Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.33K subscribers
9.06K photos
865 videos
10 files
969 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Театрдың 96-мәўсими «Тумарис» операсы менен басланады

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры өзиниң 96-мәўсимин усы жылдың 28-сентябрь күни Қ.Зәретдиновтың «Тумарис» операсы (либретто авторы И.Юсупов) менен баслайды.

Спектакль 28-29-сентябрь күнлери саат 18:00 де басланады.

Халқымызды спектакльди тамашалаўға мирәт етемиз!

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Нөкис районы

Шөлкемлестирилген ўақты: 1968-жыл, 25-декабрь.

Улыўма жер майданы: 0,94 мың км2

Қала типиндеги посёлкалар (киши қалалар) саны – 1

Пуқаралар жыйынлары – 10

2021-жылдың усы күн ҳалатына турақлы халық саны – 51,3 мың адам.

Шегаралас районлар – Нөкис қаласы, Қарөзек, Қанлыкөл, Кегейли, Хожели.

Район ҳәкими: Уснатдинов Омирбай Аманбаевич.

Мәнзил: 230900, Нөкис районы, “Дарсан” кɵшеси 32-жай.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Нɵкис_районы

Районлық Мәлимлеме-китапхана орайы

Мәлимлеме-китапхана орайы ҳәзирги ўақытта райондағы кәсип-өнер мектеби имаратында ўақтынша жайласқан ҳәм онда 19 хызметкер жумыс алып бармақта.

2021-жылдың усы күн халатында пайдаланыўшылар саны 9550, қатнас 31974 ҳәм китап айланысы 44970 ти қурайды.

Китапхана фонды 61837 дана соннан көркем əдебиятлар - 46926 дана, сиясий әдебиятлар – 3233 дана хәм басқа да китаплардан ибарат. Сондай-ақ, 80 дана дискетлер, 20 атамадағы газета-журналлар бар. Усы күнге шекем 145 дана QR-кодлы электрон китаплар ислеп шығылды.

Китапхана фондын буннан былай да байытыў мақсетинде китапхананың жыллық сметасына қойылған пулдан 2020-жылда 17 133 997 сўмға 704 дана китаплар сатып алынды. 2021-жылы бюджет есабынан 5 730 138,72 сўмға 453 атамадағы китаплар алынды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нɵкис қалалық бɵлиминиң баслығы Нуратдинов Қдырбай Абдуллаевичтиң туўылған күни.

Усы мүнәсибет пенен Қдырбай Абдуллаевичке беккем денсаўлық, руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын буннан былай да жетилистириў бағдарында алып барып атырған ийгиликли жумысларында талмас күш-жигер тилеймиз!

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими жәмәәти

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тɵрткүл_районы

Шөлкемлестирилген ўақты: 13-июль 1927-жыл.

Улыўма жер майданы: 7, 48 минг км2.

Қала типиндеги посйолкалар (киши қалалар) саны – 1.

Пуқаралар жыйынлары – 37.

2021-жылдың 1-ноябрь ҳалатына турақлы халық саны – 217, 7 мың адам.

Шегаралас районлар – Елликқала ҳәм Беруний районлары. Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятлары.

Район ҳәкими: Шамуратов Рустам Азатович

Мәнзил: 231400, Төрткүл районы, Төрткүл көшеси 53-жай

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тɵрткүл

Районлық Мәденият сарайы

Тɵрткүл районы орайындағы саўлатлы Мәденият сарайында 2019-жылы Район ҳәкимлиги тәрепинен 6 миллиард сўмлық капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Әйне пайытта Мәденият сарайында миллий ɵнерментшилик, музыка ҳәм кɵркем ɵнер бағдарындағы 20 дан аслам дɵгереклер ɵз жумысын алып бармақта.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq