Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.3K subscribers
9.32K photos
878 videos
10 files
1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Тақыятас_районы

Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы

Мәлимлеме-китапхана орайы ҳәзирги ўақытта район орайындағы "Орайлық" МПЖ аймағындағы Мақтымқулы көшеси 3-жайда жайласқан болып, онда 17 хызметкер жумыс алып бармақта.

2021-жылдың сентябрь айы ҳалатында пайдаланыўшылар саны 9922, қатнас 18760 ҳәм китап айланысы 72 453 ти қурайды.

Китапхана фонды 85 750 дана соннан көркем əдебиятлар - 68021 дана, сиясий әдебиятлар – 4459 дана хәм басқа да китаплардан ибарат. Сондай-ақ, 80 дана дискетлер, 14атамадағы газета 3 атамада журналлар бар. Усы күнге шекем 128 дана QR-кодлы электрон китаплар ислеп шығылды.

Китапхана фондын буннан былай да байытыў мақсетинде китапхананың жыллық сметасына қойылған пулдан 2020-жылда 8 000 000 сўмға 114 атамадағы 270 дана китаплар сатып алынды. 2021-жылы бюджет есабынан 5 000 000 сўмға 52 атамадағы 167 дана китап китаплар алынды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тақыятас_районы
#Халық_конституциясы_менен_халықшыл_мәмлекет_қарай

Илаж даўамында келген мыйманлар Жаңа Конституцияның бүгинги күнде мәмлекетимиздиң бәрше тараўларда тез пәт пенен раўажланып, үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын, мәмлекетимиздеги бәрше нызам ҳәм қарарлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып, оны жаңа өзгерислер менен толықтырылған яғный елимиздиң, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин еледе беккемлеўши нормалар менен Конституцияға өзгерислер киритилип атырғанлығын түсиндирип өтти.

Илажда келген мыйманлар, районлық Мәденият бөлими ҳәм 7-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң сәзенделери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районлық бөлими👇👇👇
https://t.me/maripatnuri
#Тақыятас_районы

Республикалық үгит-нәсиятшылар топары ағзалары райондағы "Taқыятас"  мәҳәлле пуқаралар жыйынындағы 2-санлы шаңарақ балалар үйи болған Ғанийевлар шаңарағы ҳалынан хабар алды.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районлық бөлими
#Тақыятас_районы

Тақыятас районына бириктирилген үгит-нәсиятшылар районымыздағы ХББне қараслы 4-санлы улыўма билим бериў мектеби жанындағы музейге саяхат шөлкемлестирилди.

Саяхат даўамында музейдеги миллий ата-бабаларымыздан мийрас қалған миллий буйымлар менен танысты.

Музейдеги қарақалпақ қара үйи ҳәм де миллий буйымлар қонақларда өзгеше тәсир қалдырды.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районлық бөлими
Forwarded from Тақыятас районы
#Тақыятас_районы
#Жаслар_айлығы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслар_мәмлекети


🔰  30-июнь- "Жаслар куни" мүнәсибети менен "Жаңа Өзбекстан жаслар мәмлекети" ураны астында  руўхый-ағартыўшылық илажы 7-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде "Маьрифат" үгит-нәсиятшылары  мийманлары күтип алынды.

🔰Келген мийманлар илажда шөлкемлестирилген "Миллий қәдириятлар" көргизбелерин тамаша  етип ҳәм де дуўтаршы қызлар атқарыўындағы қосықларын тыңлады.


Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Forwarded from Тақыятас районы
#Тақыятас_районы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслар_мәмлекети

🔰30-июнь «Жаслар күни»не арналған «Жаңа Өзбекстан жаслар мәмлекети» ураны астындағы илажы Тақыятас районында  даўам етпекте.

🔰Күнниң екинши ярымында «Инсан қәдири ҳәм меҳир-мүриўбет» илажы өткерилип, бунда кем тәмийинленген, майыплығы бар жаслар үйинен хабар алынып, жағдайлары менен жақыннан танысып, олардың кеўиллерин көтериў мақсетинде «Маърифат» үгит-нәсиятшылары ағзалары көтеринки тилеклерин билдирип, саўғалар тапсырды.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тақыятас районы бөлими👇👇👇
https://t.me/maripatnuri
Forwarded from Тақыятас районы
#Тақыятас_районы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслар_мәмлекети

🔰Бүгинги «Жаңа Өзбекстан жаслар мәмлекети» ураны астындағы илаждың кейинги мәнзили Тақыятас районы "Айдын жол" балалар дем алыў орайы болды.

🔰Бул жерде «Маърифат» үгит-нәсиятшылары ағзалары дем алып атырған балалар менен сәўбетлесип, олар ушын концерт дәстүрин шөлкемлестирип берди.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тақыятас районы бөлими👇👇👇
https://t.me/maripatnuri