Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.31K subscribers
9.42K photos
882 videos
10 files
1.01K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Шымбай

Китаплар акциясы даўам етпекте

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Шымбай районлық бөлиминиң басламасы менен райондағы 20-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Үшинши ренессанска мениң үлесим!" сүрени астында китаплар акциясы болып өтти.

Акцияда ата-аналар, исбилерменлер хәм басқа да келешекке үлесимде қосаман, деген белсенди пуқаралар қатнасып, мектеп китапханасына әдебий китаплар саўға етти.

Ресбуплика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы
Шымбай районлық бөлими

Каналымызға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Онлайн
#Шымбай_районы
#Камалак_20_жаста

Әйне пайытта Шымбай районында "Жаслар жаңа Өзбекстан келешеги" атамасындағы гала концерт болып өтпекте.

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы алдынан Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мектеп жәмәәти қатнасында «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.

Онда ғәрезсизлик жылларында көп миллетли Өзбекстан халқы аўыр ҳәм машақатлы сынақларды мәрдана жеңип өтип, үлкен раўажланыў жолына қарай беккем қәдем менен аўызбиршиликте тыныш-татыў жасап, пидайы мийнет етип, барлық қыйыншылықлардан мүнәсип өтип киятырған халқымыздың инсаныйлық қәдир-қымбатының артып атырғанлығы, сондай-ақ, раўажланыўдың улыўма жаңа басқышына қәдем қойғанымыз, ерисилип атырған салмақлы жетискенликлеримиз ҳаққында кең тоқталып өтилди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы алдынан Шымбай районы ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде район орайында жайласқан «Sarmat» ресторанында районлық Көзи әззилер жәмийети ағзаларына байрам дәстурханы жайылды.

Онда район ҳәкиминиң орынбасары А.Сулайманов шығып сɵйлеп, жвйналғанларды Ɵзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрам менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң жыйналғанлар нәзерине районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы усынылды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай

Шымбай районлық 45-санлы мектепте Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими Жаслар аўқамы жергиликли Кеңеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға сүрилген "Бес әҳмийетли баслама"ныӊ 4-басламасы болған жасларымыздың китапқумарлық мәдениятын арттырыў мақсетинде китапқумар оқыўшы жаслар қатнасында илаж шөлкеслестирилди.

Илажда жаслар арасында ҳәр жылы өткерилип киятырған «Жас китапқумар» республикалық таңлаўының әҳмийети ҳәм оған жоқары дәрежеде таярлық көриў бойынша кең түрде айтып өтилди. Илаж соңында белсенди жасларға әдебий китаплар саўға етилди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай

Райондағы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде билимлендириў тараўында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған мәжилис болып өтти.

Онда Орайдың Шымбай районлық бөлими баслығы Қ.Мамбеткаримов, Ишки ислер бөлиминиң Жас өспиримлер мәселелери бойынша аға инспекторы К.Бердибаев, Халық билимлендириў бөлими баслығы Э.Мамбеткаримова, район ҳәкиминиң бас қәнигеси М.Бердимуратов ҳәм басқалар қатнасты.

Мәжилисте 2021-жылдың 9 айы даўамында тараўда әмелге асырылған жумыслар көрип шығылып, ерисилген жетискенликлер менен биргеликте жол қойылған кемшиликлер бойынша да тоқталып ɵтилди.

Сондай-ақ, жасларымызды миллий қәдириятларымыз тийкарында ўатансүйиўшилик ҳәм дɵретиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған әҳмийетли мәселелер бойынша жыйналғанлардың пикир ҳәм усыныслары тыңланып, алдағы ўақытта ислениўи лазым болған жумыслар белгилеп алынды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай

Районлық Мәлимлеме-китапхана орайына 10 млн сўмлық 300 дана әдебий китаплар саўға етилди.

Районлық Мәлимлеме китапхана орайында «ИНФОЛИБ-2021» миллий мәлимлеме китапхана ҳәптелиги шеңберинде «Үшинши Ренессанқа мениң үлесим!» сүрени астында китаплар акциясы болып өтти.

Акцияда Шымбай районы ҳәкимлиги жанында дүзилген "Жаслар фонды" есабынан районлық Мәлимлеме-китапхана орайына 10 млн сўмлық 300 дана әдебий китаплар саўға етилди.

Жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм олардың илимий пикирлеў, дүнья қарасын кеңейтиў, тарийх, бүгин ҳәм ертеңги келешек ҳаққында терең ойлаўына түртки болатуғын түрли жанрдағы китапларды саўға етиў үлкен ийгиликли ислерден бири болды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай_районы

Район аймағындағы «Көнши» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Академиялық лицейде мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў мақсетине қаратылған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Онда районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Қ.Мамбеткаримов ҳәм аймақтағы бирге ислесиўши мәкемелердиң баслықлары және аймақ турғынлары қатнасты.

Илаж даўамында раўажланыў стратегиясында жети бағдар бойынша қойылған мақсетлер, оның халқымыз турмысында ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўындағы әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. Сондай-ақ, халқымыз арасында миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларды кең ен жайдырыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша да түсиниклер берилип, аймақ турғынларының пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Мәнаўият_фестивалы
#Шымбай_қаласы

Мәнаўият фестивалы шеңберинде Шымбай районында шөлкемлестирилип атырған руўхый-ағартыўшылық илажлардан көринис.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай_районы

«Гүлистан» МПЖ аймағындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажы болып өтти.

Илажда Республикалық үгит-нәсиятшылар топары ағзалары Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң профессоры Д.Бобожонова ҳәм доцент Д.Муитов, эстрада қосықшысы Ш.Шодиевлар мийманда болды.

Илажда сөзге шықканлар, бүгинги күнде мәмлекетимизде ҳәр бир тараўда раўажланыўлар, үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын, елимиздеги барлық нызам ҳәм қарарлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин буннан былай да беккемлеўши нормалар жаңа Конституцияға жойбарына киргизилип атырғанлығын түсиндирип өтти.

Илаж соңында эстрада қосықшысы Ш.Шодиев ҳәм районлық Мәденият бөлими хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай_районы

«Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажы болып өтти.

Онда Республикалық үгит-нәсиятшылар топары ағзалары - педогогика илимлериниң докторы, профессор М.Қуронов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты профессоры С.Тўйчиева, белгили эстрада қосықшысы М.Бердиевлар мийманда болды.

Атап өтилгениндей, жаңаланып атырған жаңа Конституция жойбары буннан былайда мәмлекетимиз пуқараларының нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға, халқымыздың абадан турмыста жасаўына хызмет етеди. Шығып сөйлеўшилер усы тақылетте ҳәр бир бап ҳәм бөлимлердеги әҳмийетли өзгерислер ҳаққында кеңнен түсиник берип өтти.

Илаж соңында эстрада қосықшысы  М.Бердиев ҳәм районлық Мәденият бөлими хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай_районы

Республикалық үгит-нәсиятшылар топары ағзалары райондағы «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ ҳалынан хабар алды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаӊалықлар_бағдарламасы
#Шымбай_районы

Шымбай районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!” сүрени тийкарында “Мәҳәлледе дуў-дуў гәп” атамасында өткерилген мәдений-ағартыўшылық үгит-нәсият илажлары ҳаққында.

➡️ Bizdi sociallıq tarmaqtan baqlap barıń 👇
✏️ Respublikalıq bólimniń rásmiy kanalı @QR_Ruwxiyliq