Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.31K subscribers
9.16K photos
872 videos
10 files
979 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Нɵкис_районы

Районлық Мәлимлеме-китапхана орайы

Мәлимлеме-китапхана орайы ҳәзирги ўақытта райондағы кәсип-өнер мектеби имаратында ўақтынша жайласқан ҳәм онда 19 хызметкер жумыс алып бармақта.

2021-жылдың усы күн халатында пайдаланыўшылар саны 9550, қатнас 31974 ҳәм китап айланысы 44970 ти қурайды.

Китапхана фонды 61837 дана соннан көркем əдебиятлар - 46926 дана, сиясий әдебиятлар – 3233 дана хәм басқа да китаплардан ибарат. Сондай-ақ, 80 дана дискетлер, 20 атамадағы газета-журналлар бар. Усы күнге шекем 145 дана QR-кодлы электрон китаплар ислеп шығылды.

Китапхана фондын буннан былай да байытыў мақсетинде китапхананың жыллық сметасына қойылған пулдан 2020-жылда 17 133 997 сўмға 704 дана китаплар сатып алынды. 2021-жылы бюджет есабынан 5 730 138,72 сўмға 453 атамадағы китаплар алынды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq