидәйы перзенти Қасым Əўезов усындай жалалар менен 1937-жыл 14-сентябрьде қамаққа алынады.

1938-жыл 13-октябрьде СССР Жоқарғы Суды Əскерий Коллегиясының жабық мәжлисинде Өзбекстан ССР Жынаят Кодексиниң 58, 63, 64, 67 статьялары менен айыпланып төмендегише ҳүким шығарылады.
“Əўезов Қасым, оған тийисли барлық мал-мүлки мәмлекет қараўына алыныў менен ең аўыр жаза – атыўға хүким етилсин”.

Ҳүким тоқтаўсыз түрде орынланды. Арадан 19 жыл өтип, 1957-жыл 4-июльде СССР Жоқарғы Суды Əскерий Коллегиясының қарары менен ақланады.


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм
Úbbiniyaz Áshirbekov 80 jasta

Xojeli rayonı “Júzimzar” MPJ aymaǵında jaylasqan 32-sanlı mektepte Ubbiniyaz Áshirbekovtıń 80 jıllıq yubileyine baǵıshlanǵan ádebiy keshe shólkemlestirildi.

Iláj dawamında Respublikamızdıń hár tárepleme sociallıq-ekanomikalıq jaqtan rawajlanıwında pidáyi miynet etken jámiyetlik siyasıy isker “Doslıq” ordeni iyesi, “Qaraqalpaqstan Respublikasına xizmet kórsetken irrigator” Ú.Áshirbekovtıń ómir jolı, islegen miynetleri haqqında keńnen túsinikler berildi.

Iláj sońında shólkemlestiriwshilerge Respublika Ruwxıylıq hám aǵartıwshılıq orayı rayonlıq bólimi tárepinen diplom menen sıylıqlandı.


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
#Хушхабар

Жорий йилнинг 24-25-26-апрель кунлари Ўзбекистонда хизмат кўрсатган артист, Ўзбекистон доирачилари жамоат бирлашмаси раиси, "Меҳнат шухрати" ордени соҳиби, Ўзбекистон Давлат санъат ва маданият институти "Чолғу ижрочилиги ва мусиқа назарияси" кафедраси профессори Дилмурод Исломовнинг 70 йиллигига бағишланган "Зарб 2024" Республика доирачилар кўрик-танловининг доирачилар ансамбли йўналиши бўйича, Қорақалпоғистон Республикаси Элликқалъа тумани 18-сонли болалар мусиқа ва санъат мактабининг "Халқ чолғулари" йўналиши 5-синф ўқувчиси Розумов Бобуржон Ботир ўғли фаҳрли 1-ўринни қўлга киритди.

Табриклаймиз!!!

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
Forwarded from ZIYA NURÍ
«ЕҢ БЕЛСЕНДИ РЕКТОР ҳәм Директор» таңлаўында 30-апрель саат 14:30 халаты бойынша берилген даўыслар статистикасы.


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм