Өмир сабақлары.
17K subscribers
7.29K photos
972 videos
9 files
569 links
@omir_sabaqlari

Байланыс ушын

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Download Telegram
#ҳикмет

Көпти көрген, қартайған бир кемпирден сорапты:
- Апа... сиз оғада аўыр турмыс кеширдиңиз, бирақ кеўлиңиз еле жас. Буның қандай сыры бар?
- Мен маған қылынған барлық жақсылықты жүрегиме, қандай жаманлық қылынған болса, суўға жаздым. Ондай қылмағанымда жүрегим толы тыртық болатуғын еди. Ҳәзир жүрегим жупар ийисли гүллер менен толы шәмензар!


@omir_sabaqlari
#Ҳикмет

Бес нәрсе бес нәрсе менен белгили болады:

- Терек мийўесинен;

- Ҳаялдың ким екени, күйеўи кәмбағал болғанда;

- Дос қыйиншылық ўақтында;

- Мөмин адам, оған бир мүсийбет жеткенде;

- Сақый адам, бир инсанның иси түскенде.


@omir_sabaqlari
#ҳикмет

Өмириңизде төрт түрли адамлар бар, сен оларды ҳеш умытпаўың керек:
1. Қыйыншылық ўақтында саған жәрдем берген адам.
2. Өзиң өзиңе исенбей турған ўақытта саған исенген адам.
3. Саған орнына ҳеш нәрсе талап етпей (Алла жолында ) жәрдем берген адам.
4. Өмириңниң жақсы тәрепке өзгериўине үлес қосқан адам.

@omir_sabaqlari
#ҳикмет

Қыз перзент - үйдиң безеги. Егер оларды шырайлы тәрбияласаңыз, олар өмирдиң зийнети, ең жақсы өмирлик жолдас, ең жақсы сүйениш ҳәм сизди жәннетке алып кириўге себепши болады

@omir_sabaqlari

https://t.me/omir_sabaqlari
#ҳикмет

Қәте менен гүнаны адастырмаң!

Биреўдиң кеўлин аўыртыў қәте емес, зыян жеткериў!

Бир инсан ҳаққында анық билмей турып басқаларға гәп тарқатыў қәте емес, ғыйбат!

Биреўдиң өмири менен ойнаў қәте емес, нәмәртлик!

Тоқтамастан өтирик сөйлеў қәте емес, исенимди сындырыў!

Ата-анаға бақырыў қәте емес, нәшүкирлик!

Инсандағы бар пазыйлетлердиң үстинен күлиў қәте емес, жарлылық!
#ҳикмет

Ҳаял адам ийе болған нәрселер ишиндеги ең уллысы – ийбе. Егер ол тартып алынса, оның қәдир-қымбаты қалмайды.

@omir_sabaqlari
#ҳикмет

Ҳаял адам ийе болған нәрселер ишиндеги ең уллысы – ийбе. Егер ол тартып алынса, оның қәдир-қымбаты қалмайды.

@omir_sabaqlar
#ҳикмет

Ҳаял адам ийе болған нәрселер ишиндеги ең уллысы – ийбе. Егер ол тартып алынса, оның қәдир-қымбаты қалмайды.

@omir_sabaqlari
@omir_sabaqlari

#ҳикмет

Турмысыңда төрт түрли адамлар бар, сен оларды ҳеш умытпаўың керек:
1. Қыйыншылық ўақтында саған жәрдем берген киси.
2. Өзиңе өзиң исенбей турғанда саған исенген киси.
3. Саған өз мәписиз (Алла жолында ) жәрдем берген киси.
4. Турмысыңның жақсы тәрепке өзгериўине үлес қосқан киси.
#ҲИКМЕТ

Ашық жүзли адам — жүзегөйлик сыяқлы кемшиликтен жырақ болады…
Ашық жүзинен, жыллы сөзинен халайыққа қуўаныш, адамгершилиги менен кеўиллерге ардақлы; инсаныйлық пенен жанларға жағымлы.
Одан дос-душпан қәтиржам.
Бундай инсан өмиринен берекет тапқай.

©️АЛИШЕР НАЎАЙЫ

@omir_sabaqlari
@omir_sabagi