Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.32K subscribers
9.1K photos
867 videos
10 files
972 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығы белгиленбекте.

Пайтахтымызда байрам мүнәсибети менен өткерилип атырған ушырасыў қатнасыўшылары онлайн видеобайланыс арқалы Ташкент қаласында шөлкемлестирилген Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығына бағышланған байрам илажында қатнаспақта.

Ҳүрметли Президентимиз уллы Жеңистиң 76 жыллығы ҳәмде еслеў ҳәм қәдирлеў мүнәсибети менен халқымызды қутлықлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Президентимиз ҳәм халқымызды байрам менен қутлықлады. Елимизде урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларына ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Президентимиздиң усы жыл 20-апрельдеги «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт арты мийнет ветеранларын хошаметлеў мақсетинде республикамыздың барлық қала ҳәм районларында қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жаңалықлар 24 | Итибар ҳәм ғамхорлық-инсаныйлық миннет
#9-may
#uzbekiston24

Қараөзекли екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат ата Алланиязовқа Президент қутлықлаўы оқып еситтирилип, баҳалы саўғалар тапсырылды.

Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Еслеў бар екен - миллет жасайды | Минҳожиддин Мирзо - Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы
#9-may
#uzbekiston24

Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты «Имам ийшан Мухаммад» жомеси мешити тәрепинен “Шаңарақ - бахыт үйи, оны өкпе гийне менен бузып алмаң!” атамасындағы видеоролик усынылды.

Ондағы роллерди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры вокал артистлери Қарақалпақстан халық артисти С.Даўлетова, К.Алланазаров, А.Назарымбетов, М.Мамбетмуратова, Н.Қуўатова, М.Кенжаев ҳәм жас актёр Əдил атқарған.

Дәрек: театрдың мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Халық шайыры Толыбай Кабуловтың туўылған күни. Ол арамызда болғанында бүгин 82 жасқа толған болар еди.

Толыбай Қабулов 1939-жылдың 10-май сәнесинде Қараөзек районы Қарабуға аўылында дүньяға келди.
#Архив_сүўрет

Халық шайыры Толыбай Қабуловтың үй китапханасында шаңарақ ағзалары менен түскен сүўрети.

Фото-сүўрет 1992-жылы тусирилген.

Сүўретте: Өмирлик жолдасы, Өзбекстан халық муғәллими Рысгул Уснатдинова ҳәм
қызы Миясар Қабулова.

Толыбай аға Қабуловдың үй китапханасы усы күнге шекем сақланып тур. Сиз де Халық шайырының үй китапханасына барып көриўиңизге болады.

Республика Руўҳыйлық ҳǝм ағартыў орайы Қанлыкɵл районлық бɵлими

Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай

Китаплар акциясы даўам етпекте

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Шымбай районлық бөлиминиң басламасы менен райондағы 20-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Үшинши ренессанска мениң үлесим!" сүрени астында китаплар акциясы болып өтти.

Акцияда ата-аналар, исбилерменлер хәм басқа да келешекке үлесимде қосаман, деген белсенди пуқаралар қатнасып, мектеп китапханасына әдебий китаплар саўға етти.

Ресбуплика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы
Шымбай районлық бөлими


Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Баспасөз

"Руўхыйлық - жәмийетимиздиң тийкарғы күши"

Байрам Палўаниязов

Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районлық бөлиминиң баслығы

Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
Бир қосық тарийхы

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы Кегейли районлық бѳлими басламасы менен райондағы «Бахытлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Екинши жер жүзилик урыста Ўатан ушын қаза болған жаўынгер жерлеслеримиздиӊ мәртлик мийнетлерин мәнгилестириў тийкарында қурылған естелик алдында мәдений илаж шѳлкемлестирилди.

Бул естелик Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеӊистиӊ 30 жыллығына бағышланып, 1975-жылы қурылған. Естеликтиӊ ашылыў салтанатына уллы шайырымыз И.Юсупов қатнасып «Халқабадтан қанша адам келмеди» атамасында дѳрелген қосығын биринши мәрте усы естелик алдында оқыған.

Илаж қатнасыўшылары, аймақ Нураный ақсақаллары естеликтиӊ ашылыў салтанаты, уллы шайырдыӊ усы қосықты оқыған ўақтағы кеширген кеўил кеширмелери ҳаққында жасларға кеӊ түсиндирип берди.

Ресбуплика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Кегейли районлық бөлими

Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
Бүгин 15-май "Халқаралық шаңарақ күни" мүнəсибети менен жасларды шаңарақлық өмирге таярлаў, саламат шаңарақ, саламат жəмийет концептуаль идеасы тийкарында келешек əўладты тəрбиялаў мақсетинде Тақыятас районы ПҲАЖ бөлиминде оқыўшы жаслар ортасында үгит-нəсият жумыслары алып барылды.

Ɵткерилген илажда Тақыятас районы ПҲАЖ бөлими баслығы Ж.Ташимова ҳəм инспекторы Г.Сейтимбетова, Ɵзбекстан "Миллий тикланиш" демократик партияси районлық Кеңеси баслығы З.Таджихожаева, Республика Руўхыйлық ҳəм ағартыў орайы Тақыятас районы бөлими жетекши қəнигеси Г.Реймова, ХББне қараслы 2-санлы мектептиң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Д.Жумаханова, 2-санлы ҳəм 3-санлы мектептиң Дөретиўши-мəдений жумыслары бойынша үгит-нəсиятшылары Т.Шамекова, Г.Ниязова ҳəм де оқыўшы қызлар қатнасты.

Илаж даўамында оқыўшы қызлар ПҲАЖ бөлими турмысы менен жақыннан танысып, өзлерин қызықтырған мағлыўматларғаийе болды.

Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq