Өмир сабақлары.
17.2K subscribers
7.27K photos
970 videos
8 files
568 links
@omir_sabaqlari

Байланыс ушын

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Download Telegram
Гүман – өз көзиң менен көргеннен жаман. Реаллықтың шегарасы бар, бирақ қыялдың шеги жоқ.

@omir_sabaqlari
Ең исенимли адамды көргиң келсе - айнаға қара.
Себеби сен жылағанда ол ҳешқашан күлмейди...🌸
@omir_sabaqlari
Жан - түсиниксиз нәрсе. Қайда орналасқанын ҳешким билмейди,
бирақ гейде қатты аўырады.


@omir_sabaqlari
Audio
🎵 Дилбарым
🎤 Бахадыр Разымбетов
Сениң бул өмирде бар екенлигиң мен ушын ең уллы бахыт❤️

@omir_sabaqlari
АССАЛАМУ АЛЕЙКУМ!

ЖАҢА ТАҢ, ЖАҢА КҮН МҮБӘРЕК ӘЗИЗЛЕР!

КҮНИҢИЗ ҚАЙЫРЛЫ ҲӘМ БЕРЕКЕТЛИ БОЛСЫН!

@omir_sabaqlari
#ҳикмет

Инсанның Аллаҳ таалаға деген муҳаббатының белгиси үш пазыйлетинен билинеди:

1. Теңиз сыяқлы қолы ашықлығынан;

2. Қуяшқа уқсаған мийрим-шәпәәтлилигинен;

3. Жер сыяқлы кишипейиллигинен.

Баязид Бистамий раҳимаҳуллаҳ


paziylet.uz
"ӘКЕҢ КИЯТЫР!.."

Перзент ушын ўақты таўсылмайтуғын ең мықлы антивирус - ол анасы. Еркек - дүздиң адамы. Сонлықтан бала көбинесе анасына жақын болып өседи. Бала көп нәрсени өзи улыўмаластырып, шешим қабыллай алмағанлықтан, барлық исте анасының айтқанына жүгинеди. Анасы жақсы көретуғын адамларды ериксиз түрде ол да жақсы көреди. Анасы биреўге өкпелеп қалса, баланың жүрегинде де сол адамға деген ренжиў пайда болады.

*
Егер ҳаял үйинде отырып күйеўин жаманлай беретуғын болса ямаса балаларының көзинше оған ҳүрмет көрсетпесе, ертең балалары да тап сондай әкесин сыйламайтуғын болады. Оның сөзин зорға тыңлап, адам қурлы көрмейди.

Ал ақыллы ҳаял
🍃 "Әкең киятыр!"
🍃 "Ҳәзир әкең келеди!"
🍃 "Әкең ренжийди"
🍃 "Әкеңнен сора"

деген сөзлерди жийи-жийи айтыў арқалы бала санасына әкеге деген өз алдына ҳүрмет пенен сыйласықтың урығын егеди.

Бүгин әкесинен қаймығып, керек гезде оның көз-қарас, қабағынан тайсалып өскен бала ертең жәмийетке опалы, жас-үлкенди сыйлайтуғын тәрбиялы, салмақлы болып өседи ҳәм өзге биреўге емес, ең алды менен, өз әкесине еликлейтуғын болады!

Демек, бул - перзент тәрбиясындағы ең пайдалы тәсирлердиң бири.
ЕКИ АДАМДЫ ЖАРАСТЫРЫЎ ПАЗЫЙЛЕТИ

Имам Термизий рəўияты.

Инсанлар арасында қапаласыўлар, келиспеўшиликлер, түсинбеўшиликлер себебинен өкпелесиўлер ҳəр заманда болып турады. Соны дүзетиў, еки қапаласқан достын жарастырып қойыўдың саўабы соншелли үлкен екен ҳəттеки қыйналып тутылған нəпил ораза, намаз, садақа қылыўдан да саўабы үлкен болады екен. Əтирапымыздағы қапаласқанларды жарастырып бундай үлкен саўапларды қолға киритиўге асығыў керек.
Paziylet каналынан

@omir_sabaqlari
Paziylet kanalinan
Бүгин ислеген жақсылығың - ертең бахыт болып қайтып келеди.

@omir_sabaqlari
Арқадан сөйлейтуғынлар ҳардайым табылады, өйткени биз олардан алдындамыз.

@omir_sabaqlari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Келиншегин жүдә ҳүрметлейтуғын жигит😁
#қысқа

Шофёр сигарет тутатты ҳәм қанша жанылғы қалғанын билиў ушын машина багине үңилди. Марҳум не бары 23 жаста еди.

Ҳикметлер дәптеринен.