Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.3K subscribers
9.32K photos
878 videos
10 files
1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
#Хушхабар Жорий йилнинг 24-25-26-апрель кунлари Ўзбекистонда хизмат кўрсатган артист, Ўзбекистон доирачилари жамоат бирлашмаси раиси, "Меҳнат шухрати" ордени соҳиби, Ўзбекистон Давлат санъат ва маданият институти "Чолғу ижрочилиги ва мусиқа назарияси" кафедраси…
#Өзбекстан_улыўма_үйимиз
#Дослық_фестивалы

34-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти.

Бул дослық фестивальда республикамыздағы миллий-мәдений орайлар, өнерментлер, сондай-ақ, мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасында, түрли миллетлердиң өзине тән миллий саз аспаблары, миллий дәстүрлери сәўлеленген қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелери шөлкемлестирилди.

Илажға Қарақалпақстан Респбуликасы Жоқарғы Кеңеси Комитети баслығы Т.Романов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураныйлар» қоры баслығы Т.Абдижапбаровлар катнасып, олар өз сөзинде, елимизде барлық миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылғанлығы, қыйлы миллетлер арасында өз ара мийрим-шәпәәтти буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
#Дослық_фестивалы

ӨЗБЕКСТАН- УЛЫЎМА ҮЙИМИЗ

Қоңырат районындағы 1-санлы Кәсип-өнер мектебинде «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти.

🔰 Фестивальда билим дәргайы жәмәәти ҳәм оқыўшы жаслар қатнасыўында түрли миллетлердиң өзине тән миллий саз әспаблары, сондай-ақ, миллий ойынлар, миллий үрп-әдет, дәстүрлери сәўлеленген қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелери шөлкемлестирилди.

Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Ж.Өсербаев сөзге шығып, елимизде барлық миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылғанлығы, миллетлер арасында өз- ара мийрим-шәпәәтти буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Әлбетте бундай илажлар көп миллетли халқымыздың аўызбиршилигин, бир-биреўге ҳүрмет-иззет туўғыларын беккемлеўи менен де әҳмийетли.


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq