Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.32K subscribers
9.1K photos
867 videos
10 files
972 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
#Хушхабар Жорий йилнинг 24-25-26-апрель кунлари Ўзбекистонда хизмат кўрсатган артист, Ўзбекистон доирачилари жамоат бирлашмаси раиси, "Меҳнат шухрати" ордени соҳиби, Ўзбекистон Давлат санъат ва маданият институти "Чолғу ижрочилиги ва мусиқа назарияси" кафедраси…
#Өзбекстан_улыўма_үйимиз
#Дослық_фестивалы

34-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти.

Бул дослық фестивальда республикамыздағы миллий-мәдений орайлар, өнерментлер, сондай-ақ, мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасында, түрли миллетлердиң өзине тән миллий саз аспаблары, миллий дәстүрлери сәўлеленген қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелери шөлкемлестирилди.

Илажға Қарақалпақстан Респбуликасы Жоқарғы Кеңеси Комитети баслығы Т.Романов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураныйлар» қоры баслығы Т.Абдижапбаровлар катнасып, олар өз сөзинде, елимизде барлық миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылғанлығы, қыйлы миллетлер арасында өз ара мийрим-шәпәәтти буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
Мектеп оқыўшылары арасында китапқумарлықты раўажландырыў И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов шығармаларын тереңирек үйрениў, жаслардың дөретиўшилигин қоллап қуўатлаў, сөйлеў мәдениятын жетилистириў мақсетинде «Ибрайым Юсупов избасарлары» ҳәм «Тѳлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы шөлкемлестирилди.

Таңлаўды Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов ашып берди ҳәм қарақалпақ әдебиятының қос байтереклери болған Т.Қайпбергенов ҳәм И.Юсуповлардың өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында айтып өтти.

Таңлаў жуўмағында сыйлы III орынды 9-санлы мектеби оқыўшысы Ш.Қадирова, 28-санлы мектеби оқыўшысы А.Маденбаева ҳәм 30-санлы мектеби оқыўшысы Ш.Абуова, сыйлы II орынды 25-санлы мектеби оқыўшысы Н.Еркинбаева, 6-санлы мектеби оқыўшысы Н.Ибраймовалар ийелеген болса, таңлаўдың улыўма жеңимпазы пайтахтымыздағы 31-санлы мектеби оқыўшысы Г.Полатбаева ийелеп Республика басқышына жоллама алды.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
“МЕН ДЕ ӘСКЕР БОЛАМАН” ТАҢЛАЎНЫҢ НӨКИС ҚАЛАЛЫҚ БАСҚЫШЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ.

💥 “Ўатан уллы, миннет муқәддес” идеясы тийкарында жасларда әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олар қәлбинде миллий руўх, миллий ар-намыс, ана Ўатанға садықлық сыяқлы ағла пазыйлетлерди сиңдириў, сондай-ақ, халық ҳәм Ўатанға садықлық пенен хызмет ететуғын ғайратлы жасларды тәрбиялаў, олардың мәнаўий-руўхый таярлығын асырыў мақсетинде “МЕН ДЕ ӘСКЕР БОЛАМАН” атамасында таңлаўының Нөкис қалалық басқышы болып өтти.

💥 Таңлаў жуўмағында өз теңлеслери арасында өзиниң шаққанлығы ҳәм епшиллиги менен 12-санлы мектеп оқыўшысы Серик Турдыбаев III орын, 9-санлы мектеп оқыўшысы Қоблан Кеңесбаев II орын ҳәм 43-санлы мектеп оқыўшысы Зиятдинов Қалмурза I орын жеңимпазлары деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq