Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.3K subscribers
9.32K photos
878 videos
10 files
1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Мәнаўият_фестивалы
#Нөкис_қаласы

Пайтахтымыз
Нөкис қаласында Фестиваль шеңбериндеги руўхый-ағартыўшылық илажлар даўам етпекте.

Бүгин дөретиўшилик топар ағзалары Қарақалпақстан Республикасындағы ең ири ҳәм абырайлы оқыў орынларынан бири – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, оқыў дәргайының оқытыўшы ҳәм студентлери менен ушырасып, өз дөретиўшилик үлгилери менен жыйналғанларға руўхый заўық бағышлады.

Ушырасыўда қарақалпақ миллий ойынлары өз сәўлелениўин таўып, келген мийманлар ҳәм студентлер қатнасында “Қазан”, “Қоразлар урысы”, “Арқан тартыс” ҳәм “Ләңки” ойынлары бойынша топарлық беллесиўлер шөлкемлестирилди.

Миллий ойынларда жеңимпаз болған топарлар ҳәм онда белсене қатнасқанлар Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары ҳәм спорт қураллары менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Мәнаўият_фестивалы
#Нөкис_қаласы

Дөретиўши топар ағзалары Нөкис қаласы “Ақ жағыс” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы қәнигелесирилген мектебинде болып, жергиликли халық қатнасында руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Нөкис_қаласы

“Туран” мәкан пуқаралар жыйынында өткерилген руўхый-ағартыўшылық илаждан көринислер.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Нөкис_қаласы

Бүгин Нөкис қаласына бириктирилген дөретиўшилик топар ағзалары “Меҳир мүриўбет ҳәм сақаўат” жойбары шеңберинде “Шығыс” мәкан пуқаралар жыйынындағы Республикалық онкологиялық диспансеринде болды.

Онда мийманлар диспансерде емленип атырған пуқаралардың ҳалынан хабар алып, оларға жоқары кейпият бағышлаў мақсетинде өз дөретиўшилик үлгилерин бөлисти ҳәм наўқасларға шыпа тилеп, естелик саўғалар тапсырды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Онлайн
#Нөкис_қаласы

Əйне пайытта Нөкис қаласы “Қумбыз аўыл” Мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Əжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты имаратында Ташкент қаласынан келген үгит-нәсиятшылар тәрепинен аймақ турғынлары менен ушырасыў шөлкемлестирилмекте.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Нөкис_қаласы

Үгит-нәсиятшылар топары тәрепинен Нөкис қаласындағы “Имзо” заманагөй есик ҳәм терезелер ислеп шығарыў кәрханасына саяхат етилди.

Мийманлар кәрхана жумысы менен кеңнен танысып, онда ислеўши хызметкерлерге ҳармасынын айтты. Шын-кеўилден сәўбетлесип, жумысларында буннан былай да табыслар тиледи.

Мағлыўмат орнында: Германия, Түркия ҳәм Итиалия сыяқлы ислеп шығарыўшылардың заманагөй техникалары орнатылған кәрхананың ислеп шығарыў майданы 8230 м2 ты қурайды. Онда 265 жумыс орны жаратылған.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Онлайн
#Нөкис_қаласы

Мәдений-әдебий, руўхый-ағартыўшылық бағдардағы ушырасыў илажы даўам етпекте.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Нөкис_қаласы
#Онлайн

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзалары күнниң екинши ярымындағы үгит-нәсият илажларын “Алланияз Қаҳарман” мәкан пуқарлар жыйынынан баслады.
Əйне пайытта усы аймақтағы 8-санлы улыўма ота билим бериў мектебинде пуқаралар менен ушырасыў болып өтпекте.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_қаласы
#Онлайн

Ташкентли мийманларға 8-санлы мектептиң талантлы бақсы оқыўшылары тәрепинен “Қарақалпақта” қосығы атқарып берилди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq