Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.33K subscribers
9.04K photos
865 videos
10 files
969 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Қанлыкөл

Жаңа ояныў дәўирине қарай баратырған елимизде жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық руўхта тарбиялаў, олардың заманагөй илимлерди ийелеген кәмил инсанлар болып жетисиўинде китаплардың тутқан орны айрықша. Себеби китапларды оқыў, үйрениў арқалы жасларымыз халқымыздың ɵтмишин, тарийхын уйренип, келешегине туўры жол табады.

Қанлыкɵл районындағы 1-санлы улыўмабилим бериў мектебинде Республика руўхыйлық ҳǝм ағартыў орайы Қанлыкɵл районлық бɵлими ҳǝм районлық халық билимлендириў бɵлими менен биргеликте «Ушинши ренессансқа мениң улесим» сүрени менен китаплар акциясы шɵлкемлестирилди.

Акция даўамында оқыўшылар ҳǝм оның ата-аналары ɵзлерин қызықтырған китапларды сатып алып, мектепке ҳǝм перзентлерине китаплар саўға етти.

Республика руўхыйлық ҳǝм ағартыў орайы
Қанлыкɵл районлық бɵлими


Каналға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қанлыкөл

Қанлыкɵл районлық 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шɵлкеминде 15 май «Халықаралық шаңарақ кўни» мүнәсибети менен «Үлгили шаңарақ» атамасында мектепке шекемги билимлендириў шɵлкеми хызметкерлери арасында жарыс шɵлкемлестирилди.

Жарысқа шɵлкем тǝрбияшылары шаңарақ ағзалары менен қатнасып, төрешилер тәрепинен олардың шаққанлығы, тапқырлығы ҳǝм билими сыннан ɵткерилди.

Таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен тийкарынан шаңарақларда ушырасатуғын түрли машқалалар сәўлеленген сахна кɵринислери таярланды.

Жарыс соңында жеңимпазлар анықланып, естелик саўғалары менен сыйлықланды

Республика руўхыйлық ҳǝм ағартыў орайы
Қанлыкɵл районлық бɵлими


Бөлимниң рәсмий каналына ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қанлыкөл

Сыртқы жазыўлар – мәкемелердиң айнасы

Мәкемелерде ис жүргизиў ҳүжжетлери, сыртқы жазыўлары, реклама ҳәм дағазалары, көргизбели хабарландырыў текстлеринде «Мәмлекетлик тил ҳаққында» ҳәм «Реклама ҳаққында»ғы Нызам ҳүжжетлерине әмел етиў менен бирге қәте-кемшиликлерге де жол қойыў жағдайлары ушыраспақта. 👇👇👇
#Қанлыкөл_районы

“Дослық” мәкан пуқаралар жыйынындағы Мәденият орайында "Халық Конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай" сүрени астында "Мәнаўият фестивалы" басланды.

Фестивалға Ташкент қаласынан келген белгили илим докторлары менен көркем өнер хызметкерлери ҳәм жергиликли халық қатнасты.
#Қанлыкөл_районы

Үгит-нәсият илажы райондағы “Мәденият” мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан “Нураныйлар мәсканы”нда даўам етти.

Бул жерде улыўма орта билим бериў мектеплериндеги дөретиўши мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар менен кем тәмийнленген шаңарақ перзентлери менен ушырасылып, оларға арналған саўғаларды инам етти.

Өз гезегинде дөретиўши оқыўшылар мийманларға өзлериниң миллий қосықларынан атқарып берди. Илажда нураныйлар да мийманларға қарақалпақ ала мойнақ дуўтарында йошлы намалардан атқарды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq