Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.33K subscribers
8.8K photos
861 videos
10 files
954 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Тɵрткүл_районы

Шөлкемлестирилген ўақты: 13-июль 1927-жыл.

Улыўма жер майданы: 7, 48 минг км2.

Қала типиндеги посйолкалар (киши қалалар) саны – 1.

Пуқаралар жыйынлары – 37.

2021-жылдың 1-ноябрь ҳалатына турақлы халық саны – 217, 7 мың адам.

Шегаралас районлар – Елликқала ҳәм Беруний районлары. Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятлары.

Район ҳәкими: Шамуратов Рустам Азатович

Мәнзил: 231400, Төрткүл районы, Төрткүл көшеси 53-жай

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тɵрткүл

Районлық Мәденият сарайы

Тɵрткүл районы орайындағы саўлатлы Мәденият сарайында 2019-жылы Район ҳәкимлиги тәрепинен 6 миллиард сўмлық капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Әйне пайытта Мәденият сарайында миллий ɵнерментшилик, музыка ҳәм кɵркем ɵнер бағдарындағы 20 дан аслам дɵгереклер ɵз жумысын алып бармақта.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Ɵмир қысқа, мәнзил узақ,
Жыллар бизден кетер жырақ.
Мәңги қосық киби жаңлап,
Есер жайхун самаллары.

И.Юсупов

Мәденият сарайында жайласқан Ɵзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти Атажан Худайшукуров атындағы музей.

Атажан Худайшукуров 1944-1994-жылларда жасап, дɵретиўшилик еткен. Ол ɵз дɵретиўшилиги, бүлбилзибаны менен кең танылған тулға болып табылады. Кɵркем ɵнер ғайраткериниң аты тек ғана елимизде емес, ал пүткил Орайлық Азияда белгили болып табылады.

Сиз тамашалап турған музей экспозия залынан дɵретиўшиниң ɵмири ҳәм дɵретиўшилигине байланыслы кɵплеген экспонатларға орын ажыратылған.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Мәденият сарайында жайласқан Атажан Худайшукуров атындағы ҳәм Кɵзи әззилер китапханасы.

Китапханаларда китапқумарлар ушын барлық шараятлар жаратылған болып, олардың жәми фонды 5000 данаға шамалас.


✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тɵрткүл

Районлық Ишки ислер бɵлиминиң “Мәнаўият ханасы”

Усы жылдың май айында Ɵзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы арасында “Бирге ислесиў ҳәм келешектеги ўазыйпалар” бағдары бойынша қол қойылған меморандумға тийкар Районлық ишки ислер бɵлиминде “Мәнаўият ханасы” шɵлкемлестирилди.

Мәнаўият ханасы ɵз ишине “Ўанасүйиўшилик” ҳәм “Китапхана” мүйешлерин қамтып алады. Китапханада ҳәзирги ўақытта 150 ге шамалас китаплар бар болып, алдағы ўақытта китаплар фонды буннан былай да байытылып барылады.

Усы орында быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен ɵткерилген “Ең жақсы руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ханасы” таңлаўында Районлық ишки ислер бɵлиминиң сыйлы биринши орынды ийелегенин атап ɵтиў орынлы.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq