"Шахтемир" жаслары
100 subscribers
2.97K photos
326 videos
49 files
1.39K links
Download Telegram
8. ЖЕТИ ӘЛЕМ:
1.Шығыс.
2.Батыс.
3.Түслик.
4.Арқа.
5.Аспан (жоқарғы әлем).
6.Жер (орта әлем).
7.Жер асты (төменги әлем).

9. ЖЕТИ БАСЛАЎШЫ:
1.Ақыл.
2.Талап.
3.Ой.
4.Кәсип.
5.Сабыр.
6.Минез.
7.Халық.

10. ЖЕТИ ҚЫМБАТ:
1.Ата. 2.Ана. 3.Бала. 4.Ата тегиң. 5.Туўысқан. 6.Жубайың. 7.Баспанаң.

11. ЖЕТИ ЫҚЛЫМ:
1.Индистан (Машын). 2.Түркстан (Туран).
3.Хорезм.
4.Орыс журты (славян). 5.Мәғриб.(батыс). 6.Мәшриб(Шығыс).
7.Урум (Киши Азия).

12. ЖЕТИ МҮШЕ:(Бастағы жети мүше): Еки қулақ, еки танаў, еки көз, аўыз.

13. ЖЕТИ ТЫЙЫМ:
1.Жарлының қасында байлығыңды айтып мақтанба;
2.Аўырыудың қасында дениңниң саўлығын айтпа;
3.Ҳәлсизге күшлилигиңди айтпа;
4.Сәтсизликке ушырағанның қасында, бахытлы екениңди айтып мақтанба;
5.Қамаққа түскен адамға азатлығыңды айтып мақтанба;
6.Баласыздың алдында, балларыңды айтып мақтанба;
7.Жетимниң алдында әке-шешеңди айтып мақтанба.

Жыйнастырған: Shahzoda Allamuratova

#Siz_bilesiz_be
#Juwap
#arxiv

Әзиз дослар, бизиң қарақалпақ халқының ҳәр бир сөзи, ҳәр бир нақылы, ҳәр бир мақалы алтын-зерге теңлес қунлы баҳалы. Буны бир ғана "атадан алтаў туўғанлар, жетеў болар өле-өле" мақалы мысалында - ақ гүўасы боламыз.
Демек, бул мақалдың мағызын шағатуғын болсақ халқымызда жети ата - баба, жети атаңды бил, жети атаңды таны деген сөз бар, қағыйда бар. Бул мақалдың да тийкары усы жерге барып тақалады:
1. Бел бала(перзент)
2. Ақлық
3. Шаўлық
4. Қуўлық
5. Баўлық
6. Тоқлық
7. Жатлық

Көрип турғаныңыздай, жетинши әўладқа келип жатласады яғный жети жат бийгана болады. Сондай - ақ, туўысқанлардың жатласыўы, узақласыўы. Мысалы: Алты ағайинли болса, олардың баллары, және олардың балларынан туўылғанлар ҳ.т. сөйтип жети атаға барғанда қандай жат болатуғынын билдиреди, туўылған сайын узақласып бара береди деген мәнисте.

Бизге өз жуўапларын, билимлерин, шамалаў версияларын жоллаған, бөлискен заманласларымызға аға-апаларымызға өз миннетдаршылығымызды билдиремиз!📖📚❤️

Нақылларың шағып көрсем мағыздан
Жуўабыйсаң зейин суўын ағызған
©И.Юсупов

С Жәлменова