Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.3K subscribers
9.32K photos
878 videos
10 files
1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Мәрипат_күнлери
#Жаңа_турмыс_ушын_Жаңа_Өзбекстан_ушын

🔰Тақыятас районы 7-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен “Мәдет-илимде,  мәдет-тәрбияда,  мәдет-билимде” идеясы тийкарында “Мәрипат күнлери” жойбары шеңберинде руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.

🔰Бул илажға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан мийманлары келип, жоқары дәрежеде күтип алынды.Келген мийманлар илажда шөлкемлестирилген көргизбелер, өткерилип атырған таңлаўлар ҳәм де спорт жарысларын тамаша  етти.


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
       👉👉
@QR_Ruwxiyliq 👈👈
#Мәрипат_күнлери
#Үш_әўлад_ушырасыўы

«Мәрипат күнлери» жойбары шеңберинде 7-санлы Балалар музика ҳәм көркем-өнер мектеби мәжлислер залында Илим-пән, мәденият ҳәм көркем-өнер тараўындағы көрнекли ўәкиллери менен “Үш әўлад ушырасыўы” шөлкемлестирилди.

Ушырасыў кешесине Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы баслығы Mинхожиддин Ҳожиматов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен халық артисти Тамара Дошимова, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Татлымурат Атамуратов, Қарақалпақстан Халық шайыры Рустам Мусурмон ҳәм Қорғаныў Министрлиги жанындағы жәмәәтшилик Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси Гүмисай Палўаниязова мийманда болып, ҳәзирги Жаңа Өзбекстанда жаңаланып атырған мәмлекетимиздиң өзгерислери, ҳәр бир инсанның, әсиресе жас әўладты ўатанға болған сезимлерин еледе беккемлеў, олардың қәлбинде шүкираналық сезимлерин пайда етиў бойынша үгит-нәсият сөзлерин айтып өтти.

Ушырасыў кешеси даўамында нуранийлеримиз келешегимиз ийелери болған жасларға өзлериниң өмир жолын айтып берип, тәрбиялық үгит-нәсият илажлары алып барып, Қарақалпақстан Республикасынан келген қосықшыларымыз ҳәм 7-санлы Балалар музика ҳәм көркем-өнер мектеби, Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт дәстүри менен кешемиз еледе қызықлы даўам етти.


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
       👉👉
@QR_Ruwxiyliq 👈👈