Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.32K subscribers
9.1K photos
867 videos
10 files
972 links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Халық_шайыры_менен_ушырасыў

Нөкис қаласы 47-санлы қәнигелестирилген мектепте Қарақалпақстан Республикасының көркем-әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир басылымы – «Әмиўдәрья» журналының редакторы, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров пенен дөретиўшилик ушырасыў болып өтти.

Онда мектеп жǝмǝǝти, соның ишинде оқытыўшылар менен талантлы оқыўшылар қатнасты.

Атап өтилгениндей, Халық шайыры Х.Даўлетназаровтың усы кнге шекем еки жүзден аслам қосықларына нама жазылған. Ол сондай-ақ, көплеген поэзиялық топламлардың авторы.

Ушырасыў даўамында шайыр оқыўшыларға өзиниң балалығы ҳәм жаслығы ҳаққында сөз етип, дөретиўшилик үлгилеринен оқып берди ҳǝм өз гезегинде оқыўшылар шайырдың қосық ҳәм поэмаларынан үзиндилер усынды.

Ушырасыў оқытыўшы ҳәм оқыўшылар тәрепинен берилген қызғын сораў-жуўаплар менен даўам етти. Муҳаббат ҳәм ар-намыс жыршысы, қыссахан ҳәм шайыр менен болған ушырасыў оқыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.

Сәрбиназ Мусатдинова
#Қоңырат_районы
#Халық конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай

Буннан соң күнниң екинши ярымында  үгит-насият топар ағзалары балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде болып «Халық конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсиятлаў илажын даўам еттирди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz
#Қарақалпақстан
#Халық_Конституциясы_менен_халықшыл_мәмлекетке_қарай

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийети тәрепинен белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, жазыўшы-шайырлардан ибарат дөретиўшилер қатнасындағы үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

Бүгинги илажлар топарларға бөлинген ҳалда Нөкис қаласы, Беруний, Елликқала, Төрткүл, Бозатаў, Қараөзек ҳәм Шымбай районларында алып барылады.

Үгит-нәсият илажлары даўамында халықтың кең қатламы менен әмелий, мәдений ҳәм әдебий ушырасыўлар шөлкемлестирлип, кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алынады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қарақалпақстан
#Халық_Конституциясы_менен_халықшыл_мәмлекетке_қарай

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийети тәрепинен белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, жазыўшы-шайырлардан ибарат дөретиўшилер қатнасындағы үгит-нәсият илажлары бүгин де даўам етеди.

Бүгинги илажлар топарларға бөлинген ҳалда Хожели, Тақыятас, Қанлыкөл, Шоманай ҳәм Нөкис районларында алып барылады.

Үгит-нәсият илажлары даўамында халықтың кең қатламы менен әмелий, мәдений ҳәм әдебий ушырасыўлар шөлкемлестирлип, кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алынады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Тақыятас_районы
#Халық_конституциясы_менен_халықшыл_мәмлекет_қарай

Илаж даўамында келген мыйманлар Жаңа Конституцияның бүгинги күнде мәмлекетимиздиң бәрше тараўларда тез пәт пенен раўажланып, үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын, мәмлекетимиздеги бәрше нызам ҳәм қарарлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып, оны жаңа өзгерислер менен толықтырылған яғный елимиздиң, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин еледе беккемлеўши нормалар менен Конституцияға өзгерислер киритилип атырғанлығын түсиндирип өтти.

Илажда келген мыйманлар, районлық Мәденият бөлими ҳәм 7-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң сәзенделери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районлық бөлими👇👇👇
https://t.me/maripatnuri
#Халық_шайырлары

ҚОСЫҚ ДЕП АТАЛМЫШ КӨШТИҢ БАСЫНДА

(Ел сыйлаған шайыр Халила аға Даўлетназаровтың 70 жыллық тойына)

Кеўли ҳақ, көп болды сүйип жазары,
Сөз бағынан тергенлери мазалы,
Бәршеге мийирман, жоқдүр ҳазары,
Устаз Халил шайыр жетпис жасында.

Халқабат тәрепте өтип балалық,
Дуз буйырып болып кеткен қалалық,
Несип еткен шын шайырлық, даналық,
Халқы сүйген шайыр жетпис жасында.

Тилинде ҳасыл сөз "Бисмилла", "Әлҳам",
Турғансоң, кеўлинде тасып тур илҳәм,
Қабарған кеўилге сөз таўып мәлҳам
Халқын сүйген шайыр жетпис жасында.

Артта қалып, жаслық дәўир белеси,
Тапландырған, татлы өмир гүреси,
Қосықларда, елиў пайыз үлеси,
Қудай қосқан сәўер яры қасында,

Дийдарласып талай бәҳәр, гүз бенен,
Талай устаз жүрип өткен из бенен,
Киятыр, мәрдана жарық жүз бенен,
Қосық деп аталмыш көштиң басында.

Раўаж ОТАРБАЕВ
03.11.2023


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
#Халық_ҳәм_армия_бир_тән_бир_жан

«Жаңа турмыс ушын, Жаңа Ѳзбекстан ушын!» сүрени астында ѳткерилип атырған мәдений ағартыўшылық илажлары, бүгин райондағы «Жаңабазар» аўыл пуқаралары жыйынындағы 16-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Ѳзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәм 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни мүнасибети менен "Халық ҳәм армия - бир тән, бир жан!" атамасында даўам етти.

Илаж даўамында бир қатар әскерий спорт беллесиўлери, Қураллы Күшлер тараўындағы реформалар, жасларды әскерий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарындағы баянатлар ҳәм мектептиң талантлы оқыўшыларының атқарыўындағы қосықлар, кѳргизбели шығыўлар болып ѳтти.

➡️ Bizdi sociallıq tarmaqtan baqlap barıń 👇
✏️ Respublikalıq bólimniń rásmiy kanalı @QR_Ruwxiyliqi
Forwarded from ZIYA NURÍ
#халық_ушын

Халық ийгилиги жолында узақ жыллар бир лаўазымда.

Шылманов Жаңабай Палымович – 12 жыл даўамында ( 1991-2002 жыллар) ҚР ИИМ министри лаўазымында ислеген. II дәрежели "Шон шараф", " Мехнат шухрати" орденлери ҳәм жәнеде 15тен аслам орден, медаллар менен сыйлықланған. Ардақлы нураный, ИИМ нураный хызметкери.


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм
Forwarded from ZIYA NURÍ
#халық_ушын

Халық ийгилиги жолында узақ жыллар бир лаўазымда.

Мухамметдинов Нажиматдин - 13 жыл даўамында ( 1986 - 1999 жыллар) Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри лаўазымында ислеген. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген искусство ғайраткери.
Қарақалпақстан Республикасы Гимни музыкасы авторы.

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм