Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.3K subscribers
9.32K photos
878 videos
10 files
1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Өзбекстан_улыўма_үйимиз

Тақыятас районлық Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде район ҳәкимлиги ҳәм тийисли мәкемелер менен биргеликте халқымыз арасында миллетлераралық татыўлықты ҳәм кеңпейилликти раўажландырыў мақсетинде "Ѳзбекстан -
улыўма үйимиз" атамасындағы руўхый-ағартыўшылық кешеси болып өтти. 👇👇👇
#Өзбекстан_улыўма_үйимиз

Нөкис қаласы 27-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде “Қүдиретимиз дослығымызда” сүрени астында ҳәр түрли миллетлерден ибарат жаслар арасында елимизге белгили шайыр, жазыўшылар менен ушырасыў кешеси өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Жазыўшылар аўқамының ағзалары Ә.ϴтепбергенов, Ж.Нуруллаев, Қарақалпақстан Мусулманлар қазиятының қазы жәрдемшиси Т.Досымбетова, Нөкис қаласы ХББ қәнигеси Ғ.Уралбаева, ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигеси Б. Айымбетова ҳәм Х. Незаматовлар қатнасты.

Илажда жыйналғанларға елимизде жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң үрп-әдетлери, қол өнери үлгилери сәўлеленген көгизбелер ҳәм концерт бағдарламалары инам етилди.

Белсене қатнасқанлар Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Өзбекстан_улыўма_үйимиз

Бүгин Тахтакөпир районлық Мәденият бөлиминде «16-ноябрь – миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик күни» алдынан диний-ағартыўшылық ҳәм кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық, келешек жасларымызды миллий үрп-әдетлеримиз тийкарында тәрбиялаўға бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.
👇👇👇
Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
#Хушхабар Жорий йилнинг 24-25-26-апрель кунлари Ўзбекистонда хизмат кўрсатган артист, Ўзбекистон доирачилари жамоат бирлашмаси раиси, "Меҳнат шухрати" ордени соҳиби, Ўзбекистон Давлат санъат ва маданият институти "Чолғу ижрочилиги ва мусиқа назарияси" кафедраси…
#Өзбекстан_улыўма_үйимиз
#Дослық_фестивалы

34-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Өзбекстанулыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти.

Бул дослық фестивальда республикамыздағы миллий-мәдений орайлар, өнерментлер, сондай-ақ, мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасында, түрли миллетлердиң өзине тән миллий саз аспаблары, миллий дәстүрлери сәўлеленген қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелери шөлкемлестирилди.

Илажға Қарақалпақстан Респбуликасы Жоқарғы Кеңеси Комитети баслығы Т.Романов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураныйлар» қоры баслығы Т.Абдижапбаровлар катнасып, олар өз сөзинде, елимизде барлық миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылғанлығы, қыйлы миллетлер арасында өз ара мийрим-шәпәәтти буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq