Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.33K subscribers
9.04K photos
865 videos
10 files
969 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Районларға_хызмет_сапары

Шөлкемлестирилген ўақты: 2017-жыл, август айы.

Улыўма жер майданы: 0,17 мың км2 (17 мың 262 га)

Қала типиндеги посёлкалар (киши қалалар) саны – 1

Пуқаралар жыйынлары – 13

2021-жылдың усы күн ҳалатына турақлы халық саны – 74,8 мың адам.

Шегаралас районлар – Шегара узынлығы (91,8 км) Соннан, Туркменистан Республикасы менен (36,1 км), Нөкис қаласы (17,7км) Хожели районы (38,0 км) менен шегаралас.

Район ҳәкими: Маткаримов Илхам Исмайлович.

Мәнзил: 231300, Тақыятас районы, “Фарабий” кɵшеси, номерсиз жай.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тақыятас_районы

Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы

Мәлимлеме-китапхана орайы ҳәзирги ўақытта район орайындағы "Орайлық" МПЖ аймағындағы Мақтымқулы көшеси 3-жайда жайласқан болып, онда 17 хызметкер жумыс алып бармақта.

2021-жылдың сентябрь айы ҳалатында пайдаланыўшылар саны 9922, қатнас 18760 ҳәм китап айланысы 72 453 ти қурайды.

Китапхана фонды 85 750 дана соннан көркем əдебиятлар - 68021 дана, сиясий әдебиятлар – 4459 дана хәм басқа да китаплардан ибарат. Сондай-ақ, 80 дана дискетлер, 14атамадағы газета 3 атамада журналлар бар. Усы күнге шекем 128 дана QR-кодлы электрон китаплар ислеп шығылды.

Китапхана фондын буннан былай да байытыў мақсетинде китапхананың жыллық сметасына қойылған пулдан 2020-жылда 8 000 000 сўмға 114 атамадағы 270 дана китаплар сатып алынды. 2021-жылы бюджет есабынан 5 000 000 сўмға 52 атамадағы 167 дана китап китаплар алынды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Театрдың 96-мәўсими «Тумарис» операсы менен басланады

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры өзиниң 96-мәўсимин усы жылдың 28-сентябрь күни Қ.Зәретдиновтың «Тумарис» операсы (либретто авторы И.Юсупов) менен баслайды.

Спектакль 28-29-сентябрь күнлери саат 18:00 де басланады.

Халқымызды спектакльди тамашалаўға мирәт етемиз!

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Нөкис районы

Шөлкемлестирилген ўақты: 1968-жыл, 25-декабрь.

Улыўма жер майданы: 0,94 мың км2

Қала типиндеги посёлкалар (киши қалалар) саны – 1

Пуқаралар жыйынлары – 10

2021-жылдың усы күн ҳалатына турақлы халық саны – 51,3 мың адам.

Шегаралас районлар – Нөкис қаласы, Қарөзек, Қанлыкөл, Кегейли, Хожели.

Район ҳәкими: Уснатдинов Омирбай Аманбаевич.

Мәнзил: 230900, Нөкис районы, “Дарсан” кɵшеси 32-жай.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Нɵкис_районы

Районлық Мәлимлеме-китапхана орайы

Мәлимлеме-китапхана орайы ҳәзирги ўақытта райондағы кәсип-өнер мектеби имаратында ўақтынша жайласқан ҳәм онда 19 хызметкер жумыс алып бармақта.

2021-жылдың усы күн халатында пайдаланыўшылар саны 9550, қатнас 31974 ҳәм китап айланысы 44970 ти қурайды.

Китапхана фонды 61837 дана соннан көркем əдебиятлар - 46926 дана, сиясий әдебиятлар – 3233 дана хәм басқа да китаплардан ибарат. Сондай-ақ, 80 дана дискетлер, 20 атамадағы газета-журналлар бар. Усы күнге шекем 145 дана QR-кодлы электрон китаплар ислеп шығылды.

Китапхана фондын буннан былай да байытыў мақсетинде китапхананың жыллық сметасына қойылған пулдан 2020-жылда 17 133 997 сўмға 704 дана китаплар сатып алынды. 2021-жылы бюджет есабынан 5 730 138,72 сўмға 453 атамадағы китаплар алынды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нɵкис қалалық бɵлиминиң баслығы Нуратдинов Қдырбай Абдуллаевичтиң туўылған күни.

Усы мүнәсибет пенен Қдырбай Абдуллаевичке беккем денсаўлық, руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын буннан былай да жетилистириў бағдарында алып барып атырған ийгиликли жумысларында талмас күш-жигер тилеймиз!

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими жәмәәти

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq