Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.3K subscribers
9.32K photos
878 videos
10 files
1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Хожели_районы

Районлық Мәлимлеме – китапхана орайы

Мәлимлеме-китапхана орайы ҳәзирги ўақытта райондағы Агроэкономика колледжи имаратында ўақтынша жайласқан ҳәм онда 14 хызметкер жумыс алып бармақта.

2021-жылдың усы күн халатында пайдаланыўшылар саны 6460, қатнас 11033 ҳәм китап айланысы 68197 ны қурайды.

Китапхана фонды 98 913 дана соннан көркем əдебиятлар - 79552 дана, сиясий әдебиятлар – 3958 дана хәм басқа да китаплардан ибарат. Сондай-ақ, 42 дана дискетлер, 14 атамадағы газета-журналлар бар. Усы күнге шекем 50 дана QR-кодлы электрон китаплар ислеп шығылды.

Китапхана фондын буннан былай да байытыў мақсетинде китапхананың жыллық сметасына қойылған пулдан 2020-жылда 17 199 482 сўмға 678 дана китаплар сатып алынды. 2021-жылы бюджет есабынан 3 225 600 сўмға 132 атамадағы китаплар алынды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Хожели районында жайласқан Республикалық 1-санлы Меҳрибанлық үйи китапханасы да ɵзиниң бай фондына ийе болып, олар – энциклопедиялар, оқыў-методикалық қолланбалар, илимий ғалабалық, китап-албом, қарақалпақ, ɵзбек ҳәм рус тиллериндеги әдебий китаплар сыяқлы 15 бағдардағы 13 мыңға шамалас китапларды қурайды.

Соңғы жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Район ҳәкимлиги, тийисли министрлик ҳәм ведомстволар, сондай-ақ, исбилерменлердиң кәўендерлиги менен Меҳрибанлық үйи китапханысының китап фонды буннан былай да байып бармақта.

Атап айтқанда, усы жылдың ɵзинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы Призидиум қарары ҳәм 28-август күни Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими тәрепинен ɵткерилген “Жаңа Ɵзбекстан перзентимен!” атамасындағы илажда мектеп китапханасына бир неше мың данадағы китаплар саўға етилди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Хожели районында жайласқан Республикалық 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларының билимлендириў, спорт, кɵркем ɵнер ҳәм мәденият тараўларында Республикалық ҳәм Халықаралық дәрежедеги жетискенликлери сәўлеленген мезейден кɵринис.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлиминиң Бас есапшысы Пиржанова Бийбисәнем Аяпбергеновнаның туўылған күни.

Усы мүнәсибет пенен Бийбисәнем Аяпбергеновнаға беккем денсаўлық, шаңарағында қут-берекет ҳәм тараў системасында алып барып атырған ийгиликли жумысларында тасқын-табыслар тилеймиз!

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими жәмәәти

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Nókis rayonlıq xalıq bilimlendiriw bólimine qaraslı 26-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebinde ótkerilgen «Jawızlıqqa qarsı aǵartıwshılıq» atamasında ótkerilgen ilaj.

@manawiyatliawlad

✏️Respublikalıq bólimniń rásmiy kanalı 👉 @QR_Ruwxiyliq